Жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша ҲӘрекетлер стратегиясы


Ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың комплекс ҳәм тең салмақлылықлы социаллық-экономикалық раўажландырыў, олардың потенциалынан нәтийжели ҳәм оптимал пайдаланыў


Download 112.5 Kb.
bet6/10
Sana30.04.2023
Hajmi112.5 Kb.
#1402723
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
(ПП № 4947 07.02.2017)

3.5. Ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың комплекс ҳәм тең салмақлылықлы социаллық-экономикалық раўажландырыў, олардың потенциалынан нәтийжели ҳәм оптимал пайдаланыў:
социал-экономикалық жедел раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм дәраматларын асырыў ушын ҳәр бир аймақтың тәбиий, минерал ҳәм шийки зат өним, санаат, аўыл хожалығы, туризм ҳәм мийнет потенциалынан комплекс ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;
аймақлар экономикасын модернизация ҳәм диверсификациялаў масштабларды кеңейтиў есабына аймақлардың социаллық-экономикалық раўажландырыў дәрежесиндеги айырмашылығын кемейтиў, бәринен бурын санаат ҳәм экспорт потенциалын өсириў жолы менен салыстырылған район ҳәм қалаларды жедел раўажландырыў;
жаңа санаат ислеп шығарыў ҳәм сервис орайларын шөлкемлестириў есабына қала типиндеги киши қалалар ҳәм қалашаларды актив раўажландырыў, ири хожалық бирлеспелердиң қаржыларын, банклердиң кредитлерин ҳәм жеке шет ел инвестицияларды тартыў;
субвенциялық район ҳәм қалаларды кемейтиў, санаат ҳәм хызметлер көрсетиў саласын жедел раўажландырыў есабына жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын кеңейтиў;
санаат ҳәм басқа ислеп шығарыў объектлерди жайластырыў ушын қолай шәрт-шәраятлар жаратыў, жеке исбилерменликти кең раўажландырыў ҳәм де халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў мақсетинде аймақлардың ислеп шығарыў, инженер-коммуникация және социал инфрадүзилмесин және де раўажландырыў ҳәм модернизациялаў;
3. 6. Туризм саласын раўажландырыў:
туризм тармағын жедел раўажландырыў, туризм саласын басқарыў системасын жетилистириў;
туризм саласында виза, лицензия бериў ҳәм рухсат алыў тәртип-дәстүрлерин әпиўайыластырыў;
шет ел инвестициялар, жәҳән брендлерин актив тартыў, туризм саласында бизнес жүргизиў ушын қолай шәрт-шәраятлар жаратыў;
жаңа туризм бағдарларын жаратыў, туризмниң заманагөй түрлерин раўажландырыў, олардың өзине тартымлығын асырыў.
IV. Социаллық тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары
4.1. Халықтың бәнтлиги ҳәм реал дәраматларын басқышпа-басқыш асырыў:
халықтың реал пул дәраматларын ҳәм сатып алыў қәбилетин асырыў, кем тәмийинленген шаңарақларды ҳәм халықтың дәраматлары бойынша парықланыў дәрежесин және де кемейтиў;
бюджет мәкемелери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсия, стипендия және социал напақалардың көлемин инфляция пәтлерине салыстырғанда жедел муғдарда басқышпа-басқыш асырыў;
жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм де халықтың, бәринен бурын, орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң ақылға сай бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет базары инфрасдүзилмесиниң пропорционаллығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў, жумыссызлық дәрежесин кемейтиў;
мийнетке қәбилетли халықтың мийнет ҳәм исбилерменлик активлигин толық әмелге асырыў ушын шәрт-шәраятлар жаратыў, жумысшы күши сапасын асырыў, жумысқа жайластырыўға мүтәж шахсларды кәсиплик таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў системасын кеңейтиў;

Download 112.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling