Маҳбуба Хамидова


ДӨРЕТИЎШИЛИКТИҢ ФИЛОСОФИЯЛЫҚ НЕГИЗИ


Download 1.19 Mb.
bet9/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ДӨРЕТИЎШИЛИКТИҢ ФИЛОСОФИЯЛЫҚ НЕГИЗИ

Философия өзиниң теориялық билиў, гносеологиялық функциясында дөретиўшилик процессиниң методологиялық тийкарын қурайды. Гносеологияны дөретиўшиликке субъекттиң белсене, пүткиллей мақсетке бағдарланған жумысы деп қарайды.


Илимий билиўдиң тәбиятын, билимниң шынлыққа қатнасын, билиў процессиниң улыўма (тәбийғый ҳәм жәмийетлик) шараятларын үйрениўши, оның ҳақыйқатлығының зәрүрли және жетерли шәртлерин анықлаўшы илимий билиўдиң методологиясы ҳәм эпистемологиясы дөретиўшиликти философиялық үйрениўде айрықша орын тутады. Илим методологиясы илимий изертлеўдиң дүзилисин, логикалық шөлкемлестирилиўин, методларын, қуралларын, усылларын ҳәм алгоритмлерин изертлейди, илимий билиў процессинде дөретиўшилик белсендиликтиң көп қырлы тәреплерин үйренеди ҳәм ҳәзирги заман постклассик философия илиминиң әҳмийетли элементи есапланады.
Илимий дөретиўшилик методологиясы – бул изертлеўшиниң ақылы ҳәм дөретиўшилик жумысы менен турақлы қадағаланатуғын және бағдарланатуғын билиўдиң улыўма философиялық, улыўма илимий ҳәм арнаўлы ислеп шығылған методлары тийкарында жаңа илимий билим алыў усыллары және бул илимий билимниң дүзилисиниң принциплери ҳаққындағы ҳәзирги заман философиялық тәлийматы.
Солай етип, улыўма, дөретиўшилик процессинде, әсиресе, илимий дөретиўшилик процессинде инсан түп-мәнисинде раўажланады. Буның менен инсан тек сыртқы орталықта ғана емес, ал өзинде де өзгерис жасайды. Соның ушын да илим ҳәм техника жедел раўажланып атырған ҳәзирги заманда жасларды дөретиўшиликке үйретиў, дөретиўшилик қәбилетке ийе адамларды қәлиплестириў мәселелери, әсиресе үлкен әҳмийетке ийе болады.
Себеби Президентимиз И.Ә.Кәримов атап көрсеткениндей, «Егер илимди үлкен бир мийўе ағашы деп көз алдымызға келтирсек, изертлеўлер оның тамырын қурайды. Ал тамыр қаншелли күшли болса, ағаш соншелли гүллеп-жаснайды, көп жемис береди».


ИЛИМИЙ БИЛИМЛЕРДИ ДӨРЕТИЎШИЛИК РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ӘЙЙЕМГИ ОЙШЫЛЛАРДЫҢ РОЛИ
(антик дәўир)
Антик философияда дөретиўшилик түсиниги әлемниң мәңгилиги ҳәм дүньяның өзгериўшеңлиги менен үнлеседи, оның орайында болса Эрос ҳаққындағы тәлиймат жоқары идеалға ерисиўге дөретиўшилик умтылыў сыпатында раўажланады. Антик дәўирде пайда болған илим инсан жумысының қоршаған орталық ҳаққындағы дурыс, ҳақыйқый, объективлик билимлерди ислеп шығыў ҳәм теориялық жақтан тәртиплестириў, сақлаў, алыў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы өзине тән саласы болып табылады.
Антик дәўирдеги дәслепки билимлер әмелий сыпатқа ийе болған. Антик дәўир шараятларында илимниң пайда болыўы ушын белгили бир социаллық шараятлар: өндирис ҳәм жәмийетлик қатнасықлар айтарлықтай жақсы раўажланған болыўы талап етилетуғын еди. Себеби бул ақыл ҳәм физикалық мийнеттиң айрылыўына алып келетуғын, илимде узақ даўам еткен дөретиўшилик пенен шуғылланыў мүмкиншилигин беретуғын еди.
Бундай шараятлар бизиң эрамызға дейин әййемги Грецияда да пайда болды. Бул жерде мифологиядан айырмасы, шынлықты тәбийғый тийкарлар арқалы түсиндиретуғын биринши илимий системалар жүзеге келди. Бул теориялық системалар натурфилософия идеясын алға қойды, себеби илим ҳәм философияны өзинде жәмлестирген еди. Бул теориялық билим системалары объективлик ҳәм логикалық исенимлилик тийкарында қурылды.
Әййемги Греция илими тәбият, жәмийет ҳәм ой-пикир нызамлықларының дәслепки сыпатламаларын, тәрийплерин берди. Бул сыпатламалар көп тәрепинен жетистирилмеген ҳәм әпиўайы еди. Бирақ соған қарамастан, олар эпистемалогияда үлкен роль атқарды. Себеби ой-пикир жумысына, улыўма дүньяның дүзилисине тийисли болған абстракт түсиниклер системасын әмелге енгизди, дүньяның объектив, тәбийғый нызамларын излестириўди илимий дөретиўшиликтиң турақлы дәстүрине айландырды ҳәм материалды баян етиўдиң дәлиллеўге негизленген усылына тийкар салды, бул илимий билимди дүзиўдиң ишки логикасының негизине айланды.
Әййемги Грецияда биринши натурфилософия мектеби бизиң эрамызға дейинги VII-VI әсирлер аралығында Милетте – греклердиң Киши Азиядағы ири колониясында пайда болды. Фалес, Анаксимен, Анаксимандр Милет мектебиниң ўәкиллери еди.
Буннан соң философиялық ҳәм илимий көз-қарасларды эфесли Гераклит раўажландырды. Оның пикиринше, турақлы өзгериўши әлемниң негизи жалын болып қалады, дүньяны «логос», яғный нызам, зәрүрлик басқаратуғын еди. Сократ өзиниң философия тəбиятты тек ғана илимий көрип шықпайды, ал «философия қалайынша жасаў кереклиги ҳаққындағы тәлиймат болып табылады» деген өзине тән ҳәм терең идеясын алға қойды.
Антик дүнья қараста бизиң эрамызға дейинги V әсирге шекем әпиўайы материализм жетекшилик етти. Платон өзиниң дүньяны түсиндириўин матерреиализмге қарсы қойды. Платон бəркамал мəмлекет – Республика идеясын алға қойды. «Республика» атамасы сөзбе-сөз аўдарғанда «улыўма ҳəкимият» деген мəнисти билдиреди. Мəмлекет еркин пухаралар арасында мийнеттиң бөлиниўи негизинде қурылады. Бул ҳəкимияттың турақлылығын тəмийинлейди ҳəм пүткил жəмийетке барынша пайда келтиреди. Өзиниң идеал мəмлекет (қала) режесинде Платон еркин пухаралардың (бирақ қуллардың емес) улыўма жасайтуғын жери, балаларды мəмлекет тəрепинен тəрбиялаў идеясын алға қойды. Урысларға Платон «қəўипли жəмийетлик жаўызлық» деп қарайды. Бирақ олардың болып турыўын сөзсиз деп биледи. Соның ушын да мəмлекет арнаўлы түрде оқытылып үйретилген, қуралланған адамлар ямаса əскерлерге ийе болыўы керек, себеби урыс инсаният əййемги ҳалатынан шыққаннан кейин оның мəңгилик жолдасына айланды.
Антик дəўирдиң уллы ойшылы Аристотель өз устазы Платонның көз-қарасларын ҳəм тəлийматларын дөретиўшилик раўажландырды. Инсан дөретиўшилигин жаңа билим алыў шəрти сыпатында үйренген Аристотель пикир жүргизиў, жуўмақ шығарыўдың дурыс, ҳақыйқый методлары ҳəм усыллары ҳаққында, илим логика ҳаққында тəлиймат жаратты. Логиканы Аристотель «органон» - ҳақыйқый, шын билимниң универсал қуралы деп атады. Аристотельдиң пикиринше, инсанды қоршаған əлем, оның билиў, үйрениў, изертлеў объекти болып табылады.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling