ТАЯНЫШ СӨЗЛЕР
Эпистемологиялық функция – жəмийеттиң илимий билим менен байланыслы болған қəдрирятларын, мақсетлерин, мəплерин жəмлеп барыўы.
Абстрактластырыў (илимде) – пикирлеў процесси, үйренилип атырған қубылыслардың тийкарғы нызамлықларын сəўлелендириў имканиятын беретуғын теориялық улыўмаластырыў.
Илимий эксперимент – бул арнаўлы илимий əсбап-үскенелерден илимниң өзине тəн өзгешеликлеринен келип шығып, дөретиўшилик пенен пайдаланыў процесси. Эксперименттиң дөретиўшилик роли, илимий пикирлерди алыў, жəмлеўден, алымның ықтыярындағы гипотезалар, коцепциялар ҳəм теория ямаса тексериўлерден ибарат.
Илим - бул раўажланып, өсип атырған билим системасы, инсанның əтирап-əлемди узақ даўам еткен өзлестириўге, өзин қоршап турған ҳақыйқый дүнья ҳаққында анық ҳəм терең мағлыўмаьт алыўға, бундай мағлыўматларды сақлаў, қайта ислеў жəне оннан пайдаланыўға қаратылған жəмийетлик аң-сананың айрықша формасы болып, шынлық ҳаққында билимлердиң тутас, бирлескен системасы.
Дөретиўшилик – сөздиң кең мəнисинде адамның ямаса жəмийеттиң, тəбийғый, жəмийетлик ҳəм руўхый əлемди инсанның мақсетлери ҳəм ўазыйпаларына, оның итияжлары, тилеклери ҳəм имканиятларына муўапық түрде өзгертиў бойынша дөретиўшилик белсендилиги, жаңалық жаратыў бойынша конструктивлик жумысы.
Синергетика – ҳəзирги заман өзин-өзи бирлестириў (шөлкемлестириў) теориясы, глобал эволюцияның өзин-өзи бирлестириў қубылысларын үйрениў менен байланыслы болған жаңаша дүньяқарас.
Қадағалаў ушын сораўлар
Илимниң функциясы неден ибарат?
Илимниң эпистемологиялық функциясы деген не?
Илимий дөретиўшилик процессии неден басланады?
Илимий эксперимент дегенде нени түсинесиз?
Илимий дөретиўшилик процессиндеги илимий билиўдиң қандай түрлери ҳəм усылларынан пайдаланылады?
Илимий дөретиўшиликтиң философиялық негизлери нелерде өз сəўлелениўин табады?
Do'stlaringiz bilan baham: |