Кирисиў Теманың актуаллығы


III-БАП Евразия көшпелилердиң көркем өнери


Download 361 Kb.
bet6/7
Sana28.09.2023
Hajmi361 Kb.
#1689658
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Кдырниязов З. диссер.

III-БАП
Евразия көшпелилердиң көркем өнери.
Саклардың көркем өнерин изерлеўшилер биринши жағынан саклардың көркем өнери Иранның Ахемнийдлер және Бактрияның көркем өнери менен, екинши жағынан ҚытайдыңЧжоў менен Хань дәўирлери көркем өнери менен тығыс байланыслыдеп есаплайды.
Археология илиминде саклардың Ғҳайўанат стилиҒ өнериниң қайсы жерде, қайсы дәўирде пайда болғаны ҳаққында түрли болжаўлар ушырасады. Бабажан қонысы менен Сурх-Дум естелигинде соңғы жыллары алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде, Луристан табылмалары болған, жер баўырлап жатқан ҳайўан, қойдығ басы сыяқлы устағысы бар қайрақ тас, жыртқыш ҳайўан менен зуўлап баражатқан суўынлар, атлар менен түрлердиң көрниси берилген. Әлбетте, саклардың көнкем өнеринежатқарып болмайды, бул бир-биринен ғәрезсиз пайда болған. Б.э. шекемги бир мыңыншы жыллар басында ҳәзирги Иран аймағында Иран тилинде сөйлеўши қәўимлеркелип орналасады. Солардың тсиринен бул елге, әдет-үриплер ҳәм қурал-жарақ, ат турманлары таралады. Соның менен бирге Иранлар, Ассирия, Элам ҳәм Урарту мәденияты менен танысып, олардың үлгилерин қабыл етеди. Иран ахеменийлердиң көркем өнери усылай пайда болса, ол саклардың көркем өнерине өз тәсирин тийгизеди. Сак, скифлер Алдыңғы Азия жүрис жасағанда олардың көнкем өнери менен танысады. Тувадағы Аржан курган-қәбирин қазып изертлегенде, оның диаметри әғ0 м, бийиклиги қм болып, қәбирден жуўан боренлерден қойылған көлеми ҳ ге ҳм, үлкен там бар екнеи анықланды. Сол тамға ағаш табытта саклардың көсеми жерленген. Ол көсемниң жанында бр неше адамлар сүйеги болып, олар о дүньяға өз көсеми менен бирге кеткен адамлар болған. Қәбир ишинде әү0 ат жерленген. Бул Курган-қәбир ерте дәўирде таланған. Соған қарамастан қәбирден археологлар көп затлартабады. Қәбир б.э. шекемги VII әсирге тийисли болып, бул жерден сабы қабан денесиндей қанжар, алтын безениў буйымлары, қайыс таға т.б. табылады. Усыған қарап археолог илимпазлар, саклардың Ғҳайўанат стилиҒ Азия даласында пайда болды деп болжайды. әғ
Орта Азия, Евразия, Арал бойы аймағында антик дәўирден баслап ҳәр қыйлы миграциялық процесслер болды. ҒХалещлардың уллы көшиўлериҒ ақыбетинен бир неше руў-қәўимлер ҒизсизҒ жоқ болды. Сол Ғизсиз жоқ болған халықларҒ (исчезнеееееееевщие народы) дың тариаллық мәденияты күл басқан қалалар, қәбирстан (некноголь) шөл-далаларда төбелер болып қалғаны мәлим.

Евразия сахраларын жайлаған қәдимги көшпели шарўа халықларының (скиф, сак, тур, массагет, хуж, бунн, түркийлер) көркем өнерин үйрениў, баҳалаў, қәдимги бабаларымыздың руўхыйлығын көре билиў, қәдир-қымбатына жетиў, илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылық, тәрбиялық әҳмийети бар екенлиги анық.


Евразия көшпелилери саклар, соң түркий қәўимлер (Огуз, қыпшақ ҳ.т.б.) хожалығы, мәденияты бойынша археологиялық, этнологиялық әдебиятлар жүдә көп. Евразия халқының бир локаль регионы - Приаралия болып табылады. Қәдимги заманларда, Сырдәрья дельтасында саклар жасағаны мәлим. Б.э.ш. IIIмыңыншы жылларға археологиялық дереклер, тарийхый мағлыўматлар тйкапрында Арал бойы көшпелилер-саклар мәденияты ҳәм көркем өнери раўажланғанын көремиз.
Ғәрезсизлик жыллары түркий халықлардығ келип шығыўы қәлиплесиўи, түркий қағанаты (мәмлекетиниң тарийхы) мәдениятын изертлеўде жаңа идеялар, жаңа көз-қараслар пайда болды. Орта Азия түркий халықларының тарийхында терең из қалдырған түрк империясы дәўири, түркий қәўимлер мәденияты, тили, жазыўлары, әдебияты руўхыйлығы, үрп-әдетлери ҳә дәстүрлери бойынша илимий мийнетлер жүдә көп. әқ
Евразия шарўа халықлары- саклар, соң түркий халықлар (Огуз, печенег) мәдений мийрасын археологиялық изерлеўлерде Приуралия, Арал бойы регионында жаңа ашылыўлар болмақта. Қубла Арал бойына VI-VIII-әcирлерде түркий ҳәм түркий емес көшпели шарўа қәўимлер миграцияда келгени, олардың Некроиоль Қусхана таў, Қырантаўдан табылды. Түркий шарўалардың көркем-өнерлери метал, ылай (керамика), тас, ағаш, сүйектен исленгени анықланды. Түркий экослардағы мификалық сюжетлер, мәселен, қанатлы ат, қанатлы түйе, кийик анна, кийик еркек, бөри, алтын айдарлы Умай анна тулғасы, қусларға кийели деп қараў ҳ.т.б. сюжетлер, материаллық мәдениятта өз сәўлелениўин тапқанын көремиз.
Евразия көшпелилериниң бир регионы-Кердер мәдениятына, көркем өнерине қанатлы ат, қос өркешли түйе, кийим, үйрек, кептер, балық, бүркит сүўретлердиң бары анқланды. антик дәўир ҳәм ерте орта дәўирлердеги бабаларымыздың руўхыйлығы, идеялогиясы, исенимлери ҳәр қыйлы, бай болғанын көрсетеди. Орта азияның еки дәрья дельта бойларында, ҚублаАрал территориясында б.э.ш. VII-эрамыздың IV-әсирлери аралығында отырықшы дийханшылық пенен шуғылланған елатлар менен көшпели шарўалар этномәдений байланысларда болған, өз-ара симбиозы нәтийжесинде көркем өнери қәлиплескен. Самарқандтың Даргам каналы жанынан түйе тулғасы, варахшадан қанатлы түйе тулғасы табылды. Қәдимги саклардың бронза қазаны (котел) Ғҳайўанат стилиҒ инде туяклар берилген. Пенджнент храмнан бронза ҳайўан қулағы (ухо) табылды. Суғд искусствасында қанатлы түйе фигурасын соғыў болған. Пенджкенттен қанатлы түйе сүўрети табылды, сондай-ақ АТ-Пегис (қанатлы аттың еки сүўрети) табылды. Пенджкенттен қанатлы қошқар сүўрети де табылды.әң Орта Азия көркем өнеринде қ00морфлық қанатлы тахт (троп) сүўретленеди. Тахттың қасында атрибутлары, предметине затлар болған. қанатлы түйе, ат, алтар, курильница ҳәм Жеңис қудайы көркем өнерде сәўлесин тапқаны мәлим. қәдимги Нахшабтан еки өркешли түйе мөри (печат) табылды. ҒАвестоҒ ның мификалық аңызларында Варахран (Веренрагн) қудайы биресе Адам, биресе түйе тулғада болады. Түйе образы-қүдиретли, күшли ҳәм мәнисте билген. Богра=түйе=хан. Түйе образы-көшпели қәўимлердиң урыў, династиялық, беральдикалық тамғасы болған. Бухара (Бугэ) тахтында жети алтын түйе ҳәйкели болғанын, алтыннан арслан ҳәйкели, алтынат ҳәйкели, алтын қышкар ҳәйкели болғаны туўралы Кытай дереклеринде жазылған түйе фигуралы кушан теңгелерде, Бухара, Суғд, Кердер монетларында орын алғаны мәлим. Б.э.ш. I мыңыншы жыллардың I шерегинде, Арал бойы көшпели сак этнослар, прототурклер ҳәм индо-европалы ҒарибларҒ мәденияты бойынша соңғы жылларда изертлеўлер алып барылды. Б.э.ш. VII-IV әсирлерде, Хорезм дөгерегинде саклар-массагетлер, апасиаклар, дийханшылықлы турған елатлар менен баыланыста жасаған. Арал бойы көшпели саклар б.э. VI-V әсирлерде ахемений Иранларға ғәрезли болып, олар Иранға салық төлеп турған, ахемений патшаларының урысларына қатнасқан. Арал бойы саклардың бас орайы Бабиш Мулла қаласы болған. Б.э.ш. IV әсирде, Хорезмлилер Иран ахеменийлеринен өз ғәрезсизлигине ериседи. Бул Хорезмлилердиң ғәрезсизликушын гүресине, Арал бойы Хорезмлилердиң қоңсысы саклар жәрдем береди. Евразия көшпели шарўалардың географиясын еске алсақ, онда жазба дереклерге ҳәм археологиялық материалларға қарасақ, Урал таў етеклеринде исседонлар жасаса, Волга бойында, Қара теңиз жағаларында савраматлар жасаған, Арал бойларында, Сырдәрьяның дельта бойларында, Узбой етеклеринде массагет-апасиаклар жасайды. Бул көшпели шарўалар, Хорезм менен тығыз экономикалық, саўда, мәдений байланыста болғаны ҳаққында биз атап өттик. Евразияның шығыс бөлиминде, сак, хунн, сунн, гунн, динлин, тем, юечжи қәўимлери турмыс кеширеди.
Батыс Сибирь, Қубла Сибирь, Шығыс Европа, Евразия, Орта Азия аймақларындағысаклардың көркем өнер мийрасларын изертлеўлер ең дәслеп әҳўў-жылы Афганстан шегарасында, Әмиўдәрья (Вахш) жағасынан алтын ғәзийне-исскустволық мийраслар табылыўы менен басланды.әө көркем өнер таныўшылар археолог О.М.Дальтон, бул сак исскуствосы б.э.ш. V-IV әсирге тән деп уйғарды. Олар Британия музейине алтын затлар әө00 теңгелер экспонат болып түскен еди. Бул затлар арасында алтын ҳәм гүмис статуэткалар ҳәр қыйлы ўайўанлар, қус сүўретлери болған. Ғәзийнеде алытн билезик, әө жүзик, блячка, нодвеска, қанжар, грифон сүўреилери болған. Илимпазлар бул ғәзийнени- ҒХрам ғәзийнесиӘ Дейди. Саклар исскуствосында ҒАлтын браслетҒ бүркит тумсықлы грифон берилген.Иран исскуствосында Ғҳайўанат стилиндеҒ блезик дәстүрли болған. ҒАлтын жүзиктеҒ арыслан формасы грифон соғылған. Шығыс памимрдеги саклар естелигинен бронза бляшка, оқ жай гришлары, таў ешки тулғасы, айыўдың блячкасы табылды. Археолог Бернштам А.Н. сак көркем өнерин б.э.ш. V-IV әсирге тән деп жазды. Алтай таўы, Жети суў бойлары, Памир, Мунисин жерлеринде саклардың тийкары салын жасаған. Шығыс Памир, Мурғап бойы ҒАқ қәбирденҒ табылған сак мийрасында бака (лягушка) балық сүўретлери бары анықланды. Қызыл рабат естелигинен археолог Б.А.Латвинский бронза блячкасында грифон басын (б.э.ш. III-II әсирге тән) тапты. Скиф-саклар көркем өнери Шығыс Түркистан, Индия жерлеринен табылды.
Әмиўдәрья делтасындағы Хзарасп, Хумбузтөбе естеликлеринде Евразия көшпелилеринң көркем өнери ҒизлериҒ ушырасады. Қызыл реңли гүзеге арыслан баслы уылағыш (ручка), ҳаял-умай басы, гүзе формасы гезлеседи. Хумбузтобеден табылған керамикалық плитада еки мификалық дракон (аждарха) сүўрети салынған. Әййемги шығыс исскуствосында драконды салыў кең таралғаны мәлим. ҒХорезм драконыҒ- археолог М.Мамбетуллаев пикиринше, скиф-сакисскуствосы, ахеменийлер мәденияты менен үнлес келеди. Хорезм ҒтарағаҒ (гревни) басында ҳайўан сүўрети берилген, бул қубла Сибирь исскуствосына жақын. Хорезм исскуствосында жалын сүўрет орын алған. Хорезм көркем өнеринде ҒАтлыҒ жаўынгер сүўрети салынған керамикалық ритмди ҳайўан сүўрети бар. Херезм ҒкурильницаҒсында үгиз басы берилген, қарамал статуэткасы табылған. Өгиз басы Анка қаладан табылды. Қарамал өгизге кийели (культ) қараў Индия, Алдыңғы Азия орта жер теңизи көркем өнеринде бар.Өгиз образы малшылық, тухам (плодородия), ийним (культ) болған. Иран, Хорезмде өгиз культа болған. Хорезм көркем өнеринде ат терректалық статуэткасы, түйе (буғра) фигурасы ушырасады, булар көшпелилер Ғҳайўанат стилиҒ н өз-ара ҒсимбизҒ дан дерек береди. Бунда ҳайўанатларға сыйыныў сак көшпели этносларға тән болған.
Жети суў, Тянь-Шань жерлеринен табылған бронзадан исленген курильницада еки өркешли түйе тулғасы берилген. Түйе тулғасы соғылған. бул сак-усун қәўимлериниң мәдений мийрасының бири. Сак-уйсунлардың Алтар-стокик туяғында түйе аяғы соғылған. Курильница, ыдыс (гаще) ернегине қанатлы барыс, қанатсыз жолбарыс, ешки, антропоморфлық тулғалар берилген. Курильницадағы түйе, барыс тулғалар символикалық мәнисте салынған. Қос өркеш-шығыс ҳәм батысты аңлатқан болса керек.
Түйе (бугра) Астр-Устр образы түркий-огуз қәўилериниң дастаны ҒОгузнамаҒ ҳәм ҒҚорқыт атаҒ да берилген. Қорқыи батыр, Жыраў қанатлы түйе менен ушып, шаўып жүрген. Алп (түйе) образы ҒАлпамысҒ дәстанында түйе бағыўшы шопанлар ҳаққында жазылған. түйе образы- көк тәңирдиң ҳайўаны сыпатында тәрийпленеди. Қалмақ дәстанында Көк тәңир буграсы сыпатында көремиз.әү Түйе=бугра=Азраил-жаўыз, өлим әкелиўши қудай сыпатында тәрийпленеди. ҒАвестоҒ китабында түйе-самал, қуйын, даўыл болса, түйени жел көтереди-деген мақал бар. Қәдимги индо-европа-арий қәўимлериинде Атхим түйе космослық ҳайўанатлар болған. Қуслардан кептер, ғаз, тырна, туяқлы ҳайўанлар қой, өгиз,қабан, суў ҳайўаны, бақа балық, ҳ.т.б. ҳайўанлар көркем өнеринде өз сәўлесин тапқаны мәлим.
Сибирь, Алтай, Евразия, Шығыс Европа, Орта Азия аймақларында көркем өнерде Ғҳайўанат стилиндеҒ сүўретлер, фигуралар, үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлер бәрин археологиялық дереклерде көремиз. Белгили археолог С.П.Тольстов ҒҚәдимги Хорезм цвилизациясы саклар цвилизациясында ҒзооморфлықҒ сүўретлер барын жазды.әў Акедемик Тревер, И.А.Ортели мийнетлеринде Иран-Сасаний исскуствосында Ғҳайўанат стилиҒ, сасанийлердиң гүмис металларында зооморфлық фигуралар барын көрсетти. К.В.Тревер ҒСен-МурвҒ ийт-қус (собака-птица) илимий мийнетлеринде зарастризм исскуствосында қанатлы ийт, қус ҳайўаны, қуяш ийти образында болатуғынын жазды. Акедемик Г.А.Пугаченкова ҒТүркменстан исскуствосыҒ мийнетинде қәдимги көркем өнерде зооморфлық сюжетлер барын көрсетти. С.Б.Лунина Мерв қаласының керамикасында зооморфлық сюжетлер барын жазды. Бишкек-Қараханийлер қәўимлериниң көркөм өнеринде зооморфлық барын Л.Б.Брусекко жазды. Ферғана түркийлериниң зооморфлық керамикалары бойынша ГюА.Брикина изертледи. М.Мәмбетуллаев, О.Юсупов Кердер сырланған керамикаларда Ғҳайўанатлар стилиҒ барын жазды.
Евразия за гурал көшпелилери ҳәм отырықшы халықлардың көркем өнериниң металларда, ағашта, алебастр, мраморларда сәўлелениўи бойынша археологиялық әдебиятларда орын алды. Метал ыдыста арслан, қабан, қоян, қасқыр, ийт, үг жейран, еки қус, жолбарыс, жабайы жылқы, қулан сүўретлери салынған.
Тянь-Шань, Алтай, Қубла Сибирь, Байкал, Сырдәрья, Әмиўдәрья, Вахш, Пяндж, Атрек, Қубла Түркменстан жерлеринде табылған. метал буйымларда Ғҳайўанат стилиҒндеги сүўретлер орын алғаны мәлим. Россияда, Вятка дәрья бойы, Турушева тогайдан табылған гүмис шелек, гүмис затларда сасанийлер исскуствосынан бай мағлыўматлар береди. Светильникте ҳайўанат сүўретинде берилген. Светельникте ҳайўан ҳәм өсимлик сүўрет бериў иран, Қытай исскуствосы менен үнлес келеди. Прикамьядан табылған гүмис ыдыста Атлы хорезмейц образы берилген. Түйе-суў культы көклемзарлық (плодордия) нышаны болған. Хобан елинде Түйе ҳәйкели болып, халық сол жерде сыйынған. Хорезм көркем өнеринде Түйекөз нағыс орын алған. Кердер көркем өнеринде түйе, қанатлы ат тулғасы металлдан исленген. Хорезмниң арқа-батысында, жайласқан, Айбүйир қаласы жанында, Үстирттиң шығыс тәрепинде жасаған көшпели сарматлар өз мархумларын қәбирлерге жерлеген. Өлик жерленгеннен кейин оның үстине топрақ үйген, гейде таслар қалап төбешик еткен. Төбешиклер көбинше дөңгелек формада болып олардың диаметри қ-9 м, бийиклиги қөсм-ә,өм Ге шекем болған. Улкен диаметри ә0-ғ0м, бийиклиги ө-әғм болған төбешиклер қәўим, урыў басшылары жерленген.Айбүйир қаладан табылған, сарматларға тән гулал ыдыслар, қаланың көшпели шарўалар ушын саўда орайы болғанын дәлилейди. Усы шегарадағы қалада Хорезмлилер менен көшпели шарўалар экономикалық байланыс жасаған, затлар алмасқан. Әлбетте, саклар қәбирине ўәр қыйлы баҳалы турмыста пайдаланған затлар, қурал-жарақлар, мийнет қураллар, безениў затлары қоса көмилген. Бирақ көбинше бул баҳалы затлар барлық ўақытта урланған болған. Сонлықтан Үстиртте көбинше урланған қәбир-төбешиклер көп ушырасады.ә9ў9 жылы Үстирттеги Қасқа жал естелигинен б.э.ш. IV-III әсирлерине жататуғын көшпелилердиң қәбиринен ойылып тесилген Адам бас сүйеги табылды. Тесиктиң айналасында, ушы өткир қуралдың изи сезиледи. Бул адамның басына оның тири ўақтында операция (трепанация) исленген. Бундай операция, бурын, Адам бас кеселлиги күшейип эндрокрин менен аўырса ислейтуғын болған. бул туўралы б.э. шекемги IV әсирде Гиппократ Эллин Грецияда медиклердиң эпилепсия қусаған. аўырыўларды емлеў ушын басты трепанациялаўды қолланатуғынын айтады. Бундай бас сүйек қалдықлары Хорезм қойымшылықларында да ушырасады.
Саклар, Иран ахеменийлери Бактрия, Хорезм ҳәм Қытайлардың Чжоў және Хань дәўириндеги көркем өнерлери менен таныс болған. б.э.ш. VII әсирден баслап саклар арасында кең таралған. ҒҲайўанат стилиҒ атлы көркем өнертүрикөп таралады. Көп ғана буйым затларда, қошқар, түйе, жолбарыс бүркит сыяқлы жәниўарлар көринислери салыныўы, оларда ҳайўанлардың бир-бири менен айқасып атырған образлары бериледи. Саклар, алтын, гүмис, бронза металлардан безениў затларын көп исследи. Басқа халықлар сыяқлы сакларда тәбият қубылысларына- күнге, гилдирмамаға, найзағайға, самал-күшли даўылларға караматлы деп исенген. Бул тәбийғый қубылыслар оларға қудайдай болып көринген. Саклардың түсинигинше қудайлар, қанатлы ат тулпарлар, қуслар, басқа ҳайўанлар түринде көринеди деп ойлаған. усы образдың мифологиясы-аўызеки әпсаналарда кең орын алғаны ушын Ғҳайўанат стилиҒ пайда болады. Саклардың зергерлик көркем өнерлери үлгиси (сырға, бронзадан исленген жүзик, қурал-жарақлар, ҳайўанат сүўретлери менен безеген буйымлары) Тагискен, Уйгарак, Ыссық қәбирлеринен, Хорезм қалаларынан табылады.
Саклардың мифологиясында атлар күн менен от пенен байланыслы болады. Дүньяны жаратқан көк тәңири Митра, Авестода жазылғанындай арбаға төрт ат жегип шаўап жүреди. Бул атларға Сурья, Яма, Агни, Индира қудайлардың қатнасы болады. Сак қәбирлеринен олардың сопақ бас кийимлерине қадалған тулпарлардың сүўретиниң табылыўы бул күнниң белгиси болған қанатлы тулпар атлар ҳаққында Қарақалпақлардың Алпамыс, Қоблан дәстанларында ушырасады. Саклардың дүнья (космос) дүзилисин түсиниўи ҳаққында өзлерине тән болжаўлары исеними болған. Дүньядағы қубылыслар, өзгерислер, тәртип бирлиги ирмониялы болады, дүньядағы қубалысларды уйымластырыўшылар.
Митра,Варуна, Индра қусаған қудайлар болады, ал дүньяның үлгиси-модули оларға үш дүньяның жер асты дүнья төменги, Жер орта дүнья- жер бети ҳәм жоқарғы дүньялар аспан . мине усылардың өз-ара бирлиги болып есапланған. Олардың түсинигинше дүньяның төрт тәрепи-оң, сол, алғы ҳәм артқы тәреплери болған. Улыўма алғанда Евразия саклардың массагетлердиң ҒХайўанат стилиҒ сак қәўимлериниң дүньяны аңлап түсиниўдеги хақықый көриниси. Олардың мифологиясының көркем-өнеринде сәўлелениўи саклардың идеологиясының қәлиплескенин дәлиллейди.
Б.Э.Ш. VII-VI әсирлерде саклардың жәмийетлик дизими көнфедративлик мәмлекетлик дәрежесине көтериледи. Антак дәўиринде саклар, Сарматлар, Қоңлылар, Гуннлар, Телешилер т.б. Арал бойы қәўимлери өзлерине тән материаллық руўхый мәдениятты диний дәстүрлерди дүзеди. Усы дәўирлерде Қарақалпақстан аймағында ерте түрк тилинде сөйлейтуғын халықлар қәлиплесип жасайды. Хорезмди қоршаған өзин өзлери басқарып ғәрезсиз жасаған көшпели ярым отырықшы саг массагет қәўимлериниң мәмлекетинен Б.Э.Ш. 530-жылы Акес-узбой бойында, Иран шахы Кир қаза тапқан. Массагетлер усы дәўирде Узбой алабында, Үстиртте Айбүйир дөгерегинде жасап тиришлик етти. Мине усы жерлерде өз естеликлерин қалдырды.әҳ
Б.Э. II-III әсирлеринде Хорезм қалаларының көшпели қәўимлер қоңысласа баслайды. В.Н.Ягодинниң пикиринше эрамыздың I әсирлеринде Хорезмге көшпелилер Урал ҳәм Үстирт бойларынан келеди. С.П.Толстов Н.Н.Неразик Хорезмниң Куня-уаз, Кангка қалаларына IV-V әсирлерде келген көшпелилерди хионит, эфталит қәўимлери деп қарайды. Тийкарынан Хионит, эфталитлер Орта Азияның қубла районларында Гиндекуш таўларының қубласында жасаған. Сонлықтан Хорезм қалалары жампық, гияуир қалаларынан алынған материаллар көшпелилердиң б.э.ш. IX-әсирлерде араласып қоныс басқанын көрсетеди.
Бул бәринен де бурын Сырдарья алабынан келген көшпелилер еди. Кейин ала Сырдарья бойы көшпелилер менен Хорезмлилердиң байланыслары күшейеди.
Б.э.ш. v-әсирде саклар өз жазыўын пайда етеди. Мине бул келтирген мысаллар көшпелилер арасында пайда болған жазыў сызыўдың ең әййемги белгилери деп қараўға болады. Жазыў-сызыўдың әййемги дәўирлеринде айтқысы келген сөз мәнислерин сүўретлер арқалы билдирген. Сонлықтан да идеографиялық сүўрет жазыўдың ең әдепки дәўири деп қараў жөн болады.
Евразияда соның менен Әмударья делъта етеклеринде жасаған халықлар тәбият қубылысларына исенеди. Көшпелилер өзлериниң көз көрмеген, қолы жетпеген аспан денелерине сер салады. Олар ушын ақылға сыймас көк аспан бул тәңири деп түсиниледи. Ай, жулдыз, күн ҳәм жердеги от булар тәңириниң көзи деп түсинген. Төрт түлик маллардың ҳәр қайсысының ийелери қоллайтуғын жери бар деп түсинип оларға ҒҚамбар ата, Шопан ата, Ойсыл қара, Заңги баба, Шек-шек атаҒ де пат берген. Жылқы-желден, Түйе-сордан, Сыйыр-суўдан, Қой-оттан жарылқайды деп есаплаған.
Көшпели скифлер олардың әўлатлары Қарақалпақлардың көркем-өнери, скиф хайўанат стили Евразияда жасаған көшпелилердиң түсинигин мәдениятын турмыс қәлпин билдиреди.
Ҳәзирги ғәрезсизлик жылларда адамзаттың руўхый тийкарында мәдениятымызға көркем-өнеримизге қосылып байытып турған хайўанат стили халқымыздың әжайип дөретпеси Әмударья етеклери орта әсир Кердер қалаларында ушырайды.

Download 361 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling