Маҳбуба Хамидова
ДӨРЕТИЎШИЛИКТИҢ ТЕОРИЯЛЫҚ МАШҚАЛАЛАРЫН КӨТЕРИЎ ИСИНЕ ШЫҒЫС ОЙШЫЛЛАРЫНЫҢ ҚОСҚАН ҮЛЕСИ
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
ДӨРЕТИЎШИЛИКТИҢ ТЕОРИЯЛЫҚ МАШҚАЛАЛАРЫН КӨТЕРИЎ ИСИНЕ ШЫҒЫС ОЙШЫЛЛАРЫНЫҢ ҚОСҚАН ҮЛЕСИ
Орайлық Азия регионының халықлары хожалық жүргизиў ҳəм экономикалық жумыстың ҳəр қыйлы түрлери, ҳəр қыйлы өнертментшилик түрлери, мəденият, көркем өнер, ҳуқық ҳəм илимди əййемги заманлардың өзинде-ақ дөретиўшилик пенен раўажландырған ҳəм тереңлестирген. Орайлық Азия халық аўызеки дөретиўшилигиниң ең дəслепки, əййемги естеликлеринде, саклар ҳəм суғдлардың дəстанларында Ўатанды сүйиўшилик, мəртлик ҳəм садықлық жырланған. Бизиң эрамызға дейинги VI əсирден Орайлық Азияда зардуштийлик жүзеге келди ҳəм ол бизиң эрамыздың III əсирине дейин ҳүким сүрди. Онда демократизм ҳəм дийхан жəмəəтлериниң мəплерин қорғаў идеялары көзге тасланады. Бизиң эрамызға дейинги VI əсирде пайда болған Зардушт тəлийматы реформаторлық рухы менен суўғарылған. Бул аграрлық реформа идеяларында өз сəўлелениўин тапқан. Шығармада зорлық ҳəм талан-тараж етиўшиликтен азап шегип атырған халыққа тилеклеслик билдирилген, нызамды ҳəм тəртипти сақлаўға шақырған. Бизиң эрамыздың II-III əсирлеринде зардуштийлик негизинде манихейлик пайда болады. Манихейлик бағдарларынан бири – маздакизм V əсирде кең тарқалды. VII əсирдиң ақыры VIII əсирдиң басында Орайлық Азия Араб халифатлығы ҳүкими астында қалды. Бул жерде дүньяның диний системаларының ең жасы – Ислам дини тарқалды ҳəм терең тамыр таслады. Ислам дини ҳəм дүнья қарасының тарқалыўы барлық салаларда - өнерментшилик, көркем-өнер, илим, ҳуқық, сиясат ҳəм мəдениятта дөретиўшиликтиң раўажланыўына түртки болды. Орайлық Азия ойшыллары өзлериниң дөретиўшилик жумысы менен ислам ҳуқықын ҳəм жəмийеттаныўшылықты раўажландырыўға үлкен үлес қосты. Соның ишинде бабамыз Имам ал-Бухарий ең толық Ҳəдислер топламын жаратты. Баҳовуддин Нақшбанд ҳəм Ахмед Яссавий Орайлық Азияда суфизмниң ең ири ўəкиллери, нақшбандия ҳəм яссавия бағдарларының тийкарын салыўшылар. Орта əсирлерде жасап, дөретиўшилик еткен Шығыстың уллы ойшыллары Ал-Киндий, Ахмед ал Ферғаний, Ал-Хорезмий, Абу-Наср Фарабий, Абу Али ибн Сино, Ғаззолий, Ибн Рушд, олардың шəкиртлери ҳəм исин даўам еттириўшилер тəлийматын, деизмди - əлемниң биринши себеби сыпатында Қудайдың барлығын тəн алыўшы философиялық тəлийматты, «Қудай» ҳəм «Тəбият» түсиниклерин жақынластырыўшы пантеизмди, билиў теориясында дуализмди раўажландырды, себеби, еки тəреплеме ҳақыйқат – теология тəн алған ҳақыйқаты ҳəм илимий дөретиўшилик ҳақыйқаты теориясына əмел етти. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling