Кирисиў Теманың актуаллығы
Download 361 Kb.
|
Кдырниязов З. диссер.
Жуўмақлаў
Евразияның кең даласында буннан 2500-3000 жыллар бурын көшпели шәрўалар сак қәўимлери жасап шарўашылық пенен шуғылланған Евразия сак қәўимлерине Арал бойы Хорезм дөгерегинде Үстирт кеңислигинде ҳәм Қазақстан даласында жасаўшы қәўимлер шарўашылық пенен шуғылланған. Олардан бизиң дәўиримизге шекем көплеген естеликлер сақланған. Евразия саклар жүдә бай тарийхқа ийе. Мәселен бир қанша жазба дереклерде Персия патшасы Кир менен сак патшасы Тумарис урысы жазылған. Б.э.ш. 519-518 жыллары Евразия сак шәрўаларға қарсы Дарий патша атланыс жасайды. Суўсыз далада Дарий әскерлери қырылып қалады. Евразия саклары тарийхының бир бетинде А.Македонскийдиң урыслары жазылған. Александр буйрығы менен Сырдарья бойына Александря Асхота (шетки александря) деген қала салдырады. Саклар Сырдарьяның екинши жағында турып греклерге садақ оғын жаўдырады. Евразия саклары б.э.ш. II-әсиринде Парфия, Грек Бактрия ҳәм III-IV әсирлерде Кушан мәмлекетлериниң қулаўына алып келеди. Бронза ҳәм ерте темир дәўиринде Евразия көшпели шарўалардың ажыралмас бир бөлими Арал Каспий аралығындағы Хорезм елатының қоңысылары саклар көшпели шарўашылық цивилизациясын пайда етеди. Көшпели шарўалардың экономикалық ҳәм мәдений жақтан өскенин олардың көркем-өнериниң жетискенлигин дәллийлейди. Көркем-өнер бул ҳәр бир халықтың руўхый мәнәўият дәрежесиниң жетискенлиги болады. Б.э.ш. VIII-V әсирлерде Евразия көшпели шарўалардың өзине тән көркем-өнери қәлиплесип ол жәҳән тарийхында ҒХайўанат стилиҒ деген ат пенен белгили. Евразияда жасаўшы скиф, сак, сармат кейинирек түрк қәўимлериниң көркем-өнери безениў тағыншақлары бахалы таслардын реңли металлардан ағаш-сүйек, шийше буйымлардан исленген. Көркем-өнер Евразияда жасаўшы этнослардың эститикалқ, мификалық диний төтемлик көз қарасларына үрип-әдетлерине сай исленген. Сивирь, Тува, Орта Азия, Алтай Қазақстан, Урал бойы, Волга бойы, Қара теңиз жағаларынан Дунайға шекем аралықта жасаған этнослардың материаллық мәдениятына тийисли ҳайўанат стилинде исленген сюжетли көркем-өнер түбирлери б.э.ш. IV-III мыңыншы жыллары пайда болған жақын Шығыс көркем-өнерлерине барып тиреледи. Евразия скиф, Сибирь хайўанат стилинде исленген көркем-өнердиң пайда болыўының орайы болған. Орайлық Қазахстанда б.э.ш. VII-II әсирлерине тийисли Тасмола мәденияты естелигин Қазахстан илимпазлары Э.Х.Маргулан, М.К.Қыдырбаевлар изертледи. Көшпели шарўа мәденият обаларының қурылысы бир қыйлы. Обалар бир-бирине жақын жайласып,үсти тас ямаса топырақ пенен үйиледи. Көшпели саклар шарўашылық пенен шуғылланды. Евразия көшпели шарўалар Уллы Жипек жолында жайласып, Қытайдан батысқа қарап, Жети суў ҳәм Қубла Қазахстан, Ферғана арқалы өткен жолда жайласып, халық аралық саўдаға қатнасқан. Ерте тамыр әсирлерде уллы жипек жолы Сирия-Иран-Иран-Орта Азия, Қубла Қазахстан-Талас-Ыссық көл, Шығыс Түркистан болған. Оның қосымша шақабы Византия, Дербент-Каспий жағалары-оннан Арал бойлары Қубла Қазахстанға өткен. Усы жол бойларында көшпели шарўалар ҳәм турғын халықлар жасап турмыс кеширген. II-V әсирлерде Евразиядағы халықлардыңҒУллы қоныс аўдарыўҒ дәўири Орта Азия, Арал бойы Қазахстан, Шығыс Европа халықларының этникалық және сиясий картасын өзгертти. Саклардың өзине тән үрип, әдет ҳәм дәстүрлери болған.геродоттың айтыўына қарағанда сак-массагетлер жүдә қартайған адамды өлтирип, оны мал гөши менен араласып қайнатып саўап деп жеген. Усындай өлимди ҳүрметлеген. Адам аўырып жаслай қайтыс болса оны бахытсыз деп есаплаған. Б.э. шекемги IX-V әсирлерде Сырдәрьяның арқа-батыс тармағы Инкар дәрья бойындағы Сак қәўимлериниң Тагискен ҳәм Уйгарак деп аталған қәбиристанлары С.П.Тольстов ҳәм оның шәкиртлери М.А.Итина, О.А.Вишневскаялар тәрепинен қазып изертленеди. Майданы 20 га жақын, Тагискен қойымшлығының бир бөлеги соңғы бронза дәўирлерине, ал қалған бөлеги ертедеги темир дәўирине туўра келеди.19 Б.э. шекемги IX-VIIәсирлердеги Тагискендегилер урыў басшылары, көсемлериниң үстине қам гербишлерден махбаралар салған. махбаралар дөңгелек ҳәм төрт мүйешли формада болып келеди. Махбаралардың қапталында оларға иргелес басқа қәбирлер жайласқан. махбаралардың есиги күн шығыс жаққа қаратылған. махбаралардың төбесине, қапталына қойылған қамыслар жандырылған. Демек, Тагискенлерде ҳәм Уйгаракларда өликти жағып жибериў дәстүрлери болған. Бул қойымшылықларда өлилерди отқа жақпай ляхат түринде жерлеў дәстүрлери де ушырасады. Тагискен махбарасынан уйгарактағы қәбирлерден мархумлар менен бирге көмилген қымбатлы алтын, гүсим ҳәм реңли металлардан ҳасыл таслардан исленген буйымлар, гулал ыдыслар болған. Ыдыс-табақ, гүзе түбек ҳәм безениў затлар, қурал-жарақлар табылады. Қәбирлерде аттың темир зәңгиси, жүўенниң суўлығы оқ жай оғының ушлары, бронзадан исленген аймақлар көп ушырасады. Бул затлардың табылыўы Арал бойы көшпели сак қәўимлериниң диний дәстүрлеринен келип шыққан. Арал бойы сакларының өли көмиў дәстүрлерине, олардағы табылған буйымларына уқсас затлар б.э.ш. IX-V әсирлерде Дешти-Қыпшақ даласында, Алтай-Сибирь жерлеринде көп ушырасады. Демек, Арал бойы көшпели сак қәўимлери Едил-Жайық дәрьялары алабындағы Сибирь, Алтай аймағындағы жасаған Сак-савромат қәўимлери менен мәдений саўда байланыста болған. 1971-жылы Москвалы археолог Б.И.Вайнверг, Әмиўдәрьяның шеп жағасында, Узбой алабында ярым көшпели сак қәўимлерине тийисли Куюсай қоныс орынларын ҳәм қәбирлерин ашып изертлейди. Куюсайлылар жер төлелерде отырған, дийханшылық ҳәм мал шарўашылығы менен шуғылланған. Куюсайлар жасаған жайлардан мәдений қабатынан табылған буйым-затлар б.э.ш. VII-V әсирлерге жатады. Куюсайлылар отырықшы дийхан Хорезм елаты менен ҳәм Сырдәрья алабындағы сак қәўимлери менен мәдений ҳәм саўда байланыста болған. Сак қәўимлери Персия патшаларының алып барған урысларына қатнасады. Персияның Греция менен алып барған урысында Фермопил ҳәм Платея жанындағы саўашларда Орта Азия саклары мәртлик көрсетеди. Бронзадан исленген үш қырлы-сак оқ жайларының ушлары Алдыңғы Азия ҳәм Греция жерлеринен табылыўы, саклардың бул еллерде болғанын дәлиллейди. Б.э.ш. IX-VII әсирлерде Орайлық Азия көшпели сак қәўимлериниң турмысында үлкен социал-экономикалық өзгерислер жүз береди. Усы дәўирде әййемги жәмийетлик дүзимниң орнына жаңа социаллық топарлар қәлиплеседи ҳәм мүлк теңсизлиги келип шығады. Бундай социал-экономикалық өзгерислер, орайласқан әскерий-демократиялық мәмлекеттиң дәслепки формаларының пайда болыўына тийкар салады. Б.э.ш. VII-VI әсирлердеги Евразия сак қәўимлериниң материаллық мәденияты б.э.ш. 2 мыңыншы жыллардың 2-ярымында Евразия кеңислигинде турмыс кеширген Андронов көшпели қәўимлердиң мәденияты тийкарында қәлиплеседи. Едилден Сибирь аралығында жасаған көшпели Андронов қәўимлери б.э.ш. 2 мыңыншы жыллары атты қолға үйретип, оны күнделикли турмыста, урысларда пайдаланады. Сак қәўимлериниң пайдаланған, қурал-жарақлары, қанжар, қылыш, найза, сары жай оқлары, атларының тоқамлары, жүўен, тағалары, темир зәңгилери андроновлардың пайдаланған қуралларына уқсас. Саклар Андроновлардан телетин етик, кийиз қалпақ қабыл еткен. Иран ҳәм Түрк тиллеринде сөйлеген көшпели Андронов қәўимлериниң дини, өлини жерлеў дәстүрлери, космоногиялық мификалық-әпсаналары Жан соып садақа бериў дәстүрлеринде саклар қабыл алған. саклар тәбият қубылысларының кәраматлығына сыйынған. Сонлықтан да Дарий I патшанаң Бехустин жазыўында саклардың дини турақсыз.олар Ахура-Маздаға исенбейди деп айтылады. Сак жазыўы бул цивилизацияның белгиси болады. Массагетлердиң ең баслы қудайы қуяш болған, оның ҳүрметине садақа барген. Саклар отқа, суўға караматлы деп сыйынған. Греклер сакларды дүньядағы ең әдил, дурыс сөзли, ҳақыйқатты жақлайтуғын қәўимлер деп есаплаған. бизиң дәўиримизге шекем саклардың ата-бабаларына көсемлерине, туўған-туысқанларына салған қәбирлери естелик ретинде сақланып қалған. 1969-1970-жж. Алма-Атадан 50 км, Алатаўдың арқа баўрайларында саклардың Ыссық деп аталған қәбири қазып изертленди.20 Қәбирдиң бийиклиги 6 м, диаметри 60 м, болып, оны изертлегенде, ишинде бойы 165 см болған адам сүйеги табылды. Бул адамның үстиндеги кийими алтын затлар менен безелип, оның менен бирге 4 мыңнан аслам ҳәм гүмистен исленген буйымларды бирге көмгени анықланды. Ыссық қәбиринен гүмис табақтың сыртына сызып жазған ең ертедеги сак жазыўы табылды. Илимпазлар бул жазыўды ертедеги түрк тилинде деп болжап отыр. Олай болса, түрклерде де жазыў индо-европалылыр менен бир қатарда болғанын дәлиллейди. ҒЫссық алтын адамыҒ менен бирге қурал-жарақлары, темир қылыш, қынлы қанжар, сары жай оқларының ушларын көмген. Табылған затларға қарағанда ҒЫссық алтын адамыҒ б.э.ш. V-әсирде жерленген. Сакларда, өлген адамларын олардың өз өмиринде пайдаланған буйымларын бирге қосып жерлеў дәстүри болған. Б.э.ш. VIII-VII әсирлерде Қара теңиздиң арқа кеңислик далаларында Киммерийц қәўимлери жасаған. Жақсы шөлкемлескен қурал жарақлы әскерлерге ийе болған киммерийцлер б.э.ш. VIII-VII әсирлерде Киши Азия, Мидия, Ассирия ҳәм Урарту еллерине атланыс жасап, ол еллердиң байлықларын талап алып қайтып турған. Геродоттың айтыўына қарағанда, б.э.ш. VII-әсиринде Скиф қәўимлери киммерийцлерди қара теңиздиң арқа далаңлықларынан қуўады. Киммерийцлердиң бир бөлеги скифлер менен арласып кетеди. Б.э.ш. VII әсирде скифлер Дунай, Дон дәрья аралығында Азов бойларында ҳәм Қрым ярым атаўанда жасайды. Скифлердиң батысында Фракий қәўимлери, ал шыысында Дон дәрьясынан Жайыққа шекемги аралықта савромат қәўимлери жасайды. Арқа Кавказ ҳәм Кубан бойы далаңлықларын Меот ҳәм Синди қәўимлери ийелейди. Геродоттың айтаўына қарағанда Скифлер Массагетлердиң тоыпылысына шыдам Бере алмай, Аракс дәрьясы арқалы өтип киммерийцлердиң жерлерин ийелейди. Скифлер 28 жыл даўамында Алдыңғы Азия еллеринде үстемшилик етеди. Б.э.ш. VII әсирдиң басында скифлер Мидия патшалығынан жеңилип, Қара теңиздиң арқа жағаларына қайтып келеди. Грек тарийхшылары Скифлердиң арбалар менен көшип-қонып, мал асырап турмыс кеширгенин жазады. Скиф ауыл-елатлары руў-қәўимлериниң аты менен аталатғын болған. олардың қәўимлерин руў ақсақаллары басқарған. Б.э.ш. V әсирге жататуғын, Днепр дәрьясының алабындағы майданы 120 га Тас қала, скифлердиң таў кәнлеринен метал өндирип, оннан қурал-жарақлары, темир қылыш, қынлы қанжар, сары жай оқларының ушлары, найза, балта ислеген. Мийнет қураллардан пышақ, орақ, бел соққан. Мыстан қзан таярлаған, сүйеклерди ойып нағыслар салған. Скифлерде териийлеў, жүнди ийирип, тоқып кийимлер тигиў өндириси ҳәм гулалшылық раўажланған. Б.э.ш.V-IV әсирлерде Дон бойларында Скифлердиң Елизавета, Белозерская деген қалалары болған. скифлерде қалалардың кейинирек пайда болыўы, олардың мал шарўашалығы менен шуғылланып, көшип0қонып турмыс кеширген болыўы керек. Скифлер мал шарўашгалығында көбирек ири қара маллар, жүнли қойлар, жылқылар, шошқа, қусларды асыраған. Маллар ушын жарамлы кең жайлаўлар излеп, көбирек көшип жүрген. Скифлер атты жүдә жақсы көрген, олардың аттың үстинда узақ жүриўине туўра келген. Атларының тоғымын, ер турманларын жақсылап безеген. Скиф мәдениятының ең жақсы раўажланған дәўири б.э.ш. IV-әсирлерге жатады. Геродоттың айтыўына қарағанда скифлер темир қылышқа сыйынған, оны акинак деп атаған. Б.э.ш. VII-VI әсирлерде әскерий-жемократиялық дүзим болған, Орайласқан мәмлекет болмаған. Скифлерде орайласқан мәмлекеттиң қәлиплесиўи б.э.ш. IV әсирге туўра келеди. Скифлердиң бир бөлеги дийханшылық пенен шуғылланып дийханшылықта бийдай, рощь, тары, АРПА, гречиха, бобовье, лен, кендир, еккен. Скифлердиң шығыс жағында Савромат қәўимлери жасайды. Б.э.ш XII-IV әсилерде Савроматлар (Волга) Едил-жайық (Урал) дарьяларының төменги алабынла жайласады. Усы жерден савроматлар басқа жерлерге таралып, басқа қәўимлерге араласады. Грек тарийхшысы, Герадот савроматларды ҳаяллар басқарған ел деп атайды. Савроматлардың қәбирлеринде ҳаялларды қурал-жарақлар менен бирге жерлегени ушырасады. Булар б.э.ш. IV-II әсирлерде савромат ҳаялларыныңда урысларға қатнасқанынан дерек береди. Бирақ сыртқы душпанлар менен урысты тийкарынан ер адамлар жүргизген. Савроматларда скифлерге қарағанда руўшылық дүзим күшли болған. Савроматлар өлген адамларының қәбирлери үстин ағаш салып, шөп пенен бастырған, кейин олардың үстинен топырақ, тас үйип төбешик қәлпине келтирген.21 Өлген адамларды қурал-жарақлар болған, қылыш, найза, Сары жай оғының ушы, аттың жүўени, суўлығы, темир зәңги, белбеў, ат тоғалары, безениў затлары менен бирге көмген. Қәбирге ат, қой, сыйыр сүйеклеринде салған. Савроматлар мал шарўашылық пенен шуғылланып, көшпели турмыс кеширген. 21. Смирнов К.Ф. Савроматы, М, 1964, 89 бет Б.э.ш. IV-III әсирлерде, Савроматлардың шығыс тәрепинде жайласқан, өзиниң келип шығыўы жағынан Савроматларға жақын, көшпели қәўимлер араласып, сиясий аўқам дүзиледи. Бул аўқамның басында Сарматлар турады. Сарматлар б.э.ш. II әсирдиң Дон дарьясының алабындағы Скифлерди де өзине қаратады. Нәтийжеде скифлер жасаған далалықларда Сарматлар пайда болады. Сармат естеликлери үш дәўирге бөлинеди: 1-ерте дәўирдеги сармат-прохоров мәденияты (б.э.ш IV-III әсир), 2-орта сармат-суслов мәденияты (б.э.ш. II- б.э. I әсирлери), 3-соңғы сармат (II- IV әсирлер). Бир бөлек скифлер сарматлар аўқамына киреди. Б.э.ш. III- б.э. IV әсирлериндеде Сарматлар Тобал дарьясынан Дунай аралығын ийелейди. Сарматлардан бизиң дәўиримизге шекем олардың қойымшылықлары ҳәм жеке қәбирлери келип жеткен. Олар өлген өз туўысқанларын руў қойымшылықларына апарып, ямаса өзлениниң көшип қонып жүретуғын жерлеринде жерлеген. Қәбирлерди текшее формасында, ҒлякатҒ түринде қазып, өлини қурал-жарақ, турмыста қолланған буйымлар, безениў затлар менен көмген. Қәбирлердиң үстине тас, топырақлар үйип, оларды бийик кургенға айландырған. Руў басшыларын, көсемлерин жүдә көп затлар менен ҳәттеки хызметкерлери менен де жерлеген. Сарматлардың қәбиринде бронзадан исленген, үш аяқлы қазанлар көп ушырасады. Сарматлардың темир қылышлары, скифлердикине қарағанда узын болып, бундай қылышлар ат үстинде турып, саүашларда душпанларды урып кесиўге қолайластырылған. Сарматлар қынлы қанжарларын белбеў қайысының оң жағына тағып жүрген. Сармат әскерлери атлы аўыр жарақлы ҳәм жеңил жарақлы пияда әскерлерден турған. Атлы аўыр жарақлы әскерлер үстине темирден саўатлар, басына темир қалпақлар, қолына қалқан ҳәм узын найза алып саўашларға шыққан. Сармат қәбирлери, Арал теңизиниң батыс жағында, Үстирттиң шығыс далалығында ушырасады. Б.э.ш III- б.э. II әсирлеринде көшпели Сарматлар Хорезм ели менен экономикалық байланыста болған. Қыстың суўық айларында Хорезмниң арқа-батыс шегарасындағы қалың қамыс арасына келип паналап қыслайтуғын болған. Бәҳәрдиң келиўи менен малларын айдап, Едил-жайық алабына қарап жылысатуғын болған. Эрамыздың II әсирлеринде Сарматларға Алан қәўимлери араласып, гейде сарматларды Аланлар деп те атайды. IV-әсирде Сарматлар көшпели Түрк Гунн қәўимлеринен урыста жеңилип, гунн қәўимлериниң қурамына киреди. Евразия көшпели шарўалар цивилизация белгилериниң бири жоқарыдағы ххххқандай бул жазыўдың ойлап табылыўы. Буннан басқа, Евразия көшпелилер, өзлерине тән ҒҲайўанат стилиҒ ямаса ҒСибир-скиф стилиҒ деп аталған, жәҳән тарийхына белгили болған көркем-өнерди ойлап таўып, турмыста кеңнен қолланылыўы болғды. Евразия көшпелилери- Ғскиф-сибирҒ, Ғҳайўанат стилиҒ Памир таўдан баслап, Жети суў, Урал, Арал бойларындағы Қаратеңиз шарўалардың мәденияты киреди. Арал бойы көшпелилердиң ылайдан күйдирилип исленгенКурильница, жертвенник затларда ҳайўанлар сүўрети бериледи. Скиф-сибир бххсында жергиликли фаунлар-таў ешкиси, архар, бүркит берилген. Евразия көшпелилеринде Қазанлары (ххххх) зооморфлық сүўретлер менен безелген. Көшпели Сарматлар искусствасында ҳайўанлар сүўрети жүдә аз, олар арыслар, барыс, аю, ат, қошқар, суўын, ешки фигураларын соққан. Көшпелилер қанжары, айнасы, қылышы, оқ жай менен бирге қабанның ҒҳайўанҒ сүўретин салған. Скиф искусствасына Месопотамия, Урарту, Иран, Грек көркем-өнериниң тәсири бар. Скиф көркем-өнеринде биринши сюжет қәўим көсеми, патшасы,. Адам образы, соң ҳайўанат сүўрети берилген. Сибир искусствасында ҳайўанлар сүўрети толық үстемлик етеди. Скиф сибир Ғҳайўанат стилиҒ бойынша әдебиятлар ҳәм дереклер ушырасады. Сүўретлер, иконографиялық анализ, көркем өнердиң өз-ара ҒсимбиозыҒ зооморфлық сюжетлер, мәниси, көркемлиги бойынша илимий баҳалаўлар жүдә көп. Күркем өнердиң дереги Сибирдиң бронза дәўири, әййемги шығыс цивилизациясы, қәўимлери өнери менен байланысады. Бул көркем өнерлер магиялық, анамизм, тотемизм көз-қарасларды билдиреди.22 22.Федоров Давидов Г.А, Искусства Кочевников. М.1976, 178 бет Евразия көшпелилери – номадылары.. скифлер, сарматлар, совраматлар, саклар, финно-угорлардың этникалық ҳәм мәдений байланыслары бойынша археологиялық материаллар көрсетеди. Археолог Қ.А.Акишев ҒАзия саклары ҳәм Европа скифлериҒ атамадағы мийнетинде Қаратеңиз жағасы, Днепр бойлары, Волга бойы, Урал етеклери ҳәм Арал бойы аймағындағы көшпелилердиң улыўмалық уқсаслығы барлығына дыққат бөлген. Скифлер мәденияты тийкарында саклар затларына хронологиялық жаңалық болады. Сибир, Алтай, Памир, Қазахстан (Ыссық), Жети суў, Орайлық Қазахстаннан саклар мәденияты табылды. Саклар ҳәм Скифлер мәдениятында ҒуқсаслықларҒ бул-жерлеў дәстүринде, затлары (гүзелери), әскерий қураллары, атлар ер турманында искусстволық затларында, көркем безениўинде жақынлық барын көрсетеди.23. Бул уқсаслық Скиф ҳәм саклардың этникалық-мәдений бирлигиниң жақынлығы. Қәдимги заманда Саклардың искусствосы кең территорияға тарағаны мәлим. ҒҲайўанат стилинҒ деги затлардың мәдений шегарасы болмаған, саўда ислери, саўға (дар) елшилер қатнасықларында, узақ ел журтқа көркем өнер зетлер тарағаны мәлим. Евразия даласында б.э.ш. VII-VI әсирлерде бронза, темирден исленген затлар Арқа Қаратеңиз, Волга бойы, Урал жағасы жерлерине тараған. ҒЖети суўҒ дан табылған бронза ҳәм темир кинжалда ҒҳайўанҒ сүўрети берилген (-47-) 23. Акишев А.К. Азиатские и скифы Европейские, Сборник АИ. Казахстана, Алма-ата, 1973,49 бет Қазахстан аймағында Саклардың ҒҳайўанатҒ стилиндеги көркем өнери бойынша А.К.Акишевтиң бир неше илимий жаңалықлары бар. Қазахстан регионында сикф-сибир түриндеги ҒҳайўанатларҒ көркем өнери гезлеседи. Иртыш дарья бойынан бронзалы пряжка (тағыншақ) табылды, бул 13 см көлеми, үш барс (пантера) сайғақ (?) ты қоршап турғаны ҳәйкел сыпатында салынған. 1. Украйналық Харков (Олвая) қурғаннан скифлердиң ҳайўанат стилинде барс (пантера) тулғасы табылды, ол б.э.ш. VII-VI әсирлерде соғылған. Қазахстанның Ақ төбе ўалаятынан барс (пантера) басы табылды. Арал бойынан Уйтарақ қәбиринен ххискеннен барс тулғасы табылды. Арал бойы, Батыс ҳәм Қубла Сибир жерлериниң барс тулғасының табылыўы бул еки регион арасындағы мәдений байланысты аңлатады. Сибир коллекциясында алтын блияхида барс (пантера) сүўрети салынған. Тувада бронза баслы барс сүўрети табылған. Сибир скифлериниң ҒҳайўанатҒ стилиндеги барс (тигр) қой, ешкилерге топылып атырған сүўрети табылды. Батыс Қазахстаннан барс ҳәм түйе сүўрети табылды. Б.э.ш. VI-IV әсирлерге тән ҒҳайўанатҒ стилинде соғылған. Скиф-Сибир ҒҳайўанатҒ стилинде ҳайўанлар гүреси бирин-бири талаўшылық (Терзания) б.э.ш. VI әсирден баслап кең таралады. Бухарадан табылған ҳайўанат стилиндеги пряжка юечжилерге тән болса керек. Археолог М.Қдырбаев еки түйениң айқасып атырғаны ХХХХ салынғанын ушыратады. Сибир коллекциясында түйе ҳәм барс гүреси бойынша ХХХХ (ылайдан исленген) тулға көп ушырасады. Солай етип, Ғҳайўанат стилиҒ ямаса ҒСкиф-сибир ҳайўанат стилиҒ Евразия көшпелилери мәдениятының көркем өнериниң әжайып үлгиси болады. Бунай, көркем өнер түрлери Саклардың әўладлары болған, Қазах, Қарақалпақ халықларының көркем өнерлеринде ушырасады. Пайдаланылған әдебиятлар Каримов И.А Тарихий хотирасиз келажак йўқ, Т. 1998 Каримов И.А Жоқары мәнаўият-жеңилмес күш, Т, 2008 Каримов.И.А Энг асосий мезон-ҳает ҳоҳикани акс эттириш, Т, 2009 Акишек А.К Искусство и мифология саков. Алма-ата, 1983 Бартольд В.В соч.., Т қ, М, 1965 Агбунов М.В Путешествие в загауочную Скифию, М, 1990 Артямонов М.И Киммерибцы и скифы, Л, 1974 Акишев А.К Курген Ыссык, М, 1978 Блэк.В.П К вопросу об истоках скифо-сарматского звериного стиля. Сб. Скифо-сибирский Звермный стиль в искусстве народов Евразии М, 1976 Ульницкий Л.А. Скифия евразийских степей, Новосибирск, 1977 Войнберг Б.И. Памятники Кулосайской культуры Труды Хорезмской экспедиции. вып.XI, М, 1979 Войнберг Б.И. Этнография в древности Турана, М, 1999 Вышневская О.А. Культура сакских племен низовыв Сырдарьи в VII-V вв п.э., М, 1973 Герадот. История, Л, 1972 Граков Б.Н. Скифы, М, 1971 Ильинская В.А Современное состояние проблемы скифого стиля, М, 1976 Қазахстан тарийхы (ХХХХ) Алматы, 1994 Кочевники на границах Хорезма. Т- XI, М, 1979 Кузьмина Е.Е. В стране Кавауа и Афрасисда, М, 1977 Смирнов К.Ф. Савромато-Сарматский звериный стиль, М, 1976 Смирнов К.Ф. Савроматы, М, 1948 Толстов С.П. По древним дельтам Окса и Яксарта, М, 1962 Толстов С.П. Древний Хорезм, М, 1948 Максимов Е.К. Новые находки Савроматского зверинего стиля в Поволжье, М, 1976 Черников С.С. Загадки золотого Кургана, М, 1965 Цветаева Г.А. Сокровища Причерноморских Курганов, М, 1968 Абаев Б.И. Скифы и Осетины Курьер, ЮНЕСКО, январь, 1977 Пиотровский Б.Б. Скифский мир. Курьев ЮНЕСКО, январь 1977 Доминский Я.В. Скифы-Кочевники, пастухы, войны. Курьер ЮНЕСКО, январь, 1977 1 2 9 Смирнов К.Ф. Сарматы, М., 1964, 105-бет 3 Смирнов К.Ф. Савраматы М., qoyr, qu0 бет 19 Вышневская О.А.Культура сакских племен низовьев Сырьдарьи в VIII-V вв. донэ М, 1973, 102-бет. 20 Акишев А.К. Курган Иссык М, 1978, 76-бет. Download 361 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling