Жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша ҲӘрекетлер стратегиясы


Юридикалық жәрдем ҳәм хызмет көрсетиў системасын жетилистириў


Download 112.5 Kb.
bet4/10
Sana30.04.2023
Hajmi112.5 Kb.
#1402723
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
(ПП № 4947 07.02.2017)

2.6. Юридикалық жәрдем ҳәм хызмет көрсетиў системасын жетилистириў:
мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў шөлкемлериниң юридикалық хызмети искерлиги нәтийжелилигин асырыў;
адвокатура институтын раўажландырыў, жынаят, пуқаралық, басқарыў ҳәм хожалық жумысларын көрип шығыўда адвокат орнын асырыў;
нотариат ҳәм ФҲДЁ шөлкемлери системасын реформалаў.
III. Экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыўдың тийкарғы бағдарлары
3.1. Макроэкономикалық турақлылықты және де беккемлеў ҳәм экономикалық өсиў пәтлерин сақлап қалыў:
қабыл етилген орта мүддетли бағдарламалар тийкарында макроэкономикалық тең салмақлылықты сақлаў, структуралық ҳәм институционал өзгертиўлерди тереңлестириў есабына жалпы ишки өнимниң жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў;
қәрежетлердиң социал бағдарланғанлығын сақланған ҳалда Мәмлекет бюджетиниң барлық көлемлеринде тең салмақлылықты сақлаў, жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлегин беккемлеўге бағдарланған бюджетлар аралық қатнасықларды жетилистириў;
алдыңғы халық аралық тәжирийбеге муўапық инструментлерден пайдаланыў есабына пул-кредит сиясатын және де жетилистириў, миллий валютаның ҳәм ишки базардағы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў;
еркин конвертацияны тәмийинлейтуғын валютаға тийисли қатнасықларды тәртипке салыў, миллий валюта курсын қәлиплестириўде заманагөй базар механизмлерди енгизиў;
салық жүгин кемейтиў ҳәм салыққа тартыў системасын әпиўайыластырыў жолын даўам етиў, салық органларын жетилистириў ҳәм хошаметлеўдиң тийисли илажларын кеңейтиў;
банк системасын реформалаў, банклер депозит базасының капитализациясын тереңлестириў ҳәм турақлылығын асырыў, олардың финанслық турақлылығын ҳәм исенимлилигин беккемлеў, перспективалы инвестицион жойбарлар ҳәм де киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин кредитлестириўди және де кеңейтиў;
жаңа түрлердеги қамсызландырыў, лизинг ҳәм басқа финанслық хызметлердиң есабына олардың көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын асырыў, капиталды тартыў ҳәм де кәрхана, финанслық институтлар ҳәм халықтың еркин ресурсларын жайластырыўдағы алтернатив дерек ретинде фонд базарын раўажландырыў;
халық аралық экономикалық шерикликти раўажландырыў, сондай-ақ жетекши халық аралық ҳәм шет ел финанслық институтлар менен байланысларды кеңейтиў жолы менен, пуқта ойланған сыртқы қарызлар сиясатын әмелге асырыўын даўам етиў, тартылған шет ел инвестициялар ҳәм кредитлерден нәтийжели пайдаланыў;
3.2. Структуралық өзгертиўлерди тереңлестириў, миллий экономиканың жетекши тармақларын модернизация ҳәм диферсификациялаў есабына оның бәсекиге шыдамлылығын асырыў:
миллий экономиканың пропорционаллығы ҳәм турақлылығын тәмийинлеў, оның қурамында санаат, хызметлер көрсетиў тараўы, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик үлесин көбейтиў;
ислеп шығарыўды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық тәрептен жаңалаў, ислеп шығарыў, транспорт-коммуникация және социал инфрадүзилмедеги жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған актив инвестиция сиясатын апарыў;
санаатты жоқары технологиялы қайта ислеў тармақларын, бәринен бурын, жергиликли шийки зат өним ресурсларын терең қайта ислеў тийкарында жоқары қосымша қундағы таяр өним ислеп шығарыў бойынша жедел раўажландырыўға қаратылған сапа тәрепинен жаңа басқышқа өткериў арқалы және де модернизация ҳәм диверсификациялаў;
экономика тармақлары ушын нәтийжели бәсекиге шыдамлы орталықты қәлиплестириў ҳәм де өнимлер ҳәм хызметлер көрсетиў базарларында монополияны басқышма басқыш кемейтиў;
принципиал тәрептен жаңа өним ҳәм технологиялар түрлерин шығарыўды өзлестириў, буған тийкарынан ишки ҳәм сыртқы базарларда миллий товарлардың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў;
ислеп шығарыў жергиликлилестириўди хошаметлеў сиясатын даўам етиў ҳәм де бәринен бурын тутыныў товарлар ҳәм бутловчи буйымлар импортының орнын басыў, тармақлар аралық санаат кооперациясын кеңейтиў;
экономиканың энергия ҳәм ресурс сарпын кемейтиў, өндириске энергия тежейтуғын технологияларды кең енгизиў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, экономика тармақларында мийнет өнимлилигин асырыў;
еркин экономикалық зоналар, технопарклер ҳәм киши санаат зоналарды шөлкемлестириў, әмелдеги зоналардың нәтийжелилигин асырыў;
хызметлер көрсетиў саласын жедел раўажландырыў, жалпы ишки өнимди қәлиплестириўде хызметлер роли ҳәм үлесин асырыў, көрсетилип атырған хызметлердиң структурасын бәринен бурын хызметлердиң заманагөй жоқары технологиялық түрлери есабына түптен өзгертиў;
экспорт искерлигин либералластырыў ҳәм әпиўайыластырыў, экспорттың структурасы ҳәм географиясын диверсификациялаў, экономика тармақлары ҳәм аймақлардың экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм жөнелтириў;
жол-транспорт инфрадүзилмесин және де раўажландырыў, экономика, социал тараўға, басқарыў системасына информацион-коммуникацион технологияларды енгизиў;

Download 112.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling