International journal of word art
СЎЗ САНЪАТИ ХАЛҚАРО ЖУРНАЛИ | МЕЖДУНАРОДНЫЙ ЖУРНАЛ ИСКУССТВО СЛОВА | INTERNATIONAL JOURNAL OF WORD ART
Download 342.6 Kb. Pdf ko'rish
|
3325-Текст статьи-6739-1-10-20211102
СЎЗ САНЪАТИ ХАЛҚАРО ЖУРНАЛИ | МЕЖДУНАРОДНЫЙ ЖУРНАЛ ИСКУССТВО СЛОВА | INTERNATIONAL JOURNAL OF WORD ART
№2 | 2020 180 ушырап, жаңаланып барды ҳәм өзбек классикалық поэзиясында алдыңғы поэтикалық жанрлардан бири болды»[5:59-60], – деп атап өткен болса, биз де өз изертлеўимизде ХХ әсирдиң дәслепки шерегинде қарақалпақ әдебиятында жаңа жанрлық түр сыпатында пайда болған «поэма»ның дереклерин ертедеги халық эпослары менен XIX әсирдеги қарақалпақ классик шайырларының дәстанлық шығармаларынан излестириў орынлы деп есаплаймыз. Эпикалық поэзияның композициясында ўақыялар эпикалық шығармалардағыдай өзиниң басланыўына, раўажланыўына ҳәм шешимине ийе болып отырмайды. Онда әдебий қаҳарманлардың образы ҳәм характери, бири-бирине болған мүнәсебети шайырдың кеўил- кеширмелери арқалы сүўретленеди. Яғный, эпикалық поэзияда объектив эпикалық характер лирикалық қаҳарманның субъектив ишки сезимлери арқалы көркем сәўлеленип, лиризм айрықша орынды ийелейди. Демек, «...адамзаттың ишки сезимлери ҳәм қарым-қатнаслары, сиясий-жәмийетлик ҳәдийселер, философиялық изленислер – ҳәммеси эпикалық поэзияның формасына сиңдириледи»[13:3]. Әлбетте, XX әсир қарақалпақ әдебиятында эпикалық поэзияның пайда болыўында XIX әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басында қәлем тербеген Сыдық Тоқпан улы, Әбдиқәдир Бекимбет улы, Жаңабай Қаратай улы, Қудайберген Жебеген улы, Қазақбай Хожанияз улы сыяқлы шайырлардың сюжетли қосықлары белгили орын ийеледи. Соңынан бундай жанрдағы шығармалар халық шайырлары А.Муўсаев, С.Мәжитов, А.Дабылов, С.Нурымбетовлардың дөретиўшилигинде өз көринисин таўып отырды. ХХ әсирдиң дәслепки шерегинде қәлем тербеген халық шайырлары жәмийетте жүз берип атырған жаңа өзгерислерге болған көзқарасларын көркемлик пенен сәўлелендириўде лирика жанрының мүмкиншиликлеринен кеңнен пайдаланды. Нәтийжеде, дәўир ўақыяларын халыққа тез жеткерип бериўде лирикалық косықлар менен бирге эпикалық поэзия белгили хызмет атқарды. 1930-жылларға келип, лирикалық ҳәм эпикалық элементлердиң синтезинен киши ҳәм үлкен көлемдеги эпикалық қосықлар ҳәм поэмалар пайда бола баслады. Бул ҳақкында белгили поэзия изертлеўшиси С.Ахметов былайынша пикир билдиреди: «30- жыллардағы қарақалпақ совет әдебиятының (XX әсирдеги әдебият нәзерде тутылады – С.Ш.) раўажланыўындағы бир характерли белги – онда поэманың пайда болыўы ҳәм тезлик пенен раўажланыўы деўге болады»[1:57]. Әлбетте, XX әсирдиң 1930-жыллары әдебиятымыз тарийхында «поэма»ның пайда болыўында аўызеки ҳәм классикалық әдебиятымыздағы «толғаў» ҳәм «дәстан» жанрлары менен бирге әсиримиз басларында халық арасынан жыйналған бай аўызеки дөретпелер ҳәм классикалық әдебиятқа тийисли материаллар, сондай-ақ, рус ҳәм басқа туўысқан халықлардың шығармаларының қарақалпақ тилине аўдарылыўы әҳмийетли дерек хызметин атқарды. Ҳәтте, 1930-жыллары қарақалпақ әдебиятына «поэма» атамасы да толық кирип келди. Бул дәўирге шекем эпикалық поэзия үлгилери, көбирек, дәстан, толғаў, шежире, тарийхый жыр деген атамалар менен аталды. 1930-жыллардан кейин поэмаларға илимий- теориялық сыпатламалар берилип, оның жанрлық өзгешеликлери ҳәр қыйлы аспектлерде изертлене баслады. Изертлеўши Қ.Султанов поэма «жаңа жанр сыпатында қарақалпақ поэзиясында 1920-жылға дейинги дәўирде қәлиплести»[15:4] деген орынлы пикир билдирген болса да, 1930-жылға шекем көркем сөз шеберлери (айырым поэмаларды есапқа алмағанда) шын мәнисиндеги поэмалар дөретип, халыққа толық усына алмады. Яғный, қарақалпақ әдебиятына жаңадан келип қосылған И.Фазылов, Т.Сейтмамутов, Ж.Аймурзаев, Қ.Ерманов, А.Бегимов, М.Дәрибаев сыяқлы шайырлардың поэмаларының көпшилиги, тийкарынан, эпикалық поэзия үлгисине ийе болып, көркемлиги оғада төмен болды. Буның себеби, бириншиден, олар поэма жанрының мүмкиншиликлерин, талапларын, теориялық негизлерин дәслепки ўақытларда толық өзлестире алмаған болса, екиншиден, бул дәўирдеги шайырлардың көпшилиги жас болып, жазыў шеберлиги жетиспеди. Сонлықтан да, ХХ әсирдиң дәслепки шерегиндеги қарақалпақ поэмалары бойынша изертлеў алып барған Ә.Насруллаев жоқарыда аты аталған жас талант ийелериниң поэзиялық шығармаларын, «қосық формасы бойынша толғаўға, ал мазмуны бойынша поэмаға жақын, бирақ көркемлик күши жағынан бираз төмен турады»[9:31] деп орынлы сынға алады. Деген менен, 1920- |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling