Кирисиў Теманың актуаллығы


Диссертация жумыстың мақсети ҳәм ўазыйпалары


Download 361 Kb.
bet2/7
Sana28.09.2023
Hajmi361 Kb.
#1689658
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Кдырниязов З. диссер.

Диссертация жумыстың мақсети ҳәм ўазыйпалары. Жумыстың мақсети еле толық үйренилмеген Евразия көшпели шарўалар цвилизациясы тарийхын жазыў. Теманы изертлеўде төмендеги ўазыйпаларды мәселе етип қойдық.
-Евразия көшпели шарўалар цвилизациясын изертлеўдиң жағдайы,
-Евразия цвилизациясының Орта Азия дийханшылық орайлары менен байланысы,
- Евразия цвилизациясының археологиялық материаллар менен тастыйықланыўы,
- Евразия цвилизациясының қоңсы еллерге тәсири,
- Сиясий-экономикалық тарийхын жазыў,
Диссертация жумыстың әмелий әҳмийети. Диссертация темасы тарийх илиминде кем изерленген, улыўма толық үйренилмеген. Сонлықтан жумыстың жуўмағын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхының тийисли бөлимине қолланыў мүмкин. Жоқары оқыў орынларында арнаўлы курста лекцияға пайдаланыўға болады. Жумысты оқыў-методикалық көрсетпелер жазғанда пайдаланса болады.
Магистрлик диссертацияның илимий жаңалығы. Жумыста биринши реет Евразия цвилизациясы ҳаққында илимий мақалаларды улыўмаластырылды. Жазба ҳәм археологиялық материаллар тийкарында Евразия көшпелилер цвилизациясытарийхы жазылды. Евразия көшпелилер цвилизациясының Орта Азия дийханшылық елатлар менен этномәдений байланыслары анықланды.
Изертлеўдиң обьекти ҳәм предмети. Теманы жазыўда әййемги грек-рим тарийхшыларының үзинди мағлыўматлары ҳәм XX әсирдиң 50-60 жыллары алып барылған археологиялық изертлеўлер тийкарында Евразия көшпелилер цивилизациясы жазылды.
Изертлеўдиң теориялық-методикалық тийкарлары. Тарийхый ҳақыйқатлық миллий идеялогия ҳәм Өзбекстан Республикасы Призиденти И.А.Каримовтың мийнетлеринде «қәдимги цвилизация орайлары, Уллы Жипек жолының цвилизацияға тәсири» ҳаққында айтқанлары басшылыққа алынды.
Изертлеўдиң дәўирлери. Евразия көшпелилер цвилизациясы тарийхы б.э.ш. VI-әсирден эрамыздың IV-әсирине шекем дәўирлерди өз ишине алады.
Жумыстың апробациясы. Диссертация жумысының жуўмақлары НМПИ илимий-теориялық конференциясында ҳәм илимий мақалаларда жәрияланды. Жумыс НМПИ, тарийх кафедрасында талықланды.

Download 361 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling