Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet1/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009


М.ХАМИДОВА, Е.КУТЫБАЕВА, С.ТАНИРБЕРГЕНОВ, Р.КАУКЫШЕВ
ИЛИМИЙ ДӨРЕТИЎШИЛИК МЕТОДОЛОГИЯСЫ
Оқыў қолланба
Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети
М.ХАМИДОВА, Е.КУТЫБАЕВА, С.ТАНИРБЕРГЕНОВ, Р.КАУКЫШЕВ


Илимий дөретиўшилик методологиясы

Оқыў қолланба


Ташкент-2009


Бердақ атындағы ҚМУ Илимий Кеңесиниң 28-август 2009 ж №1-санлы қарарына муўапық басып шығарыўға усынылған


М.ХАМИДОВА, Е.КУТЫБАЕВА, С.ТАНИРБЕРГЕНОВ, Р.КАУКЫШЕВ
Илимий дөретиўшилик методологиясы
Жуўаплы редактор: Г.Юлдашева.-Т.ТМЮИ баспасы.2009. 157 бет.
Жуўаплы редактор: Г.Юлдашева
Юридика илимлериниң кандидаты, доцент


Рецензия бериўшилер:
З.Реймова
Юридика илимлериниң кандидаты, доцент
С.Д.Ниетуллаев
Юридика илимлериниң докторы, профессор
Усы қолланба илимий изертлеў жумысларын таярлаў ҳәм жақлаў методологиясына бағышланған. Қолланбада тийкарғы дыққат илимий дөретиўшилик методологиясы түсиниги ҳәм дүзилиси, илим және дөретиўшилик, илимий изертлеўдиң методологиялық принциплери, илимий изертлеўдиң басқышлары, илимий мәлимлеме излеў ҳәм талқылаў, илимий изертлеўлердиң жәрияланыўы және нәтийжеси, изертлеўдиң қол жазбасы үстинде ислеў методикасы ҳәм басқа да илимий жумыс пенен байланыслы темаларға қаратылған.
Қолланбаға қосымшада болса илимий изертлеўлердиң экспертизасы ҳәм жақлаўға байланыслы методикалық ислеп шығыўлар және нормативлик ҳүжжетлер көрсетилген.
Қолланба магистрлик басқышта қәнигелиги бойынша илимий дөретиўшилик жумыс пенен шуғылланыўшыларға, илимий басшыларға, рецензия бериўшилерге ҳәм басқаларға арналған.
М.ХАМИДОВА, Е.КУТЫБАЕВА, С.ТАНИРБЕРГЕНОВ, Р.КАУКЫШЕВ
Ташкент мәмлекетлик юридикалық институты, 2009-жыл.


КИРИСИЎ
Кадрлар таярлаўдың Миллий бағдарламасының әмелге асырылыўы олардың бәсекилесликке уқыплылығын, жоқары оқыў орынларында, академиялық лицейлер ҳәм колледжлерде жоқары маман илимий педагог кадрлар таярлаўды талап етеди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти И.Ә.Каримов ЖАК алдына изертлеў жумысларының сапасына, изертлеўшилердиң интеллектуаллық ҳәм кәсиплик дәрежесиниң сәйкеслигине талапты күшейтиў бойынша стратегиялық талаплар қойды.
«Билимлендириў ҳаққында»ғы, «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы ҳаққында»ғы нызамларға муўапық магистратура жоқары билимлендириўиниң белгили бир қәнигелик бойынша екинши басқышы болып, арнаўлы жоқары билимлендириў негизинде әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасының үзликсиз билимлендириў системасында магистрлик басқышы бакалавиатура ҳәм илим кандидатлығы басқышлары арасындағы буўын. Соның ушын да магистратура басқышын илимий педагогикалық жумыстың басланыўы деп атасақ асыра айтқан болмаймыз. Бул басқышта магистрлар өзлери таңлаған қәнигеликлер бойынша магистрлик диссертациялар жойбарларын ислеп шығады, олардың нəтийжелери илимий-әмелий конференцияларда додаланады. Магистрантлар алып барған изертлеўлер республика ҳуқық қорғаў уйымлары, суд мәкемелери ҳәм басқа да ҳуқық саласына тийисли теориялық ҳәм әмелий әҳмийетке ийе машқалаларға бағышланады.
Соның ушын да илим ҳәм техника жедел раўажланып атырған мәлимлеме әсиринде жасларды дөретиўшиликке үйретиў, дөретиўшилик қәбилетин қәлиплестириў мәселелери әсиресе үлкен әҳмийетке ийе болады. Магистрлик диссертациясын жазыў, рәсмийлестириў ҳәм жақлаўға таярлық бойынша дәслепки көрсетпелер ҳаққында мағлыўматларға ийе болыўда «Илимий дөретиўшилик методологиясы» унамлы роль атқарады ҳәм оның әҳмийети үлкен. Себеби, Елбасшымыз И.Ә.Каримов атап өткениндей, «Илим бүгинги күнде жәмийетти раўажландырыўды алға жылжытатуғын күш». Илимий дөретиўшилик, оның илим менен өз-ара байланыслылығы, илимий билиў усыллары, илимий изертлеўдиң тийкарғы басқышлары, олардың түрлери, илимий изертлеўлердиң енгизилиўи және нәтийжеси, магистрлик ҳәм кандидатлық диссертациясы, оларға қойылатуғын талаплар, олардың қол жазбасы, рәсмийлестирилиўи ҳәм жақланыўы усаған дәслепки түсиниклердиң жарытылыўы магистрантлардың илимий дөретиўшилик жумысында үлкен әҳмийетке ийе болады. Усы қолланбаны таярлаўда тийкарғы дәрек сыпатында М.Ҳ.Рустамбаев, С.О.Абдуҳаликов, Ҳуқық методологиясы: ҳуқықты философиялық түсиниў бойынша излениўлер. I китап. Т. ТМЮИ 2005. М.Ҳ.Рустамбаев, С.О.Абдуҳаликов, Ҳуқық методологиясы: тарийх ҳәм ҳуқықты диалектикалық мәдений түсиниў тийкарлары. II китап. Т. ТМЮИ. 2005. М.Мухитдинов, А.Потапов. Подготовка и защита диссертаций. Т. ВАК 2005. И.Сайфназаров, Г.Никитченко, Б.Қосимов «Илимий ижод методологияси» (оқыў қолланбасы) Т. «Янги аср авлоди» 2004., Н.Шермухамедова «Фалсафа ва Фан методологияси» Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети 2005, әдебиятларынан кең пайдаланылды. Өз гезегинде авторларға өзимиздиң миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Қолланба биринши рет мәмлекетлик билимлендириў стандартларына муўапық илим бағдарламасы тийкарында таярланғанлығы себепли айырым кемшиликлерде болыўы итималлығын инабатқа алып, китап оқыўшыларына усы қолланба бойынша усыныслары ҳәм ой пикирлери ушын алдыннан өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling