International journal of word art


Download 342.6 Kb.
Pdf ko'rish
bet8/13
Sana24.12.2022
Hajmi342.6 Kb.
#1055351
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
3325-Текст статьи-6739-1-10-20211102

Ключевые слова: Эпос, дастан, поэма, эпическое поэзия, эпический сюжет, эпический 
герой (персонаж), лиризм, драматическое изображение. 
 
Көркем әдебиятта жаңа жанрлардың туўылыўы ҳәм қәлиплесиўи тосыннан емес. Олар 
ишки ҳәм сыртқы тәсирдиң нәтийжесинде пайда болатуғын жаңа қубылыс есапланады. ХХ 
әсир қарақалпақ әдебиятында прозаның очерк, гүрриң, повесть, роман усаған жаңа жанрлық 
түрлери сыяқлы поэма жанры да, 1930-жыллары пайда болып, қәлиплесиў дәўирлерин 
бастан кеширди. Лекин, поэма жанрының келип шығыў тарийхы халық эпосларына барып 
тақалатуғыны илимпазлар тәрепинен илимде дәлилленген. Мысалы, қарақалпақ әдебияты 
тарийхы бойынша алып барған изертлеўлерде «поэма» терминин дәслепки мәрте көрнекли 
илимпаз Н.Дәўқараевтың мийнетлеринде ушыратамыз. Ол қарақалпақ халқының эпослық 
шығармаларын шығысы, мазмуны, қурылысы, ондағы социаллық-жәмийетлик мәселелердиң, 
қаҳарманлар өмириниң сүўретлениўине қарай: 1. Батырлық жырлар. 2. «Дәстанлар», деп еки 
топарға бөлип көрсетеди ҳәм «Қоблан», «Алпамыс», «Қырыққыз» сыяқлы қарақалпақ халық 
дәстанларын «батырлық жырға киретуғын» поэмалар сыпатында атап өтеди [6:185-213]. 
Фольклорлық терминлер сөзлигин дүзиўши илимпазлар С.Ахметов ҳәм С.Баҳадыровалар 
тәрепинен де халық эпослары поэма термини менен аталады. Мәселен, «поэманың үлкен бир 
түри дәстанлар болып табылады. Биздеги «Қырық қыз», «Алпамыс»лар поэманың талабына 
жуўап береди ҳәм сыпаты жағынан қаҳарманлық поэмалар деп аталыўы мүмкин»[3:74]. 
Халық эпослары менен бирге классик шайырлардың кең эпикалық сюжетлерге қурылған 
«Амангелди», «Ерназар бий», «Айдос бий», «Ақмақ патша» сыяқлы поэзиялық шығармалар 
да «поэма» термини менен жүритилсе де, Бердақ шайырға тийисли бул поэмалар шайыр 
дөретиўшилиги бойынша арнаўлы изертлеў жумысларын алып барған әдебиятшы 
Ә.Пахратдинов тәрепинен «дәстан»[11:140-247] – деп аталды. Классик шайырлардың кең 
эпикалық сюжетлерге қурылған дөретпелерин, мысалы, XYIII әсирдеги қарақалпақ 
классикалық әдебиятының белгили ўәкили Жийен Аманлық улының «Посқан ел» ҳәм «Уллы 
таў» шығармаларын базы изертлеўлерде «поэма»[8:69], айырымларында «дәстан»[12:8-9], 
тағы басқаларында «толғаў»[14:61] термини менен аталғанлығын гүзетемиз. Әлбетте, кең 
эпикалық 
сюжетке 
қурылған 
халық 
эпослары 
менен 
классик 
шайырлардың 
шығармаларының биресе поэма, биресе дәстан, биресе толғаў атамасында аталыўы, бул жанр 
шығармаларының синтетикалық характерге ийе екенлигинен дәрек береди. Лекин, 
изертлеўшилер аты аталған жанр дөретпелерине теориялық сыпатлама бериўде олардың 
ишки ҳәм сыртқы нызамлылықларына терең итибар бермегенлиги байқалады. 
Әдебияттаныў атамалары сөзлигинде: «Поэма (грек сөзи болып, дөретиў, дөретиўшилик 
мәнисинде). Қосыққа түсирилген лиро-эпикалық жанр. Поэмада турмыс шынлығы эпикалық 
ўақыяларға лирикалық қаҳарманлардың қатнаслары арқалы қосық үлгисинде ашылады. 
Соның менен бирге, эпикалық прозаға салыстырғанда поэмада сюжеттиң ықшам болыўы, 
эмоциональ, тәсиршең моментлердиң, кескин драмалық жағдайлардың жийи-жийи ҳәм 
күтилмегенде ушырасып отырыўы әҳмийетли орын тутады»[4:166] – деген илимий-
теориялық пикирлер тек ғана фольклорлық ҳәм классикалық әдебият шығармаларына емес, 
ал, жаңа дәўирде дөретилген лиро-эпикалық шығармаларға да тийисли екенлигин көрсетеди.
Өзбек әдебиятында эпикалық поэзиясының раўажланыў тарийхын изертлеген 
Б.Валиходжаев «эпикалық поэзия тарийхый жақтан формасы ҳәм тематикасы өзгериске 



Download 342.6 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling