Кирисиў Теманың актуаллығы


Download 361 Kb.
bet3/7
Sana28.09.2023
Hajmi361 Kb.
#1689658
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Кдырниязов З. диссер.

Диссертация қурылысы. Диссертация кирисиў, үш бап, жуўмақлаў ҳәм пайдаланған әдебиятлардың дизиминен турады.
I-БАП. Евразия көшпелилери.
Археологиялық ҳәм тарийхый жазба дереклерге сүйенсек, Евразияның кеңислик-дала алабында (сол түслик кеңисликде шама менен қө және өө градус аралығы, Аравия ярым атаўын басып өтетуғын әө гадусқа дейин) бизиң жыл санаўымызға дейинги еки мың жыллық пенен бир мың жыллықтың шамасында таўлы ҳәм кеңислик далаларда көшпели шарўалар қәлиплесе баслайды. Сол көшпели шарўалар турмыс қәлпиниң бизлер жасап атырған XXI-әсир басына шекемсақланып келгенин биз билемиз. Әлбетте, небир сиясий турақсызлық, басып алыўшылық, урыслар түрли тарийхый уақыялар болып өтти. Усы жыллары Евразия көшпелилердиң турмыс қәлпи көп өзгерислерге ушырап келди. Бирақ қандай турмыста тарийхый ўақыялар болсада, бул Евразияның базистлик тийкары тиришилик турмыс кешириў көшпели шарўашылық болып қала береди. Әлбетте, бул адамзат тарийхындағы айрықша жағдай. Евразия көшпелилердиң турмыс қәлпаиниң усынша узақ ўақыт турақлы болыўының себеби неде. Бул әлбетте турақлы турмыс кешириўи есапланады. Евразия көшпелилердиң турмыс қәлпи тиришилигиниң тийкары усы кеңислик дала ҳәм таў етеклеринде өмир сүриўинде. Жерден бир қарыс көтерилсе күши болмайтуғын Антей сыяқлы, усы Евразия кеңислигинде жасаған көшпелилер әўладлары сол ата-бабаларының дәстүрин даўам еткен. Евразия көшпелилери өзлериниң сиясий уйымларына ҳәм мәмлекетлерине ийк болған. Б.э.ш. бир мыңыншы жыллыры Орта Шығыс еллеринде Ассирия ҳәм Мидия мәмлекети пайда болады. Б.э.ш. VI әсирде Мидия мәмлекети орнына Иран ахеменидлери мәмлекети дүзиледи. Бир топар парсы қәўимлериниң көсеми КирII бул Иран патшаларының тийкарын салады. Б.э.ш. 550-жылы КирII Мидия патшалығын қулатып, Иранға қосып алыўы усыдан кейин Кир II Орта Азияның қубла аймақларында өзине қаратып, Шығыста ең үлкен империя дүзеди. Б.э.ш. 530 жылы ҳәм 522 жыллар арасында Ахеменид империя қурамына Парфия, Хорезм, Бахтрия, Маргиана, Суғд жерлери киреди. Бул мәмлекетлер менен бирге Ахеменидлер көшпели сакарды да өзине қосып алады.
Ертедеги жазба дереклерге сер салсақ,бактриялылар, Суғдианлар, Хорезмлилердиң арғы жағында «желдей жүйрик атлы көшпели турлар жайласқан. Парыс дереклеринде турлар-саклар дап аталады, бул батыр ер жигитлер» деген сөз, ал греклер авторларының мийнетлеринде олар скифлер деген ат пенен белгили. Сонлықтан көпшилик авторлар сакларды скифлер деп атайды. Евразиядағы ең әййемги қәўимлер бул скифлер, синдо-мечты, сарматлар, болады. Буларды греклер турпайылар1 деп атай-ды. Бул қәўимлер Қара теңиз жағасында грек қалаларына жақын жасаған. Қара теңиз бойларында скифлердиң қәбирлери (курганлары) көп ушырасады. қара теңиздиң арқа тәрепиндеги көшпели шарўаларды греклер Скифлер деп атаған. Белгили грек тарийхшысы ҳәм геогроф, тарийхтың атасы б.э.ш. V-әсирде жасаған Геродот өзиниң жазған он китабының төртинши китабын скифлерге арнайды. Геродоттың айтыўынша б.э.ш. VIII-VI-әсирлерде Қара теңиз арқа даласында Киммерийцлер жасаған, оларды скифлер қуўған. Киммерийцлердиң бир топары кетпей қалған. Геродот киммерийцлер патшасы, Днестр бойында жасады деп айтып өтеди. Киммерийцлердиң әўладлары таврлар болған. Олар скифлер дәўиринде Крым таўларында жасаған, ал греклер оларды Таврикой деп атаған. Енди Орта Азия даласындағы көшпели шарўалар ҳаққында қәўимлер турмысына тоқтаймыз. Б.э.ш. I- әсирде бурынғы Рим алымы Плиния үлкен, «Яксарттың (Сырьдәрьяның) арғы бетинде скиф қәўимлер турады. Парсиянлар оларды саклар дап атайды. Скифлер халықларының саны жүдә көп. олардың ишиндеги ел-журтқа белгили болғанлары-саклар, массагетлер, дах (дай) лар, исседонлар, аримасплар» деп жазады2.ғ Бизиң дәўиримизге жетип келген жазба дереклерге қарағанда саклар мал-шарўашылық пенен шуғылланған, олар жылқы, ири шақлы қара мал, қой-жаллық асыраған. Саклардың көбиси ат қулағында ойнайтуғын шабандозлар, оқ жайды жақсы ататуғын мергенлер болған. Греклер менен парсылар, скифлер менен саклардың атын айтқанда бәринен бурын туўысқан қәўимлердиң сансыз көп уйымларын (союзлар) айтса керек. Сак қәўимлериниң ең көби массагетлер болған. Геродот олар туўралы былай жазады, ҒБул халық Аракс (Сырдәрья ямаса Әмиўдәрья) дәрьясының арғы жағында, исседонларға қарама-қарсы жасайды. Кийетуғын кийимлерине, турмыс қәлпине қарасақ, скифлерлерге уқсайды. Олар ат үстинда ҳәм жаяў жүрипте урыса алады. Урысыўдың усы түринде биледи, оқ жай менен де, найза менен де урыса алады, ай балта менен де қуралланған. Олардың барлық затлары алтын менен мыстан турады. Олар егин екпейди, үй ҳайўанлардың гөши менен, балық пенен аўқатланады. Аракс дәрьясы оларды балық пенен тәмийнлейди. Олар сүт ишеди. Екинши бир авторлар, «Суғдиананың арғы жағында, Яксарттың (Сырдәрьяның) бойын жағалап саклар жасайды»- деген мағлыўмат береди. Парсылардың сына жазыўларында саклардың үш топары туўралы сөз болады. Парадәрья (теңиздиң арғы жағындағы саклар), тигреккауда-саклар (шошақ бөрикли саклар), Хаомаварга-саклары (Хаома ишимлигин таярлайтуғын саклар). Бирақ усы аты айтылған саклардың қайсы жерде жайласқанын айтыў қыйын, өйткени әййемги авторлар саклардың тарийхый географиялық жайласыў орынлары ҳаққында жазып қалдырмаған. Бир топар илимпазлардыңпикиринше, парадарая саклары Арал теңизи дөгерегинде, Сырдәрья менен Әмиўдәрьяның дельта бойларында ямаса Қара теңиз арқатәрепинде жайласып турмыс кеширген. Тиграхауд-саклары Сырдәрьяның орта бөлиминде ҳәм Тян-шань таў етеклеринде жайласқан. Хаомаварга-саклар болса, ҳәзирги Туркменстанның мургап дәрьясы алабында өмир сүрген. Археолог К.А.Акышевтың болжаўы бойынша, Иран жазба дереклериндеги сөз етилетуғын тиграхауд аяқларына ортакарибантия скифлери туўры келеди, өйткени жоқарғы еки аты аталған саклардың екеўинде «шошақ бөрикли саклар» деп есаплайды. Буған қосымша айтатуғын бир нәрсе «Персеполдағы патша Ксеркс сарайының баральефиндеги көрсетилген саклардың бет келбети монголойид түринде, және олар бийик шошақ малақай (бөрик) кийген сонлықтанда булар тийкарынан тиграхауд-саклар болыўы тийис»-дейди илимпаз археолог. Монголоид түриниң таралған аймақлардың бири Жетисуў территориясы болыўы мүмкин себепли Тиграхауда саклар жети суўда жасаған. Қазахстанның Ыссық курганынан табылған сак патшасының басына бийик шошақ бөрик кийгенлиги, К.А.Акышевтың болжаўын тастыйықлайды. Изертлеўшилердиң пикиринше, сол ўақыттағы ақсатагилер, аристейлер, аргиппейлер кирген.
Археолог М.Қ.Ҳаўарбаевтың пикиринше, аорсылар-Қубла Урал жағаларында жайласқан савроматлар қәўиминиң бири болған деп есаплайды. Оларды арқа тәрепинде «ҳәр түрли ағашлар өсетуғын қалың тоғай қаплаған». Будинлер ал олардан да аржақта аңшылық пенен шуғылланатуғын-фиссегетлер киркилер жасап қыслайтуғын болған. «Асқар таў етеклерин» де орналасқан аргиппейлер, тийкарынан Урал таў етеклеринде қәўимлер жасаған «Грифлердиң» (Грифонлар) – бүркит баслы қанатлы арыслан-сыяқлы әпсанада сөз етилетуғын ҳайўан алтын ғәзийнени қорғайтуғын аримасп атлы сак қәўимлери Алтай елинде жасаған, себеби алтан кәнлери сол елде көп ушырасады.
М.К.Қәдирбаев исседонларды Орайлық Қазахстан дала кеңислигинде орналастырады. Саклардың басқада қәўимлери қайсы жерде жайласқан деген саўалдың жуўабын археологлардың алып барған изертлеўлеринен кейин ғана толық жуўап бериўге болады. Себеби материаллық мәдениятлардың айырмашылығын тек археологиялық мийрас обьектлери арқалы ғана анықлаўға болады.

Download 361 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling