Жоба: Программалық тәмийнат архитектурасы. Предмет областының система архитектурасын проектлестириў
Download 33.29 Kb.
|
1-ЛЕКЦИЯ
- Bu sahifa navigatsiya:
- Таяныш сөзлер
- Программалық тәмийнат архитектурасы
- Предмет областының система архитектурасын проектлестириў.
2-ЛЕКЦИЯ. КИРИСИУ. ПРОГРАММАЛЫҚ ТӘМИЙНАТ АРХИТЕКТУРАСЫ. Жоба: 1. Программалық тәмийнат архитектурасы. 2. Предмет областының система архитектурасын проектлестириў. Таяныш сөзлер: Архитектура, инженерия, программалық тәмийнат архитектурасы, программалық тәмийнаттың проектли архитектурасы. Архитектура ҳәм инженерия бул инсан искерлиги түрлери сыпатында, ол компьютер технологиясы бар болмастан алдын бар еди. Алдын бул искерлик түрлерин проект жаратыў процессине арналған ямаса мүмкин болған объект прообразы, прототипи байланыстырып туратуғын еди. Басқаша айтқанда проектлестириў өз қурамына Архитектура ҳәм инженерия түсиниклерин алады ҳәм программалық тәмийнатты проектлестириў болса, мәселен биналарды проектлестириў түсинигинен кем парқыланады. Ақырғы он жыллық ишинде қурылыс архитектурасының раўажланыў тенденциясы проектлестирилип атырған объектлердиң максимал функционаллығы менен байланыслы. Программалық тәмийнатты архитектуралық проектлестириў усыған ухсас өзиниң мақсетине ийе. Программалық тәмийнат архитектурасы - бул сондай программалық тәмийнат системасын аңлатады, яғный ол системаны дүзиўши компоненталар, компоненталар арасындағы өз-ара байланысты ҳәм усы байланысты тәртиплестириўши қағыйдалар ҳаққында мағлыўмат береди ҳәм ол бундай система проектиниң эффектив ислеўи ушын арналған болады. Программалық тәмийнатты проектлестириў өз нәўбетинде мәселениң қойылыўын анализ қылыў тийкарында системаның қәсийетин ислеп шығыўды ҳәмде проектлестириўшиниң тәжрийбесин көзде тутады. Программалық тәмийнат архитектурасы – бул программалық тәмийнатты ислеп шығыў процессиниң нәтийжесин көрсетиўши артефакт. Программалық тәмийнат архитектурасының элементлери ҳәм оларды бириктириў моделлери проектлениўши система талапларын орынлаў ушын арналған. Программалық тәмийнат архитектурасының проектинде өнимдарлыққа болған функциональ ҳәм функциональ емес талаплар, шыдамлылық, кеңейиўшенлик, шыдамлылықты бийкар қылыў, өнимдарлық, қайта пайдаланыў имканиятлары ҳәмде исленип атырған программалық тәмийнаттың бийимлесиўшенлигине болған талаплар есапқа алыныўы керек. Программалық тәмийнаттың проектли архитектурасы, берилген программалық өним оған қойылатуғын талапларға қанша дәрежеде сәйкес келиўин тез анықлаўға имкан береди. Предмет областының проектлестириў архитектурасының мақсети төмендеги артефактлар болып есапланады: берилген предмет областына кириўши системалар семьясы архитектурасын ислеў; предмет областының моделин әмелге асырыў режасин дүзиў; предмет областының моделин әмелге асырыў. Предмет областының система архитектурасын проектлестириў. Программалық тәмийнат архитектурасы проектиниң қурамына төмендегилер киреди: элементлердиң тәриплениўи, яғный берилген система нелерден турыўы, бул элементлер арасындағы өз-ара тәсир схемасы, үлгилердиң (patterns) ҳүжжетлери, олар тийкарында олардың жайласыўы орынланады, ҳәмде бул үлгилерге тийисли болған дизим ҳәм қурамға болған шеклеўлер. Пуҳаралық ҳәм санаатқа тийисли қурылыста проекттиң тәрийпи архитектуралық –қурылыс сызылмалары ҳәм көлемли моделлер, ҳәмде қурылып атырған объектлер ҳәм оның қурылыс технологияларының текстли тәрийпи болып есапланады. Программалық тәмийнат характеристекасын иллюстрацияланған қураллар сыпатында аңлатыў, архитектуралық проектлестириўде ҳәр қыйлы шәртли жазба белгилерди – блок-схемалар, ER-диаграммасы, UML-диаграммасы, DFD-диаграммасы ҳәмде макетлер қолланылады. Ҳәр бир программалық тәмийнат подсистемасы оның компоненталары ҳәм олардың өз-ара тәсириниң жыйындысынан қуралған болып, усы шәртли белгилерди пайдаланыў арқалы проекттиң сәйкес бөлегинде анық тәрийпленген болыўы керек. Себеби бундай подсистема үлкенрек масштабтағы система ушын қурамлы элемент сыпатында киритилиўи мүмкин. Программалық тәмийнат архитектурасы проектинде усы қураллар жәрдеминде системаның үлкейтирилген бөлеклериниң анық берилген тәрийплерин өз ишине алады. Улыўма проектлестириў ҳәмде программалық тәмийнатты проектлестириў әмелий хызмет түри болып есапланады. Солай екен ҳәр қыйлы вариантлар ишинде, проектлестириў – бул тәбиятта жоқ болған затты жаратыў санааты, Программалық тәмийнат архитекторы (проектлестириўшиси) өз пикирине ҳәм проектлестириў санаатына ийе болыўы керек ҳәм ол проект қатнасыўшылары ҳәм буйыртпашыларға керек болаған программалық тәмийнатты қурыў ҳәм оны басқарыўға ҳәм системаның кейинги эволюциясында ислетиўге имкан береди. Download 33.29 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling