Маҳбуба Хамидова
Таярлаў – ол бақланып атырған саланы белгилеп алыўды, жəмəəттиң рəсмий шөлкемин үйрениўди, рəсмий емес шөлкемди билиўди өзинде жəмлейди. Орынлаўшы
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
- Bu sahifa navigatsiya:
- Аналитикалық
- Баҳалаў (рейтинг)
- Социомерия усылы Шкалаластырыў
Таярлаў – ол бақланып атырған саланы белгилеп алыўды, жəмəəттиң рəсмий шөлкемин үйрениўди, рəсмий емес шөлкемди билиўди өзинде жəмлейди.
Орынлаўшы - өз-ара тəсир көрсетиўден ибарат болады. Бақлаў объекти улыўма жумыс пенен шуғылланыўшы адамлар есапланады. Жумысқа баслама көрсетиўшиниң кимлиги, өз-ара тəсир қашан болатуғыны, қайсы пайыт аралығында, қандай көринисте болатуғыны, оның мазмуны, формасы, эмоционал дəрежеси ҳəм өз-ара тəсириниң системалылығы бақлаўдың объекти есапланады. Аналитикалық – материалды таллаў классификациясы төмендеги өлшемлер тийкарында əмелге асырылады: Өз-ара тəсир топар ағзаларының өз-ара мүнəсибетлериниң беккемлениўине ҳəм босасыўына тəсир етиўши ҳəр қыйлы түрлериниң интенсивлиги. Өз-ара тəсирдиң концентрациясы: белгили бир адамлар (олар кимлер?) əтирапында өз-ара тəсирдиң локализациясы (шегарадан шықпаўы), белгиленген жумыс орнында белгили бир жумыс ўақты даўамында (қашан, қай жерде); Топар, жəмəəт көлеминде ҳəм тысқарысында шəртнамалардың саны жəне мазмунының өз-ара тəсир муғдары. Өз-ара тəсирдиң бағдары (ким инта көрсетиўши, ким тутыныўшы). Өз-ара тəсирдиң мазмуны (оның түрлери, стили, себеби, өз-ара тəсирдиң рəсмий ямаса рəсмий емеслиги). Баҳалаў (рейтинг) – бақлаўдың жанапай, тиккелей емес түри есапланады. Рейтинг, яғный баҳалаў усылы ўəкилликли судьялардың додалаўына тийкарланған руўхый өлшем болып табылады. Рейтинг оны көп жыллар даўамында бақлап барған инсанлардың ҳəр тəреплеме баҳалаўлары арқалы үйрениўлеринен ибарат. Өз-өзин баҳалаў реал минез-қулықты билиўге, инсанның өзине исеним дəрежесин анықлаўға имканият береди. Өзине-өзи баҳа бериў инсанлар арасындағы өз-ара мүнəсибет, олар арасындағы ўақыялар, даў-жəнжеллерге баҳа бериўди салыстырыў усылы сыпатында пайда болады. Социомерия усылы Шкалаластырыў – изертлеў – санақ методы болып, жəмийетлик қубылысларды үйрениў ушын қолланылады. Шкалаластырыў арқалы санақ системасында жəмийетлик факторлардың бир қатар сыпатларының айланыўы усылы түсиниледи. Ол социаллық қубылыслардың айырым тəреплерин ямаса инсан сыпатларын шкала көринисинде өлшеў имканиятын береди. Шкаланы алыў ушын баҳалаў сораўлары, мақуллайман, додалайман, бийтəреп (нейтралитет) позициясындаман, билмеймен ҳəм басқа да баҳалаў түрлери классификациясы берилген жабық жуўаплар жыйнағы есапланады. Нəтийжеде муғдарлық баҳалаў имканияты пайда болады. Бул процесс шкалаластырыў (шкалирование) деп аталады. Шкалалар ҳəр қыйлы болады: 1-үш дəрежели (яғный күтə, онша емес, қанаатланарлық (келиседи) түриндеги жуўап); 2 – көп дəрежели (көп жуўап вариантларынан қуралады). Шкаланың жəмийетлик аралық, қағыйдаға салыў (нормаластырыў), ишки избе-излик ҳəм шкала грамм таллаўы түрлери бар. Эксперимент усылы изертлеўлерде предметтиң ҳəм процесслер сапасының муғдарлы жазыўлары менен байланыслы болған жаңа бағдар яғный квалиметрия барған сайын раўажланбақта. Квалиметрия (термин латын тилинен алынған болып «квали»-сапа ҳəм «метро»-өлшеў дегенди аңлатады) комплексли муғдар баҳасы объектлерин қубылыслар, процесслерди метрологиялық билимлер саласында жаңа салыстырыўды аңлатады. Мəселен, психологиялық-педагогикалық объектлерге квалиметрия усылын қолланыў педагогикалық квалиметрия деп аталады. Онда теориялық ҳəм əмелий квалиметрияны шəртли ажыратыў мүмкин. Теориялық квалиметрия өлшеў машқалалары, өлшеўдиң улыўма сораўлары, изертлеў нəтийжелери баҳалаўы ҳəм таллаўы, оқыў процесслериниң сапасы ҳəм нəтийжесин аналитикалық баҳалаў машқалалары, объектлер сапасын баҳалаў методикасын ислеп шығыўдан ибарат. Әмелий квалиметрия анық изертлеўлердеги өлшеўлер менен байланыслы мəселелерди шешеди. Эксперимент усылы изертлеўшиниң қыйын машқалаларды ҳəр тəреплеме шешиўи ушын қатнасықларының имканиятларынан бири сыпатында қарап шығылады. Эксперимент усылы билим ҳəм тəжрийбеси адамның эвристлик имканиятларын рухсат етилиў, қəнигелердиң интуициясын, изертленип атырған қубылысларды баҳалаўда пайдаланылады. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling