Маҳбуба Хамидова


ЖӘҲӘН МӘДЕНИЯТЫ ҲӘМ ИЛИМИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ОЯНЫЎ ДӘЎИРИ ЖӘНЕ ЖАҢА ДӘЎИРДЕ ИЛИМИЙ ДӨРЕТИЎШИЛИКТИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫ


Download 1.19 Mb.
bet10/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ЖӘҲӘН МӘДЕНИЯТЫ ҲӘМ ИЛИМИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ОЯНЫЎ ДӘЎИРИ ЖӘНЕ ЖАҢА ДӘЎИРДЕ ИЛИМИЙ ДӨРЕТИЎШИЛИКТИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫ
Европада Рим империясының ыдыраўы нəтийжесинде антик дəўир орнына орта əсирлер келди. Бул дəўирде дин ҳүким сүриўши дүнья қарастың ҳəм идеологияның ўазыйпасын атқарды. «Философия теологияның жалланба хызметкери» деген сөзлер тек теолог-алымлардың көз-қарсаларын ғана емес, ал реал жағдайды да көрсететуғын еди.
Бул дəўирде дөретиўшилик пүткил дүньяның жаратыўшысы Қудайға тəн, теологиялық (илаҳий) дөретиўшилик жоқлықтан барлықты пайда етиўши ерк-ықрардың жемиси деп сөзсиз тəн алынды.
Мың жыл даўам еткен орта əсирлердиң орнына келген Ояныў дəўири инсанның үлкен дөретиўшилик имканиятлары пафосы менен суўғарылған еди. Бул дəўирде тийкарынан мазмуны дөретиўшилик бақлаў жүргизиўден ибарат деп қаралған көркем дөретиўшилик раўажланды. Дөретиўшилик тийкардың ийеси сыпатында гений адамға сыйыныў қəлиплести, тарийхқа болса анық инсаный дөретиўшиликтиң жемиси деп қаралды.
Ояныў дəўириниң философиясы ҳəм илими инсаныйлық илимий ой-пикир, илим ҳəм филисофияның дөретиўшилик синтезине айқын мысал бола алады. Бул дəўирде Леонардо да Винчи, Николай Коперник, Иоганн Кеплер сыяқлы уллы ойшыллар өзлериниң гениаллық тəбийғый илимий шығармаларын жаратты.
XVI-XVII əсирлерде Батыс Европада жаңа буржуазия, базар өндириси мүнəсибетлериниң жедел раўажланыўы илим ҳəм техниканың тез раўажланыўына алып келди.
Жаңа дəўирдиң гений-философлары Ф.Бекон, Т.Гоббс, Ж.Локк, Д.Юм дөретиўшиликке инсан тəрепинен жаңа механизмлер, машиналар, қурылмалар ҳəм агрегатлардың ашылыўы ретинде қарады. Илим ҳəм техниканың жетискенликлери менен жаңалықлары философия ҳəм илимде дүньяның механикалық көриниси, метафизикалық дүнья қарас ҳүкимдарлық етиўине алып келди.
XVIII əсирдиң ақыры XIX əсирдиң биринши шерегинде инсаният тарийхындағы уллы ойшыллардан бири Иммануил Кант тийкар салған немец классик философиясының дөретиўшилик белсендилиги артты.
И.Канттан соң уллы немец философы – идеалист ҳəм диалектик Г.Гегель билиўди өзиниң айрықша ишки шөлкемлестириў методларына, усылларына ийе болған өзине тəн өзгеше жумыс сыпатында анализден өткериўди даўам еттирди.
XIX əсирде ҳəм XX əсирдиң биринши ярымында илим ҳəм дөретиўшилик, философия жəне илимий билиў эпистемологиясы жедел раўажланды.
Жəмийетлик ҳəм гуманитарлық илимлер саласында К.Маркс, О.Конт, Г.Спенсер, Ж.С.Милль ҳəм басқа да атақлы алымлар жумыс алып барды.
Көплеген илимий ҳəм техникалық жаңалықлардың ашылыўы XX əсирдиң екинши ярымында илимий-техникалық революцияға алып келди. Ҳəзирги заман илимий билиминиң пүткиллей жаңа саласы – глобалистика жүзеге келди. Ҳəзирги заман илимий-техникалық прогрессиниң усы ҳəм басқада көплеген жетискенликлери негизинде ҳəзирги заман илимий дөретиўшилиги методологиясында ҳəм илим эпистемологиясында сциентизм жəне постпозитивизм усаған бағдарлар пайда болды.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling