Лабораториялык жумыс №4
Download 0.64 Mb.
|
Машина деталлары лаборатория жумысы
- Bu sahifa navigatsiya:
- Вариантлар Тарттырыў күши, кН
- Тәжрийбе бөлими
- Тексериў сораўлары
- 2-лабораториялық жумыс Берилислердиң жетеклеўши ҳәм жетелениўши деталларын үйрениў Жумыстың мақсети
- Керекли әсбап-үскенелер
2. Болты тартыў күшиниң үш шамасы төменде көрсетилген вариантларда (3-кестеде) оқытыўшының көрсетпеси бойынша бериледи. Тарттырыў күшиниң мәнислери 3-кесте
3. Резьбадағы теориялық сүйкелис күшин анықлаў. бул жерде: тарттырыў күши, Н; резьбаның орташа диаметри, мм; резьбанын котерилиў мүйеши, град; сүйкелис мүйеши, град. ---------- = мм, бул жерде: d - резьба бийиклигиниң диаметри, мм; d1 - резьба ойыслықларының диаметри, мм. ---------- = 0, бул жерде: p - резьба адымы, мм. = 0, бул жерде: f /- резьбадағы жасалма (келтирилген) сүйкелис коэффиценти. ------------------ = , бул жерде: - резьба профилиниң муйеши (метрлик резьба ушын = 600); 0,15 – майланбаған полат пенен полат арасындағы сүйкелис коэффиценти.
4-сүўрет. Сүйкелис күшлериниң тарттырыў күшине байланыслылық графиги 1 - резьбадағы сүйкелис күши; 2 - гайка ернегиндеги суйкелис күши; 3 – улыўмалық сүйкелис күши. теориялық байланыс тәжрийбели байланыс 4. Гайка ернегиндеги теориялық сүйкелис күшин анықлаў , бул жерде: -------------------- = мм, D1 – гайканың таяныш бетиниң сыртқы ернегиниң диаметри, мм; dтес- болт орнының диаметри, мм.
5. Резьбадағы ҳәм гайка ернегиндеги улыўмалық теориялық сүйкелис күшин анықлаў.
6. Реьзбадағы, гайка ернегиндеги ҳәм улыўмалық күштиң траттырыў күшине байланыслығының теориялық графигин дүзиў (олардың айырылып турылыўы ушын ҳәр қыйлы реңде сызың ҳәм есапланылған точкалар дөңгелекшелер менен белгиленсин). Тәжрийбе бөлими 1. ДМ-27М үскенесинин дүзилиси менен танысыў (5-сүўрет). 2. Таңлап алынған гайка менен болты ДМ-27М үскенесине орнатыў. 3. Тарттырыўдың берилген шамаларына сәйкес келетуғын ДМ-27М үскенесиниң динамометрлик пружинасының индикаторлық көрсеткишин анықлаў. , бул жерде: КП – пружинаның тарировкалык коэффиценти (КП = 23 кН/мм).
4. Гайканың ернегиндеги сүйкелис күшин болдырмаўшы ҳәм шарикли подшипникке тирелиўди тәмийинлеўши бүртиксиз дөңгелек шайбаны гайканың астына орнатыў. 5. Гайканы торсионлы динамометрлик ключ пенен динамометрлик пружинаның индикаторлық көрсеткиши ге шекем тартыў ҳәм динамометрлик ключтиң индикаторлық көрсеткишин белгилеп алыў. Тәжрийбени ҳәм көрсеткишлери ушын орынлаң. 6. Резьбадағы сүйкелис күшин тәжрийбе анықлаў. , бул жерде: КК - динамометрлик ключтиң тарировкалык коэффиценти (КК = 24 Нм/мм). К - динамометрлик ключтин индикаторлык корсеткиши, мм.
5-сүўрет. ДМ-27М үскенеси. 1-шайба, 2-гайка, 3- болт, 4-динамометрлик ключ, 5- динамометрлик ключтиң индикаторы, 6- курылманын динамометрлик пружинасының индикаторы. 7. Гайканың астына бүртикли шайбаны орнатыў, резьба ҳәм гайка ернегиндеги улыўмалық тәжрийбелик сүйкелис күшлерин анықлаў.
8. Гайканың ернегиндеги тәжрийбелик суйкелис күшин анықлаў. .
9. Суйкелис күшлериниң тарттырыў күшине байланыслы тәжрийбелик графигин дүзиў (теориялық графикте). Тәжрийбеде анықланған точкалар үшмүйешликлер менен ажыратылып көрсетилсин. 10. Тәжрийбе жуўмақлары есаплаўлар нәтийжелери менен салыстырылып жуўмақ жасаў. Тексериў сораўлары 1. Резьбадағы сүйкелис күши резьбаның адымына ғәрезлиме ? 2. Гайка ернегиндеги сүйкелис күши гайканың тирелиўши бетиниң енине ғәрезлиме ? 3. Гайка ернегиндеги сүйкелис күшин тек тәжрийбе жолы менен аныклаўға болама? 4. Суйкелис мүйеши резьба адымына ғәрезлиме ? 5. Сүйкелис муйешине суйкелис коэффиценти қандай тасир етеди ? 2-лабораториялық жумыс Берилислердиң жетеклеўши ҳәм жетелениўши деталларын үйрениў Жумыстың мақсети: Сына тәризли қайыслы берилислердиң дүзилисин үйрениў ҳәм олардың геометриялық өлшемлерин анықлаў. Керекли әсбап-үскенелер: сына тәризли қайыслы берилис, штангенциркуль, сызғыш. Жумысты орынлаў ушын керекли болған теориялық мағлыўматлар Қайыслы берилислердиң түрлери ҳәм қолланыў орны Қайыслы берилистиң формасы 1-а сүўретте көрсетилген. Бул еки шкивлер арасындағы берилис: кириў (жетеклеўши) 1 ҳәм шығыў (жетеклениўши) 2 резиналанған қайыс пенен қамрап турады. Шынжырлы берилислерге уқсас қайыслы берилислер де серпимлик пенен байланысқан берилислер қурамына киреди. Бирақ, шынжырлы берилистен айырмашылығы қайыслы берилисте ҳәрекет жулдызша тислери менен шынжыр звенолары арасында илинисиў есабынан болса, қайыслы берилислерде болса ҳәрекет қайыс пенен шкив арасында пайда болатуғын сүйкелис күши арқалы әмелге асырылады. Сүйкелис күши мәниси қайыстың тарыттырылыў жағдайына қарай белгиленеди. 1-сүўрет. Сына тәризли қайыслы берилис Қайыслар көнделең кесиминиң формасына қарай тегис қайыслы (2.1-б сүўрет), сына тәризли қайыслы (2.1-в сүўрет) ҳәм домалақ қайыслы (2.1-г сүўрет) болыўы мүмкин. Қайыслы берилислердиң тисли ҳәм шынжырлы берилислерге қарағанда, жетискенликлери төмендегилерден ибарат: 1. Шаўқымсыз ҳәм тегис ислейди (илинисиў менен ислейтуғын берилислерде, ҳәрекет динамикалық жүклениў тәсиринде ислейди, нәтийжеде шаўқым шығады). 2. Үлкен тезликлерде ислеў қәбийлетине ийе (илинисиў менен ислейтуғын берилислерде бундай жағдайды ушратыў қыйын). 3. Жүклениў мәниси тосаттан артып, зәрбе менен ислей басласа, машинаның тийкарғы бөлимлерин сынып кетиўден сақлайды, себеби жүклениў асып, тербелис көбейсе, қайыс (эластиклик қәсийети себепли) шкивте сырғанай баслайды. 4. Жүритпеде звенолар жетерли дәрежеде иймекликке ийе болмаслығы машиналарды тербелис зонасына кирместен, жүдә кем муқдарда динамикалық жүклениў менен ислеўине имкан беради. 5. Әпиўайы дүзилген жумыс процессинде қадағалаў қыйыншылық туўдырмайды (узатпаны майлаў талап етилмейди), онша қымбат турмайды. Қайыслы берилислердиң кемшиликлери төмендегилардан ибарат: 1. Илинисиў есабына ислейтуғын берилиске салыстырғанда габарит өлшемлериниң үлкенлиги (мәселен, узатып бериўши қуўатлылық берилислер ушын бирдей болғанда, қайыслы берилистиң шкиви тисли берилиске салыстыра шама менен 5 мәрте үлкен болады). 2. Жүклениў натийжесинде қайыстың сырғанаўы берилистиң кинематикалық анықлығын жоққа шығарады. 3. Вал ҳәм таянышқа түсетуғын күш салыстырма үлкен, қайыстың дәстлепки тарыттырыў күши тәсиринде қайыслы берилисте тисли берилиске салыстырғанда еки үш мәрте жүклениў үлкен болып кетеди. 4. Қайыстың ислеў мүддети кем: (1 5) мың саат. Download 0.64 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling