Кирисиў Теманың актуаллығы


Көшпели саклардың материаллық мәденияты


Download 361 Kb.
bet5/7
Sana28.09.2023
Hajmi361 Kb.
#1689658
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Кдырниязов З. диссер.

Көшпели саклардың материаллық мәденияты.
Б.э.ш.VIII-VI әсирлердеги сак қәўимлериниң материаллық мәденияты, б.э.ш. ғ мыңыншы жыллардың ғ-ярымында Евразия кеңислигинде турмыс кеширген Андронов көшпели қәўимлердиң мәденияты тийкарында қәлиплеседи. Андроновлар Хорезмге араласады. Едилден Сибирь аралығында жасаған көшпели, Андронов қәўимлери б.э.ш. ғ мыңыншы жыллары атты қолға үйретип оны күнделикли турмыста, урысларда пайдаланады. Сак қәўимлериниң пайдаланған қурал-жарақлары қанжар, қылыш, найза, сары жай оқлары, атлардың тоқымлары, жүўен, тағалары, темир зәңгилери андроновлардан телетин етик, кийиз қалпақлардың формаларын қбыл еткен. Иран ҳәм түрк тиллеринде сөйлеген көшпели Андронов қәўимлериниң дини, өлини жерлеў дәстүрлери, космоногиялық, мификалық-апсаналары, Жан сойып садақа бериў дәстүрлеринде саклар қабыл алған. сонлықтанда Дарий I патшаның Бехустин жазыўында саклардың дини турақсыз, олар ахурамаздаға исенбейди деп айтылады.
Массагетлердиң ең баслы қудайы қуяш болған, оның ҳүрметине садақа берген. Саклар отқа, суўға караматлы деп исенген. Греклер сакларды дүньядағы ең әдил дурыс сөзли, ҳаққыйқатты жақлайтуғын қәўимлер деп есаплаған.
ә9ү9-ә9ў0-жж Алма-атадан ө0 км, Ала таўдың арқа баўрайларында саклардың Ыссык деп аталған қәбири қазып изертленеди. Курган-қәбирдиң бийиклиги үм, диаметри ү0м болып, оны қазып изертлегенде ишинде бойы әүө см болған адым сүйеги табылады. Бул адамның үстиндеги кийимли алтын затлар менен безелип оның менен бирге ң000нан аслам алтын ҳәм гүмистенисленген буйымларды бирге көмгени анықланды. ыссық қәбиринен гүмис табақтың сыртына сызып жазған ең ертедеги сак жазыўы табылды. Илимпазлар бул жазыўды ертедеги түрк тилинде жазылған деп болжап отыр. Олай болса түрклерде де жазыў индо-европалылар менен бир қатарда болғанын дәлиллейди. Ыссық Ғалтын адамыҒ б.э.ш. V әcирде жерленген.
Сакларда өлген адамларын, олардың өз өмиринде пайдаланған буйымларын қосып жерлеў дәстүр болған. Скифлер, б.э.ш. VIII-VII әсирлерде Қара теңиздиң арқа кеңислик далаларында киммерийц қәўимлери менен бирге жасаған. Жақсы шөлкемлескен қурал-жарақлы әскерлерге ийе болған кеммерийцлер б.э.ш. VIII-VII әсирлерде Киши Азия, Мидия, Ассерия ҳәм Урарту еллерине атланыс жасап, ол еллердиң байлықларын талап қайтып турған. Геродоттың айтыўына қарағанда б.э.ш. VII әсир скиф қәўимлери киммерийцлерди Қара теңиздиң арқа далаңлықларынан қуўады. Киммерийцлердиң бир болеги скифлер менен иараласып кетеди. Б.э.ш. VII әсирлерде скифлер Дунай, Дон дәрьясы аралығында, Азов бойларында ҳәм Қырым ярым атаўында жасайды. Скифлердиң батысында сармат қәўимлери, ал шығысында Дон дәрьясынан жайыққа шекемги аралықта Савромат қәўимлери жасайды. Арқа Кавказ ҳәм Кубан бойы далаңлықларын Меот ҳәм Синди қәўимлери ийелейди.
Геродоттың айтыўына қарағанда скифлер массагетлердиң топылысына шыдам Бере алмай, Аракс (Волга) дәрьясы арқалы өтип, киммерийцлердиң жерин ийелейди. Скифлер ғҳ жыл даўамында алдыңғы Азия еллеринде үстемшилик етеди. Б.э.ш. VII әсирдиң басында скифлер Мидия патшалығынан жеңилип, Қара теңиздиң арқа жағаларына қайтып келеди.
Грек тарийхшылары скифлердиң арбалар менен көшип, қонып, мал асырап турмыс кеширгенин жазады. Скиф ауыл-елатлары руу-қәўимлериниң аты менен аталатуғын болған, оларда қәўимлерди ақсақаллар басқарған. Б.э.ш. V әсирге жататуғын Днепр дәрьясы алабындағы, майданы әғ0 га Тас қала, скифлердиң сиясий басқарыў, өнерменьшилик, мәдений, саўда орайы болған. Скифлердиң сиясий басқарыў, өнерментшилик, мәдений, саўда орайы болған. скифлер таў кәнлеринен металл өндирип, оннан қурал-жарақлар ислеген. Мыстан казан таярлаған, сүйеклерге ойып нағыслар салған. скифлерде тери ийлеў, жүнди ийирип, тоқып кийимлер тигиў өнерментшилиги гулалшылық пенен шуғылланған.
Б.э.ш. V- IV әсирлерде, Дон бойларында скифлердиң Елизавета, Белозерская деген қалалары болған. скифлерде қалалардың кейинирек пайда болыўы, олардың мал шарўашалығы менен шуғылланып көшип-қонып турмыс кеширгенинен болыўы керек. Скифлер мал шарўашылығында ири қара маллар, жүнли қойлар, жылқы, шошқа, қусларды асыраған. Маллар ушын жарамлы кең жайлаўлар излеп көбирек көшип қонып жүрген. Скифлер атты жүдә жақсы көрген. Олардың аттың үстинде узақ ўақыт жүриўине туўра келген. Атларының тоқымын ертурманларын жақсылап безеген. Скиф мәдениятының ең жақсы раўажланған дәўири IV әсирге жатады.3
Скифлер өлген адамларды оның тири ўақытында пайдаланған затлары менен бирге көмген. Скиф қәбирлеринен көбирек мыс қазанлар, қурал-жарақлар, безениў затлары ушырасады. Скифлердиң көсемлери урыў басшылары өлгенде оларды минип жүрген атлары, хызметкерлери, қуллары ҳәттеки хаялларын да өлтирип көп байлық пенен жерлеген. Б.э.ш. VI-V әсирдеги скиф қәбирлери болған Чертомлық, Тольстой, Куль-обалардан, Жер Орта Теңиз еллеринен келген затлардың табылыўы скифлердиң Киши Азия, Греция, Урарту еллер и менен мәдений байланыста болғанын дәлилейди. Толстой қәбиринен табылған қылыштың алтын қабы, пектороль (латынша пекторолис-жүрек алдына тағатуғын безениў заты)қылыш қынына салынған, урысып атырған қоразлар, суўынды тислеп қыйнап атырған грипонлар, жылқыға умтылып атырғаны берилеген. Толстой қәбирине скиф патшасы менен бирге оның аты, ҳаялы, балалары ҳәм хызметкерлери бирге жерленгени анықланды. солоха қәбиринен табылған атлы әскерлердиң пияда әскерлер менен саўашы берилеген.
Б.э.ш. VI-IV әсирлеринетәе нәрсе, көплеген безениў затларында ҳайўанатлардың сүўрети, тырнақлы аяқларын астына басып, гейде секирмекши болып турғаны алдында бериледи. Ҳайўанатлардың сүўретлерин, бундай ҳәрекетте бериў олардың диний түсиниклерине байланыслы болўы керек. Сол затларда берилген сүўретлер лның ийесин ҳәр қандай зыянлы нәрселерден қорғайды деп түсинген. Бундай әжайып етип исленген сюжетли-сүўретли затлар, археологиялық әдебиятларда Ғҳайўанат стилиҒ деп аталады. Ҳайўанат стили Қара теңиз жағаларында Орайлық Азия, Арал бойларында, Сибирь жерлеринде жасаған сак-скиф қәўимлериниң мәдениятына тән болған. Скиф мәдениятына тән нәрсе, әдебиятларда жазылғанындай, үшлик (триада) болады. Бул үшлик қурал-жарақ, аттың ер турманларына тийисли, жүўен суўлығы, зәңги, тағалар ҳәм ҳайўанат стилинен турады. Скиф қәбирлеринен қазғанда усы үшликлер жийи-жийи ушырасады. Геродоттың айтыўына қарағанда, скифлер темир қылышқа сыйынған, оны акинак деп атаған. Б.э.ш. VII-VI әсирлерде скифлерде әскерий- демократиялық дүзим болған, орайласқан мәмлекет болмаған. Скифлерде орайласқан мәмлекеттиң қәлиплесиўи б.э.ш. IV әсирге туўра келеди.
Скифлердиң дийханшылықта бийдай, рошь, АРПА, гречиха, лен, кендир еккен. Бир топар, Евразия көшпелилер тийкарынан көшип-қонып турмыс кеширген Евразия көшпели шарўалар, тек Хорезм менен ғана емес, ал, Орайлық Азия мәмлекетлери менен де, саўда, мәдений ҳәм экономикалық байланыслары болған. Евразияның кең далалары менен таўлы районларында жасаған саклар, Батыс ҳәм Шығысты, Жер Орта теңиз аймағы ҳәм Кытай еллерин байланыстырған аралықта саўда алып барады. Б.э.ш. I мыңыншы жыллықтың ортасында Карўан жолларда саўда ислейди. Хуан хэның қаласынан басланған жол, Алтайдың шығыс тәрепинен өтип, Қазахстан, Арал бойлары ҳәм Қара теңиз жағаларына барып, греклер менен этруслар жерине дейин саўда байланыста болады. Геродоттың жазыўына қарағанда, ески жол Қаратеңиз жағасы арқалы өтип, Дон жағаларына, оннан, Қубладағы Урал етеклериндеги савроматлар жеринен Иртыш бойына, оннан ары Алтайдағы агриппилер елине барып, оннан және Қытай ҳәм Монголияға шығып кететуғын болған. усы карўан жолдың узын бөлеги Қазахстанды, Арал бойларын кесип өткен. Қытай жипеги менен Иран гилемлери усы жол арқалы сакларға әкелинген. Усы гилем ҳәм жипек таўарларының қалдығы Алтайдағы Пазырак курган-қәбирин қазғанда табылды.әә

Download 361 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling