Кирисиў Теманың актуаллығы


Download 361 Kb.
bet4/7
Sana28.09.2023
Hajmi361 Kb.
#1689658
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Кдырниязов З. диссер.

Саклардың сиясий тарийхы. Саклардың парыслар менен урысы ҳәммеге белгили. Мәселен, бир қатар жазба дереклерде Персия патшасы Кирдиң, сак патшасы малика Тумарис пенен урысы жазылған. Саклар менен Ахеменийлер ўәкиллериниң басқада патшалары менен урысқан. Б.э.ш. 519-518 жыллары сакларға қарсы Дарий I патша жүрис жасайды. Антик дәўириниң авторларының бири Полиан, Дарий I патшаның көп санлы әскерлер менен саклардың жасап атырған Ўатанына бастырып киргенин жазады. Саклар жасаған, суўсыз шөлистанлықта Дарий I әскерлери шөллеп, аўыз суў табалмай қырылып қала жазлайды. Дарий I әскерлери жаўын болып аман сақланады. Бирақ улыўма алғанда, Дарий I патшаның сакларға қарсы жүриси сәтсизлик пенен тамамланады. Бирақ, узақ урыслардан соң, Дарий I патша әскерлериниң күши менен сак қәўимлерин бағындырады. Дарий I сакларды салық төлеўге ҳәм парыслар алып барған жүрислерине қатнасыўға көндиреди. Парсы әскерлериниң қурамына кирген саклар, Мыср ҳәм Грецияда алып, барған урысларға қатнасады. Фермафоль жанындағы саўашта саклар өз ерлиги менен көзге түседи. Ал, Палатся жанындағы грек-персия урысында ер жүрек саклар қаҳарманлық көрсетеди.
Саклардың сиясий тарийхынан және бир бети Александр Македонскийдиң басып алыўшылық сиясатына қарсы гүреси болады. Александр Македонский, Ахеменийдлер империясын жеңип, оннан кейин Орта Азияны жаўлап алыўға кириседи. Б.э.ш. 330-328- жыллары Александр Македонский Суғдиананың пайтахты Мараканданы басып алып, Сырдәрья бойында жасаўшы көшпели шарўаларға қарсы жүрис жасайды. Усы дәўирде Орта Азия отырықшы дийханлар менен көшпели шарўалар арасында, Сырдәрья шегара болып есапланатуғын еди. Александр Македонский басып алып, өзиниң әскерий горнизонларын жайғастырған қала Сырдәрьяның сол жағасында еди. Усы ўақытта Сырдәрьяның екинши жағында греклер менен урысыў ушын көшпели саклар жыйналады. Сырьдәрья бойындағы қалаларды алған ўақытта, «еркек адамларды өлтирип, әйеллер менен балаларды ҳәм басқада барлық олжалардың бәрин алып кеткен». Бундай грек македонлардың реймсиз қаттылығы, Орта Азия халықларының миллий азатлық гүресинпайда етеди. Александр Македонскийдиң буйрығы бойынша Сырдәрья жағасында Александрия Асхата (Узақтағы Александрия) деген қала салынады.қ Бул қала Александр мәмлекетиниң арқа-шығыс тәрепиндеги тирек-пункты ретинде салынады. Александрия Асхата қаласын салыўы. Сырдәрья бойы сакларды көп ойландырады. Саклар Сырдәрьяның екинрши жағасында турып, грек- македон әскерлерине қарсы садақ оған таўындай жаўдырады. Александр Македонский өз тәрепин көшпели сакларға қарсы катапульлар менен атып оларды шегиниўге мәжбүрлейди. Кейин өз әскерлери менен Сырдәрьядан өтап, Александр Македонский сакларды қуўып изине түседи. Бирақ Александрдың жеңисиниң аяғы, жеңилиске айлана баслады. Нәтийжеде грек-македон әскерлери
қалаға қайтып келеди. Саклар мененурыста Александр Македонский жарадар болады. Солай етип, Александрдың Сырдәрья бойындағы сакларды қырып таслайман деген нийети иске аспай қалады.
Орта Азия ҳәм Орта Шығыстың территориясындасак көшпелилер буннан былайда ең әҳмийетли ролди атқарады. Мәселен, б.э.ш. III-әсир заманымыздың III әсири аралығында гүркиреп раўажланған Пария мәмлекетиниң қулаўы, Грек- Бактрия патшалығының ыдыраўына ҳәм Кушан империясының пайда болыўында саклардың орны болды. Евразияда жасаған көшпелилердиң үлкен биреўи скифлер болады. Скифлер б.э.ш. VII-V- әсирлерде өмир сүреди. Скифлер тарийхын үйрениўге өз мийнетин арнаған, А.И.Доватур, Д.П.Каллистов, И.А.Шиниковалар, Геродот тарийхы бойынрша Ғнароды нашей страныҒ деген мийнет жазды. (ә9ҳғ) Бул китабында Геродоттың скифлер бойынша мағлыўматларына түсиник береди. Скифлер тарийхы ҳаққында жазған тарийхшыларқатарына Б.А.Рыбаков, А.А.Нейхарут, Е.В.Черненко, И.В.Куклина т.б. болады. Скифлер Қара теңиз жағасына греклер келгенде Қара теңиздиң арқа кеңислигинде жасаған. Геродоттың мағлыўматы бойынша скифлер Истрия (Днепр) ҳәм Тяншас (Дон) дәрья аралығында жасаған. Донныңшығысында савроматлар жайласқан. Азов теңизи бойында ҳәм Кубануя-меотлар, Таман ярым атаўында-синдлер жасаған. Геродот дәўиринде, скифлердиң бир бөлими дийҳаншылық пенен шуғылланады. Геродоттың айтыўы бойынша скифлер бийдай, тары, лен, кендир, пияз, чиснок еккен. Олар темир орақ, тас дигирманлардан пайдаланған. Жерди өгизлер жеккен гүнде менен аўдарған. Көшпели скифлер қой-ешки ҳәм қара малларды асыраған. Оларда атлар көп болған. Аўқатқа жылқының гөшин, бийениң сүтин ҳәм сыр менен аўқатланған. Гүмистен исленгентабақта чертомлықкий курганнан табылған ыдыста жылқыларды қолға үйретип, услап атырған сүўрети берилген. Көшпели скифлер патша скифлер деп аталып, олар көпшиликти тутқан. Көшпели скифлерде турақ жай болмаған. Олар төрт дөңгелекли арба үстине шатыр қурып жасаған. Олардың бул жайы жаўын, қар, самалдан сақлаған. Арбаға өгизлер жеккен. Бул жайдың көриниси пантиканчйский склептен табылады. Көшпели скифлердиң ағаштан исленген жайы болған, скиф курганларынан табылған алтын ҳәм гүмис ыдысларда скифлердиң көрниси берилген. Соларға қарап олардың сыртқы көрнисин анықлаўға болады. Скифлер узын шашлы, келте кафтан, узын штанлы, бос телетиннен етик кийген. Бой скифлер кийимин алтан ҳәм гүмис буйымлар менен безеген. Скифлерде әлбетте қуралларын көрсеткен. Онда келте қылыш, оң тәрепине илдирип жүрген, оқ жай ушы, оқ жай менен оларды айрықша қапшықта салып жүрген. Қылыш сабы алтын менен, ҳайўанатлардың сүўретлери менен безеледи. Гейде әпсанабий ҳайўан сүўретлери ушырасады. Бул Евразия көшпелилери тарийхында Ғҳайўанат стилиҒ деп аталады. Бул кңркем өнерге биз кейинирек тоқталамыз.
Евразия сакларының естеликлерине тоқтасақ, сак қәўимлери тарийхы ҳәм олардың материаллық және көп түрлери, Кабирлер (курганлар) Жартастағы сүўретлер, саклардың ғәзийнелери т.б. естеликлери болады. Булардың естеликлери Евразия кеңислик далаларында жайласады. Орайлық Қазахстанда, бронза дәўирдеги Андронов мәдениятына кирген аймақларды б.э.ш. VII-III әсирлерде, Тасмола қәбирин изертлеген. Қазақ археологлары Э.Х.Маргулан менен М.Қ.Қаўырбаев болады. Бул мәденият курганлары дүзилисиниң бир өзгешелиги олардың гейбиреўлеринде тас жолы ямаса муртлы қорғанлар болады. Бундай курганлар бир неше вариантлардан турған. Олардың ишинде үлкен қурған жанында киши қурғанлар ушырасады. Бул қурғанлар топар-топар болып жайласады. Олардың арасы ғ метрден ғ00 метрге жетеди. Үлкен қорғаннаң үстине үйилген топрақ астында Адам скелети жатады. Ал оның жанындағы кишкене курганлардың топырағы астында аттың сүйеги ҳәм ҳәр түрли ыдыслар гезлеседи. Қазахстан жеринде Как курганларының набири Баянаула, Қызытас, Кент, Ортаў, Уллытаў, Арғанатаў баўрайларында ушырасады. Тасмола мәдениятының раўажланыўы үш дәўирди қамтыйды. Биринши дәўири б.э.ш. VII-VI әсирлерди өз ишине алады. Оған Тасмола, Қарамурын, Нурмамбет топарлары жатады. Қурганлардың үстине үйилген топырақ тас аралас болып келеди. Екинши дәўир б.э.ш. V-III әсирлерди өз ишине алады. Бул дәўирде атлар менен адам жерлеў кемейип кетеди. Үшинши дәўир б.э.ш. III-I әсирлерди өз ишине алады. Курганлардың бурынғы курылысы сақланады. Бирақ кәбир ишинде бир тегис домалақ ыдыслар пайда болады. Керчиниң арқа-шығысында скифлердиң патшасының курганы жүдә әүмийетке ийе. Курган әҳқў жылы А.Б.Ашико тәрепинен ашылыўы Патша курганы тегисликте жайласып есиги теңиз бетке қараған. Бийиклиги 18 метр, диаметри 250 метр, патшаның қәбири курганның орайында жайласқан. Қубладан арқаға қарап, теңиз тәрептен, тастан өрилген узынлығы 30 метр, ени 2,8 метр коридор ушырасады. Узын коридордың қапталлары тас пенен өрилген, полына тас төселген. Патша қәбири антик дәўирдеги үлкен архитехтуралық қурылыс. Бул курган б.э.ш. IV-әсирде, баспор патшасы Левкона I ямаса Перисауа I ушын салынған. Курган патшаның тири ўақтында қурылған.ң Кургандағы затлардың бәри урланған. әҳҳғ жылы скиф патшасының екинши курганы қазып изерлеўди баслады. Бул курган днепрдәрья бойында Чертомлык канал жанында болып, оны тарийхта Чертомлык курганы деп аталды. Бул курганды қазып изертлеген И.Е.Забелин болып, ол соңынан мәмлекетлик тарийх музейин дүзеди. И.Е.Забелин курганды қазып, гүмистен исленип алтан менен қапланған ваза табады. Бул ҳәзирде Эрмитаждың экспозициясында турыпты. Чертомлик курганының жасы б.э.ш. IV әсир болып, курганнан скиф ҳәм греклердиң буйымлары табылады. Көпшилик патша курганынан табылған буйымларда ҳәр түрли сүўретлер салынғаны анықланды. Олардың ишинде ҳайўанатлар, әпсанауий ҳайўанлар, адамлардың фигурасы, ҳәм ҳайўанлардың бир-бири менен айқасып атырғаны салынған. Буйымлардағы ҳақыйқый ҳәм фаттастикалық ҳайўанлардың көриниси Евразия скифлердиң көркем өнериндеги көп таралған «скиф ҳайўанат стили» болады. ө
Бизиң эрамызға шекемги VI-IV әсирлерде Евразия даласында Дунайдан Монголияға шекемги аралықта, бул «скиф ҳайўанат стили» көп таралады. Бул көркем өнердиң жоқары үлгиси болып есапланады. 1960- жылы Халық аралық шығысты изертлеўшилердиң конгресинде шығысты изертлеўши Э.А.Грантовский, скифлердиң социаллық дизими, жәмийетлик қурылысы, Иранлардың жәмийетлик дүзимине уқсас екенлигин дәлиллейди. 1972 жылы скифлердиң ҳайўанат стилине арналған конференцияда Е.Е.Кузьмина, скиф көркем өнериниң индоиранлылардың көркем өнерине уқсаслығын айтып дәлилледи. 1974 жылы Э.А.Грентовскийдиң ҳәм индолы Г.М.Бонгард-Левиналардың «От скифи до Индий» деген китабы баспадан шығады. Ал, 1977 жылы Е.Е.Кузьминаның «Стране Кавата и Афрасиаба» деген монографиясында скифлердиң көркем өнериндеги сюжетлерди, қәдимги Иран ҳәм Индибулердиң мифлери менен байланыстырып жазады. XIX-әсирде Лингвистлер, скифлердиң атларын греклердиң берген мағлыўматына тийкарланып ҳәм географиялықатамаларды үйренип, европаның скифлер азиялы саклардың жақын туўысқанлары индо-иран тин семьясына киретуғын, Иран тилинде сөйлеген деп дәлиллейди. Бул, индоиран тил семьясы, ҳәзирги Ҳиндистан, Пакистан, Иран, Афганстан ҳәм Осетин, тажиклердиң тиллери киреди. Илимпазлардың пикиринше қәдимги ўақытты, Орта Азия ҳәм Евразия халықлары бәри Иран тилинде сөйлеген. Индоиранларды биринши реет тарийхый дереклерде, б.э.ш. XIV әсирлерде ушырасады. Киши Азиядағы Хетт мәмлекетиниң патшасы Супиллулнума, Митанни патшасы Куртивазов пенен шәртнама дүзеди. Митанни мәмлекети Тигр ҳәм Евфрат дәрьяларының жоқарғы бойында жайласқан. Митанни патшасы бул шәртнаманы бузбайман деп, өзиниң қудайы алданда ант ишеди. Әййемги индицлердиң қудайлары Индра, Митра, Варуна, Настя болған, булар илимпазларға толық белгили. Бул қудайлардың аты әйемги «Махабхаража», «Рамаяна» эпрсларында да ушырасады. Бул қудайлардың аты Орта Азия ҳәм Иранлардың диний қәраматлы китабы «Авесто»да да ушырасады. Индиуилердиң ҳәм иранлардың өз қатарына қашан барғаны ҳәм қайсы жол менен барғаны ҳаққында алымлар арасында бир пикир жоқ. Шәртнама тексти б.э.ш. II мыңыншы жыллары дүзиледи. Яни скиф мәдениятының пайда болмастан 1000 жыл бурын, Индоиран тил семьясына киретуғын ҳәр түрли этнослар жасаған ҳәм олар өзлериниң әпсаналарын пайда еткен. Грек, армиян, грузинлердиң тарийхый дереклеринде биз билемиз ҳәзир Арқа ҳәм Орайлық Кавказда турыўшы осетинлер сол сак-скифлердиң әўладлары болады.
В.Ф.Миллер, XIX әсирде-ақ «осетинлер, скифлердиң тилин, үрип-әдетин- дәстүрлерин қабыл етип алған» деп жазды. Оның айтқанлары францаз илимпазы Ж.Дюмезил ҳәм В.И.Аваевтиң мийнетлеринде тастыйықланды. Осетинлердиң Норт атлы эпосында сөз етилетуғын сюжет скифлердиң легендасы менен жүдә байланыслы айтылады. Эпостың геройлары Иран ҳәм Ҳиндистан геройларының атына жақын. Мәселен, осетинлердиң геройы Батраз- бул Индоиранлардың гүлдирмама (гром) қудайы ҳәм жеңис қудайы Индра Бртроген, ал скифлерде грек аты менен белгили Ареса, гөззал Ацырухс-бул Индийцлердиң қуяш қудайы. Папати-скифлердиң очаг қудайы табити. Осетинлерде жақынға шекем, көплеген скифлердиң дәстүрлери, культлери сақланып келди. Мәселен, ошақ отына сыйыныў, садақа берип мал сойыў, өлген адамға жылқыны атаў, т.б.
Евразия сакларының естеликлери Қазахстанның батыс ҳәм арқа кең далаларында көп ушырасады. Бир топар алымлар оларды савраматлар ямаса исседонлардың естелиги дейди. Урал менен Жабық (Волга) арасындағы кең далалықта сак курганларының көп ушырасатуғын жери Үлкен ҳәм киши дәрья бойлары, Қамыс-Самар көллериниң жағалары, Елек, Шаған, Отуа, Эмба жерлери болады. Қазахстанның арқа тәрепинде естеликлер Табыл ҳәм Есил жерлеринде көплеген бөлек-бөлек болып жайласқан. курганлардың үстинде топрақтан үйиндилери болады, олардың ең үлкен қәбирлери орлар менен қоршалған. Курганлар үстинде таслар топрақ пенен араласып дүмпешикте болып көринеди. Курган асынан Адам қәбирлери ушырасады. Бай курганлар өзлериниң көлеми менен айырылып турады. Олардың үйиндилериниң диаметри 50-60м, бийиклиги 3-4 м болып келеди. Естеликлер еки хронологиялық дәўирди өз ишине алады. Бириншиси б.э. шекемги VII-V әсирлер болып, олар савраматлар мәденияты өмир сүрген ўақытқа туўра келеди. Екиншиси б.э. шекемги IV-II әсирлерди өз ишине алып, бул сарматлар дәўирин өз ишине алады.
Евразиядағы савраматлардың келип шығыўын илимпазлар анронов мәденияты менен байланыстырады. Себеби бул қәбирлерде өликти өртеўдәстүри курган астындағы қәбир басына тасларды қойыўы, гулал ыдысларды салып жерлеўи болады.ү
Батыс ҳәм Арқа Қазахстан аймағындағы қәбирлердиң бәрине тән нәрсе, қәбирлер шығыстан батысқа қарап қазылады, мархумларды курган астына жерлейди. Ҳаяллардың қәбирлеринде нағыслы ыдыслар, тастан ойып исленеген курбанлық ушын соятуғын столшалар ушырасады. Савраматлар қәбиринде зергерлер ислеген алтын ҳәм гүмистен, бронзадан соғылған аттың ер-турманлары ер адымлардың белбеў ҳәм кийимлерине арнап ислеген тағалар көп ушырасады. Савраматларда көркем өнердиң жоқары дәрежеде өскенин дәлилледи. Евразия сакларының кобиси Алтай таў етеклеринен, Иртыш дәрья алабында, Жетисуў аймағында жасаған. олардың курагн қәбирлерине көбинесе тасларды үйип
белги ислеген. Шығыс Қазахстан аймағында илимпазлардың пикиринше, Ғгрифлер алтынын қорғайтуғунҒ аримасплар қәўимлери жасаған. шығыс Қазахстандағы сак қәўимлеринең мәденияты өзиниң раўажланыўында үш дәўирдиөз ишине алады. Биринши б.э. шекемги VII-V әсирлер, екинши б.э. шекемги V-IV әсирлер, үшиншиси б.э. шекемги III-I әсирлер болады.
Биринши дәўирде мархумды ат пенен бирге жерлеў дәстүри пайда болады. Мәселен, Шығыс Қазахстанда Шиликти купганы қазып үйренилди. Буны «патша курганы» деп атайды. Шиликти курган-қәбир топарының он үшиниң үйиндиси диаметри 100 м болып, бийиклиги 8-10 м болған, ал калғанларының диаметри 20-60 м болып, бийиклиги 5 м болған. бул жерге саклардың қәўим көсемлери ә00 жылдан аслам ўақыт қойылып келген – деп болжайды, қазах археологы – К.М.Байпаков. Шиликти курганды изертлеген С.С.Черников, саклардың көркем өнериниң ҳәм мәдениятының жоқары дәрежеде болғанын айтады. Курганның диаметри 66 м, ал бийиклиги ү м болған. бул курган-қәбир ерте дәўирде таланган, сол себепли оның улыўма қурылысының сүўрети курган конструкциясы, жерлеў дәстүрлери толық емес. Курганның үйиндиси астында көлеми ў,ә0 х ҳ,қ0 м, тереңлиги ә м Дей қәбир бар. Қәбир ишинде Адам скелети жерленген. Қәбирден адам менен бирге жерленген оқ жай ушлары, суўын ямаса аттың терисинен исленген кийим қалдығы, оларды алтын илгеклер менен безеген. Суўынның аяғын баўырына басып, мүйизли басын шалқайтып жиберген түрдеги көриниси берилген. Үсти кийимге тигилген, бүркит сыяқлы билешиктей оратылып жатқан ҳайўанлар ҳәм түйреўишлер табылған. жуқа алтын фольгауян қабан фигурасын ислеген. Қанатларын жайып жиберген қуслардың сүўрети бар. Геометриялық формадағы үш мүйеш, ромбы көп ушырасады. Бул буйымлар б.э.ш. VII-V- әсирлерге туўра келеди. Евразия сакларының тарийхый географиясына сер салсақ, Тиграхаудлар - Жетисуўда, ал массагетлер Арал бойы ҳәм Сырдәрья алабында жасаған. саклардың көп жайласқан жерлери Или дәрья бойы болып, усы жерден Бесшатыр, Есик, Турген, Кеген, Алексеев- курган- қәбирлери усы аймақтан табылды. Жетисуўда сак мәдениятын пайда еткен қәўимлер еки дәўирге бөлинеди, бириншиси б.э. шекемги VIII-VI әсирлер, екиншиси б.э. шекемги V-III әсирлер болады. Мине, усы дәўирдиң екинши дәўирине тийисли саклар патшасы қәбири бесшатыр ҳәм Ыссықлар болады. Бул патша қәбирлеринен жүдә бай олжалар табылып, олар жәҳанге белгили болды.
Солай етип, Евразия көшпели шарўалар кең аймақта жасап, өзлериниң мәмлекетине, өз цивилизациясына ийе болған. Евразия көшпелилердиң пайда еткен көркем өнери Ғҳайўанат стилиҒ ямаса ҒСибирь-скиф стилиҒ деп аталып, булар жаҳән музейлерлеринң экспозициясын безеп турыпты.

II-БАП. Евразия көшпелилери ҳәм Хорезм.


Орта Азияның тарийхында ең әҳмийетли мәселелердиң бири, отырықшы дийханшылық пенен шуғылланған оазис халықлар менен көшпели ҳәм ярым көшпели шарўалар менен байланыс мәселеси болып есапланады. XX әсирдиң ө0-ү0-жыллары бул проблемалар менен С.П.Толстов басшылық еткен Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедиция хызметкерлери шуғылланады. Усы проблемаға байланыслы, Хорезм экспедиция қәдимги Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья алабында соңғы бронза дәўириниң сак қәўимлериниң жетисар естеликлерин ашып дүньяға танытты. Нәтийжеде, Хорезмдеги афригидлер мәденияты, көшпели шарўа қәўимлериниң араласыўынан пайда болады. XX әсирдиң ү0-ў0 жыллары Хорезм оазисинде Әмиўдәрьяның ески дельтасы Сарықамыс бойларында ярым көшпели этнослардың естеликлери ашылды. Нәтийжеде, Хорезм оазисиниң халқының оларды қоршаған көшпели, ярым көшпели шарўалар менен экономикалық, этномәдений, мәдений байланыслары үйренилди. Усы темаға арнап, ҒКочевники на границах ХорезмаҒ деп аталады. Хорпезм археология-этнография экспедициясының XI Томы баспадан шықты (ә9ў9).
Нәтийжеде, Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья дельта бойларында ең қәдимги ҳәм орта әсирлерге тийисли Хорезм оазисиниң естеликлери комплексли үйренилди. Хорезмниң арқа бойы шегарасында көшпели, ярым көшпели шарўалар б.э.ш. бир мыңыншы жыллардан баслап Хорезм дийханшылық елатлары менен тығыс этномәдений байланыста болғаны анықланды. ә9ўқ-ә9ўө жыллары Әмиўдәрьяның ески дельта Сарықамыс бойынан б.э.ш. VII-V әсирлерге тийисли Куюсай мәденияты ашылды. Куюксай мәдениятын ашып изертлеўши Б.И.Вейнберг, Куюсайлардың мәдениятында Евразия сак этносларының қатнасы бар екенин анықланды. Б.И.Вейнбергтиң пикиринше Куюксайлар ярым көшпели болып, б.э.ш. VII әсирде арқа Иран тәрептен Хорезмге келип қоныс басыўы. Куюксайлар жер толелерде отырып, дийханшылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. Куюксайлардың Тарым кая, Туз кыр макан жайларында Хорезмниң архайка дәўирине тийисли керамикалардың ушырасыўы, ал Хорезмниң б.э.ш. VII-V әсирлерге туўра келетуғын Гузелгур қаласының мәдений қатламларынан Куюксайларға тийисли қолдан ошақта таярланған керамикалардың табылыўы бул еки этнослар арасында экономикалық мәдений байланыслардың болғанын дәлилледи.
ә9ўқ-ә9ўө ж ж. Үстирттиң батыс тәрепинде I-III әсирлерге тийисли Чаш-тепа естелигиде көшпели этносларға жатады. Бул көшпелилер Хорезмлилердиң қәўендерлигинде болады. Хорезм шегарасында көшпели шарўалар ушын хумбз печлер салынады. Нәтийжеде еки турмыс қәлпи ҳәр түрли болған Хорезмлилер менен көшпели шарўалар арасында турақлы экономикалық, мәдений байланыслар орнайды.
Б.э.ш. IV-II әсирлерге тийисли, Хорезмниң антик дәўирине тийисли арқа-батыс шегарадағы Улкен Айбүйир қалада, сарматларға тийисли хожалық буйымлар табылды. Үстирттти жағалап Хорезмниң арқа-батыс шегараларында жасаўшы көшпели шарўалар, Хорезмниң мәдений тәсиринен, зардуштийлик динди қабыл етеди. Көшпели сарматлар өзмархумларын курганларға, сүйеклерди ыдысларға салып жерлегени анықланды.
Көшпели шарўалар Хорезм оазисиндаги отырықшы дийханлардың өнимлерине, өнерментлердиң ыдысларына муқташ болған ал, Хорезмлилер көшпели шарўалардың арзан мал өнимлерине зәрүр болған (гөш, жүн, иримшик т.б.) нәтийжеде бул еки этнос арасында турақлы экономикалық мәдений байланыслар болып турған. Тек усы байланыслар бузылса ғана қарама-қарсылық келип шығады. Антик дәўирдеги басланған еки отырықшы ҳәм көшпели шарўалар арасындағы бул еки байланыслар кейинги дәўирде өсип раўажланып барған.

II-БАП Хорезм ҳәм көшпели шарўалар


Б.э.ш. VII-әсир эрамыздың IV-әсириндеги Хрезмниң тарийхы Сырдәрья ҳәм Сарықамыс алабындағы, Үстирт кеңислигинде жасаған саклар турмысы менен байланыслы. I-IV-әсирлерде кеңислик далаларда, жайлаўларда жасаған Алан-Сарматлар Гунн, жетиасарлар ҳ.т.б. кәўимлер Хорезм елаты менен экономикалық мәдений байланыста жасайды. Хорезм өнерментлериниң гулал ыдыслары сарматларының қәбиринен көп табылады. Хорезм мәмлекетиниң арқа-шығыс шегараларында көшпели ҳәм ярым көшпелилердиң өнерментшилик буйымларына болған талапларын қанаатландырыў ушын гулал ыдысларын ислейтуғын хумбызлар салынады. Көшпелилер өзлериниң малдан алған өнимлерин керекли затларға алмастырады. Ал көшпели Сармат қәўимлериниң пайдаланған қолдан исленген Сары жай отының ушлары, безениў затлары Хорезм қалалары болған улкен Айбүйир, Гяур қала, Даўкескен қалаларын мәдений қатламларынантабылады. Бул Хорезм ҳәм оның қоңсы еллер менен арасындағы байланыстың жақсы болғанын аңлатады.
Түрклердиң материаллық мәдениятына тийисли затлар б.э.ш. IX-VI әсирлерде Алтай аймақларында ушырасады. Мәселен жалпақ тасларды қәбирлерге белги етип қойыў, ат пенен адамларды жерлеў дәстүрлери Орайлық Азиядағы түрклерге тән болған б.э.ш. V әсирге тийисли Жетисуўдағы саклардың көсеми ҒЫссықҒ қәбиринен ең әййемги түркий жазыўдың табылыўы Орайлық Азия ҳәм Алтай жерлери түрклердиң ўатаны болғанын дәлиллейди. илимпаз А.Н.Бернштам Тянь-Шань ҳәм Жетисуўдағы бир топар сакларды түрклергежеткерген еди. Б.э.ш. II әсирден баслап қубла Арал бойына түрклердиң араласыўы күшейди. Әсиресе усы дәўирде Гуннлар теле этнослары жети асарлар менен бирге Хорезмгеде араласады тарийхый дереклер Гуннлар хиолит ҳәм Эфталитлерди де байланыстырады. Хорезм өзин қоршап жасаған көшпели этнослар менен тығыз байланыста болды. Ҳәттеки, Хорезмлилердиң келип шығыўында көшпели этнослар қатнасқан. Мәселен, бронза әсирде, Хорезмге Евразиядан көшпели Андронов қәўимлер араласып, Хорезмде б.э.ш. ғ мыңыншы жыллары тазабағжап мәденияты пайда болады. Сол бронза әсиринен баслап араласқан Андронов, аллакул қәўимлери әўладлары, сол Хорезмлилер менен араласып, дийханшылық мәдениятын, қала мәдениятын ҳәм мәмлекетшилигин дүзеди.
Биз өзимиздиң магистрлик диссертациямызда, Хорезмниң Евразия көшпелилер менен этно мәдений, саўда байланысларына тоқтап өтемиз.
Б.э.ш. I-мыңыншы жыллары Жақын ҳәм Орта Шығыс еллердиң аймағында Ассирияҳәм Мидия мәмлекетлери пайда болады. Б.э.ш. VI-әсирлерде Мидия мәмлекетиниң орнына ахаманийлер мәмлекети дүзиледи. Ахаманийлер патшалығын тийкарын салыўшы Кир II б.э.ш. өө0жылы Мидия патшалығын қулатып, үлкен Персия империясын дүзеди ҳәм ол өз мәмлекетиниң қурамына Орта Азияның арқа районларын қосып алады. Кейин ала Ахаманийлер Орта Азияның арқа районларында қаратады. Б.э.ш. өқ0-өғғ жыллары Дарий I патша жаздырған Бехустин жазыўында ахаманийлер қараўына Парфия, Хорезм, Бактрия, Суғд ҳәм Орта Азия ҳәм Қазахстан территориясында жасаған сак қәўимлериниң болғанлығы айтылады.
Б.э.ш. I мыңыншы жыллардың ортасында жазылған зардуштийликтиң муқәддес китабы ҒАвестоҒ да ҒҚанатлыҒ атлар менен шығысқа қарап көшкен елди ҒтурҒ деп атаған, ал олардың қонысласқан маканын ҒтуранҒ деген. Туранлылардың патшасы әпсаналы Афрасиаб болған. Орта әсирде Суғдлардың бас қаласы Мараканда (самарқанд) бурын Афрасиаб деп аталған. Персия жазба дереклеринде туранлыларды сак деп атайды.
Греклер көшпелилерди Скифлер деп атаған. Б.э. I әсириндежасаған Рим тарийхшысы Плиний ҒЯксарттың арғы тәрепинде скиф қәўимлери жасайдыҒ- деп жазады Сак-скиф қәўимлери дүдә көп болған, олар өз-ара келип шығыўы этникалық жақтан жақын болып, майда руў-қәўимлерге бөлинген. Сонлықтанда әййемги грек тарийхшылары, Геродот, Арестотель, Помпей Торг, Страбонлар б.э.ш. VI-V әсирлердеги сак қәўимлери дегенде, турмыс қәлпи, тили, үрп-әдети жағынан бир-бирине жақын болған көшпели руў-қәўимлердиң аўқамын түсинген.
Саклардың ең ири көпшиликти тутатуғын қәўимлери, массагетлер, дай, исседонлар, аримаспилер, апасиаклардан турған.ў
Б.э.ш. VIII-V әсирлерде Алтай, Жетисуў, Қубла Сибирь кеңислигинде, Орайлық Қазахстан далаңлығында, Сырдәрья алабында, Хорезм оазисиниң айналасында келип шығыўы жағынан бир-бирине жақын елат болып өзлериниң қоныс мәканына, мал шарўашылығына, көшип қонып жүретуғын жолларына, суў ишетуғын қудықларына ийе болған.
Көшпели сак қәўимлери, көбинесе мал шарўашылығы менен шуғылланған. Сакларда әскерий демократиялық-мәмлекетлик дүзим болған. Бул дүзимның тийкарын аталар басқарған үлкен шаңарақлар қураған. Көшпели сак қәўимлери атларды жүдә қәдирлеген, атларды урыста, жол қатнаста пайдаланған, атлар алыс жерлерди жақынлатқан. Саклар сары жайдан атыўда мергеншилик көрсеткен. Б.э II әсирлерде жасаған грек жазыўшысы Дионисий Периэгит, ҒСаклар, дуньядағы атқышлардың ишиндеги ең мергенлери, олар оқты заяға жибермейдиҒ- деп жазады. Соның ушында Мидия патшалары Сары жайдан атыўды үйрениў ушын, өз балаларын сакларға жиберетуғын болған.
Саклардың ҳаялларыда урысларға қатнасқан, саўашларда батырлық көрсетиўде ерлерден қалыспаған. климант Александрскийдиң айтыўына қарағанда, ҒСак ҳаяллары саўаштан қашганда,..шаўып баратырған аттың үстинде артына қарап отырып ер адамлардай ататуғын болғанҒ. ҒЕгер сак жигит үйленгиси келсе, ол қыз бенен гүреске түскен, тек қызды жеңип ғана оның келисимин алатуғын болғанҒ (Клавдий Элян).
Хорезмниң арқа-батысында, Окс дәрьясының тармағы болған Узбойдың алабында, Үстирт кеңислигинде массагетлер жасаған. Массагетлер, сак қәўимлериниң көп санлы ҳәм күшли топарлары болып есапланған. ҒМассагетлер жүдә көпшилик, олар урыспаз, массагетлер Аракс (Әмиўдәрья) дәрьясының шығыс жағасында исседонлардың қарсы алдында жасайды. Олар кийген кийими, турмыс қәлпи жағынан скифлерге жақын. Массагетлер атлы ҳәм пияда урыса алады. Олар Сары жай, найза ҳәм балталар менен қуралланғанҒ- деп жазады Геродот. Массагетлердиң баслы қудайы қуяш болған ҳәм олар оған сыйынған, оннан жақсы тилеклер тилеген. Геродоттың айтыўына қарағанда, массагетлер жүдә қартайған адамды өлтирип, оның денесин мал гөши менен араластырып жеген. Усындай картайып өлгенлерди ҳүрметлеген. Адам аўырып жаслай қайтыс болса, оны бахытсыз есаплаған.
Б.э.ш. IX-V әсирлерде Сырдәрьяның арқа-батыс тармағы, Инкар дәрья бойыедағы сак қәўимлериниң Тагискен ҳәм Уйгарак деп аталған қәбиристанлары С.П.Толстов ҳәм оның шәкиртлери М.А.Итина, О.А.Вишневскаялар тәрепинен қазып изертленеди. Майданы ғ0 га жақын. Тагискен қойымшылығының бир бөлеги соңғы бронзо дәўирине ал қалған бөлеги ертедеги темир дәўирине туўра келеди.ҳ
Б.э.ш. IX-VII әcирлердеги Тагискендегилер руў басшылары, көсемлериниң қәбирлериниң үстине қам гербишлерден махбаралар салган.махбаралар доңгелек ҳәм төрт мүйешли формада болып келеди. Махбаралардың есиги күг шығыс жаққа қаратылған. Махбаралардың төбесине, капталына қойылған қамыслар өртеп жандырылған. Демек, Тагискенлерде ҳәм Уйгаракларда өликти жағып жибериў дәстүрлери болған. Бул қойымшылықларда өликлерди отқа жақпай ляхат түринде жерлеў дәстүрлериде ушырасады. Тагискен махбарасында, Уйгарактағы қәбирлерден мархумлар менен бирге көмген қымбатлы алтын, гүмис ҳәм реңли меиаллардан, ҳасыл затлардан исленген буйымлар, гулал ыдыслары болған, ыдыс табақ, гүзе, түбек ҳәм безениў затлар, қурал-жарақлар табылады. Қәбирлерде аттың темир заңгиси, жүўенниңсуўлығы, оқ жай оғының ушлары, бронзадан исленген айналар көп ушырасады. Бул затлардың табылыўы, Арал бойы сак қәўимлериниң диний дәстүрлеринен келип шыққан. Арал бойы сакларының өли көмиў дәстүрлерине, олардағы табылған буйымларына уқсас затлар б.э.ш. IX-V әсирлерде Дешти-Қыпшақ даласында, Алтай ҳәм Сибирь жерлеринде көп ушырасады. Демек, Арал бойы көшпели сак қәўимлери Едил-Жайық дәрьялары алабындағы, Сибирь, Алтай аймағында жасаған сак-савраматлар қәўимлери менен мәдений саўда, этникалық байланыста болған.
ә9ўә-жыл Б.И.Вайнверг, Әмиўдәрьяның шеп жағасында, Узбой алабанда ярым көшпели сак қәўимлерине тийисли Куюсай қоныс орынларын ҳәм қәбирлерин ашып изертлейди. Куюсайлылыр жер төлелерде отырған, дийханшылық ҳәм мал шарўашылығы менен шуғылланған. Куюсайлылар жасаған мәдений ғқатламынан табылған буйым затлар б.э.ш. VII-V әсирлерге жатады. Куюсайлылар отырықшы сак қәўимлери менен мәдений ҳәм саўда байланыста болған.
Сак қәўимлери Песия патшаларының алып барған урысларына қатнасады. Персияның Греция менен алып барған урысында Фермопил ҳәм Платея жанындағы саўашларда Орта Азия саклары мәртлик көрсетеди. Бронзадан исленген үш қырлы, сак оқ жайларының ушлары Алдыңғы Азия ҳәм Греция жерлеринен табылыўы, саклардың бул еллерде болғанын дәлиллейди.
Б.э.ш. IX-VII әсирлерде Орайлық Азия сак қәўимлериниң турмысында үлкен социал-экономикалық үзгерислер жүз береди. Усы дәўирде бурынғы, әййемги жәмийетлик дүзимниң орнына байыған социаллық топарлар қәлиплеседи ҳәм мүлк теңсизлиги келип шығады. Бундай социл-экономиклық өзгерислер орйаласқан, әскерий демократиялық мәмлекеттиң дәслепки формасының келип шығыўына тийкар салады. Саклардың үлкен топарларына савраматлар киреди.
Скифлердиң шығыс жағында саврамат қәўимлери жасаған. Б.э.ш. VII-IV әсирлерде савраматлар Едил-Жайық (урал) дәрьяларының төменги алабында жасайды. Усы жерден савраматлар басқа жерлерге таралған, басқа қәўимлерге араласады. Грек тарийхшысы Геродот савраматларды ҳаяллар басқарған ел деп те атайды. Савраматлардың қәбирлеринде ҳаялларды қурал-жарақлары менен бирге жерлегени де ушырасады. Булар б.э.ш. VI-II әсирлерде савромат ҳаялларыныңда урысларға қатнасқанынан дерек береди. Бирақ сыртқы душпанлар менен урысты тийкарынан ер адамлар урысқан. савроматларда скифлерге қарағанда уруўшылық дөзим күшли болған. Савроматлар өлген адамлары қәбирлери үстине ағаш салып, шөп пенен бастырған, кейин олардың үстине топырақ, тас үйип төбешик ҳалына келтирген.
Өлген адамларды қурал-жарақлар болған, қылыш, найза, Сары жай оғының ушы, аттың жүўениниң суўлығы, темир зәңги, белбеў, ат тағалары, безениў затлары менен бирге көмген. қәбирге ат, қой, сыйыр сүйеклеринде салған. савроматлар мал шарўашалығы менен де шуғылланып, көшпели турмыс кеширген. Олар хорезмлилердиң арқа-батыс шегарасында жасап, этно мәдений байланыста болған. хорезмлилерге араласып, қоныс басқан, Үстирт кеңислигинде естелигин қалдырған көшпелилер савроматлар болады. Б.э.ш. IV-III әсирлерде савроматлардың шығыс тәрепинде жайласқан, өзиниң келип шығыўы жағынан савроматларға жақын, көшпели қәўимлер бирлесип сиясий аўқам дүзеди. Бул аўқамның басында сарматлар турады. Сарматлар б.э.ш. II әсирлерде Дон дәрьясы алабындағы скифлерди де өзине қаратады. Нәтийжеде скифлер жасаған далаңлықларда сарматлар пайда болады. Сармат естеликлери үш дәўирге бөлинеди, ә. ертедеги сармат-прохоров мәденияты (б.э.ш. IV-III әсир). ғ. Орта сармат-суслов мәденияты (б.э.ш. II б.э. I әсирлер). қ. Соңғы сармат (II-IV әсирлер). бир бөлек сарматлар аўқамына киреди. Б.э.ш. III- б.э. IV әсирлеринде сарматлар Тобол дәрьясынан Дунай аралығын ийелейди.
Сарматлардың бизиң дәўиримизге шекем келип жеткен олардың қойымшылықлары ҳәм жеке қәбирлери Үстиртте, Хорезм шегарасында ушырасады. Олар өлген туўысқанларын, руў қоымшылықларына апарып, ямаса өзлериниң көшип қонып жүретуғын жерлерине жерленген. Қәбирлерде текшее формасында ҒлякатҒ түринде қазып, өлини қурал-жарақ, турмыста қолланған буйымлар, безениў затлары менен бирге көмген. Қәбирлердиң үстине тас, топырақлар үйип, оларды бийик обаға (курганға) айландырған. Руў басшыларын, көсемлерин жүдә көп затлар менен ҳәттеки хызметкерлери менен бирге жерлеген. 9
Сарматлардың қәбиринде бронзадан исленген үш аяқлы қазанлар көп ушырасады. Сарматлардың темир қылышлары, скифлердикине қарағанда узын болып, бундай қылышлар ат үстинде турып, саўашларда душпанларды урып кесиўге колайластырылған. Сарматлар қынлы қанжарларын белбеў қайысының оң жағына тағып жүрген. Сармат әскерлери атлы аўыр жарақлы ҳәм жеңил жарақлы пияда әскерлерден турған. атлы аўыр жарақлы әскерлер үстине темирден саўытлар, басына темир қалпақлар, қолына қалқан ҳәм узын найза алып саўашларға шыққан. сармат қәбирлери, Арал теңизиниң батыс жағында, Үстирттиң шығыс далаңлығында ушырасады. Б.э.ш. III-б.э. II әсирлеринде көшпели сарматлар Хорезм ели менен экономикалық байланыста болған. Қыстың суўық айларында Хорезмниң арқа-батыс шегарасындағы қалың қамыс арасына келип паналап қыслайтуғын болған. бәҳәрдиң келиўи менен сарматлар малларын айдап, Едил-Жайық алабына карап жылысатуғын болған.
Эрамыздың II-әсирлеринде сарматларға аланлар деп те атайды. IV-әсирде сарматлар көшпели түрк гунн қәўимлеринен жеңилип, гунн қәўимлериниң составына кирип, V-әсирдеги халықлардың ҒУллы ғалаўытҒ жүрисине араласады. Түрк тиллес қәўимлерине араласқан сарматлар, кейин ала түрк халықларының келип шығыўына катнасады. Сарматлардың көпшилик бөлеклери Орайлық Азия халықларына араласып, түрк тиллек халықлар арасында өзлериниң руў атларын сақлаған. Сарматлардың аты осетин халықларының қурамында ушырасады.

Download 361 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling