Кирисиў Теманың актуаллығы


Download 361 Kb.
bet1/7
Sana28.09.2023
Hajmi361 Kb.
#1689658
  1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Кдырниязов З. диссер.


КИРИСИЎ
Теманың актуаллығы. Ҳақыйқый тарийхты терең билиў жәмийеттиң ҳәр бир пухарасының әсиресе, жаслардың өмиринде өз жолын таңлап алыўына, бүгинги ғәрезсиз турмысымыздың қәдирине жетиўге ҳәм келешегин аңлап алыўға жәрдем береди. Өзбекстан Республикасы Призиденти И.Каримов өзиниң «Өзбекстан XXI-әсир босағасында» (1997) деген китабында «Ояныў ҳәм милий сана-сезимниң, миллий мақьанышының өсиўи процессинде тарийхый естелик, халқымыздың туўылған, үлкемиздиң мәмлекет аймағының хақыйқый тарийхын қайта тиклеў айрықша орын ийелейди» - деп көрсеткен еди.
Тарийхый ҳақыйқатлықларды тиклеў, жәмийеттиң раўажланыўына жаңа көз-қарасларды қәлиплестириў мәселесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1996-жылы 27-июньде «Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Тарийх Институтының хызметин жетилистириў ҳаққында» қарар қабыл етилди. Орта Азия халықларыныңтарийхы, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Арал бойы этнослардың тарийхы, олар менен бирге жасаған көшпели шарўа сак-массагет, сармат, дах қәўимлердиң тарийхы менен бирге үйрениледи.
Антик дәуирдеги грек-парсы ҳәм Рим жазба дереклердеБактрия, Суғдлар ҳәм Хорезмлилердиң арғы жағында яғный дийханшылық оазислердиң дөгерегинде «желдей жүйрик атлы көшпели турлар жайласқан»- деп жазба дереклерде айтылады. Парсы жазба дереклерде, турларды саклар деп атайды, ал грек авторларының мийнетлеринде турларды скифлер деп түсинеди. Көшпели шарўалардың скифлер деген аты көпшилик илимпазлар тәрепинен қабыл етилген. Б.э.ш. биринши әсирде жасаған Римли тарийхшы Улкен Тиний «Яксарттың (Сырдәрьяның) арңы жағында скифлер жасайды. Парсылар оларды саклар деп атайды. Скифлердиң саны жүдә көп. олардың ишинде ең көпшилиги саклар, массагетлер, дайлар, исседонлар, аримасплар» - деп жазады. Саклардың ишинде көпшилиги массагетлер болған. Геродот олар ҳаққында былай жазады, «Бул халық (массагетлер) Аракс (Әмиўдәрья-Узбой) дәрьясының арқы жағында, исседонларға қарама-қарсы жасайды. үстки кийимлери, турмыс қәлпи скифлерге уқсас. Олар атлы, жаяў жүрипте урыса алады. Урысыўдың усы еки түрине де жнтик. Олар Сары жай, найза менен урысқа түседи. Саўашларда ай балталарда менен де урысады. Олардың барлық буйымлары алтын менен мыстан. Массагетлер егин екпейди. Үй ҳайўанлардың гөши менен аўқатланады, балық аўлайды Аракс (Әмиўдәрья) оларды балық пенен тәмийнлейди. Саклар сүт ишеди. Усы дәўирдеги антик авторлары, Суғдлардың арғы тәрепинде, Яксарттың (Сырдәрьяның) бойларын жағалап, саклар қоныслайды» - деген үзинди жазба дереклер ушырасады. Парслардың тасқа ойып жазған сына жазыўында, Азия сакларды үш топарға бөледи. Парадерей (теңиздиң арғы бетиндеги саклар), Хаомаварга (Хаома ишимлигин таярлайтуғын саклар), Тиграхауда- саклар (сопақ бас кийимли саклар). Бул топ саклардың Орта Азия қайсы географиялық зонасында жайласқанын сүз етиў қыйын. Себеби, бул Орта Азия сакларының географиялық жайласыўы ҳаққында анық мағлыўматқа ийе емеспиз. Бир топар тарийхшылар парадаия сакларын Арал теңизи жағаларынна, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья дельта етеклерине жайғастырады. Тиграхауда сакларды Сырдәрьяның орта бөлиминен Тянь-Шань таў етеклерине шекемги аралыққа орналастырады, ал Хаомаварга саклардың үлкен топары Қазахстан, Қырргызстан, Жетисуў, Сибирь жерлеринде жайласқан. Бул көшпели Евразия күшпели шарўалар кең далаларда жасап, дийханшылық оазис халықлары менен саўда, этно-мәдений байланыста жасайды. Евразия саклары өзлерине тән көркем-өнеринпайда етеди. Бул көркем өнери «ҳайўанат стили» деген ат пенен белгили. Евразия көшпели шарўалар цвилизациясы пайда болып, олар дийханшылықлы елатлар менен удайына саўда ҳәм мәдений байланыста болады. Бирақ Евразия көшпели шарўалардың цвилизациясы тарийхы еле толық арнаўлы үйренилген емес. Көшпелилер цвилизациясы ҳаққында айырым илимий мақалалар жазылған. Жазылған мақалаларды еле ҳеш ким улыўмаластырған жоқ. Усы жағдайды есапқа алып, биз бул антик дәўирдеги Евразия көшпелилер цвилизациясы актуал тема болғаны ушын диссертация етип алдық. Бул магистрлик диссертацияда, Евразия көошпелилердиң, Орта Азиядағы Бактрия, Хорезм, Суғд қалалары менен саўда, мәдений ҳәм этникалық байланысларында сөз етемиз.

Download 361 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling