Маҳбуба Хамидова
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
- Bu sahifa navigatsiya:
- ӘДЕБИЯТЛАР ДИЗИМИ
- ИЛИМИЙ ИЗЕРТЛЕЎДИҢ БАСҚЫШЛАРЫ РЕЖЕ
Қадағалаў ушын сораўлар:
Сораўнамаға қандай талаплар қойылады? Интервью методының қандай түрлери бар? Олардың айырмашылықларын көрсетиң? Социологиялық бақлаў деген не? Бақлаўдың (баҳалаў) рейтинг түри ҳаққында нелерди билесиз? Экспертлик баҳалаўда «ақыл-ой ҳүжими» усылы қалайынша əмелге асырылады? Экспертлердиң ең объектив тийкарланған жеке пикирлериниң сəўлелениўи қайсы методты қурайды? ӘДЕБИЯТЛАР ДИЗИМИ Ўзбекистон Республикасининг Конституцияси. –Т.: Ўзбекистон, 2003. Каримов И.А. Ўз келажагимизни ўз қулимиз билан қурамиз. Т.7, -Т.: Ўзбекистон, 1996. 413 б. Каримов И.А. Миллий истиқлол, иқтисод, сиёсат, мафкура. Т.1. –Т.: 1996. 364 б. «Илмий-тадқиқот фаолиятини ташкил этишни такомиллаштириш тўғрисида» Ўзбекистон Республикаси Президенти Фармони, Тошкент, 2002 й. 20 феврал. Каримов А.З. Лекции по методологии научного исследования в сфере права. –Т.: Зиё, 2003, 176с. Перегудов Л.В., Саидов М.Х., Аликулов Д.Е. Илмий ижод методологияси. —Тошкент, «Молия» нашриёти, 2002. Рузавин Г.И. Методология научного исследования. –М.: ЮНИТИ, 1999. Саифназаров И., Никитченко Г., Қосимов Б. Илмий ижод методологияси. –Тошкент, «Янги аср авлоди», 2004, 200 б. Ғуломов С.С., Перегудов Л.В. Фан ва техникада тизимли ёндашув асослари. Т.: Молия, 2002. Шермухамедова Н. Фалсафа ва инсон методологияси. –Т.: М.Улуғбек номидаги Ўзбекистон Миллий Университети, 2005. http:// www.gov.uz. http:// www.dissertationl.narod.ru. http:// www.lawlibrary.ru. ИЛИМИЙ ИЗЕРТЛЕЎДИҢ БАСҚЫШЛАРЫ РЕЖЕ: Магистрлик диссертация Магистрлик диссертацияның темасын таңлаў Магистрлик диссертацияның жумыс режеси Илимий жумыстың дүзилисине қойылатуғын талаплар Магистрлик диссертацияны жазыўда илимий басшының роли. Илимий билиў машқаланы шешиў менен байланыслы болады. Машқалалардың болмаўы изертлеўлердиң тоқтап қалыўына ҳəм илимниң бир орында қатып қалыўына алып келеди. Илимий изертлеў жумысларында төмендегилер: илимий бағдар, машқалалар ҳəм темалар айрылып турады. Илимий бағдар – илимниң белгили бир тармағында ири, фундаментал, теориялық, эксперименталлық мəселелерди шешиўге бағышланған жəмəəтлик илимий изертлеў саласы. Илимий бағдар төмендеги структуралық бирликлерге бөлинеди: комплексли машқалалар ҳəм машқалалар, темалар ҳəм мəселелер. Машқала — қыйын илимий мəселе болып, шешиўди, изертлеўди талап етеди. Ол машқалалық жағдайдың нəтийжеси есапланады. Ол бурыннан бар ески билимлер ҳəм эмприк ямаса теориялық изертлеўлер нəтийжесинде жаңадан табылған билимлер арасында қарама-қарсылық жүзеге келиўи себебинен пайда болады. Комплексли машқалалар (ямаса проблематика) - əдетте, бир бағдардағы бир қанша қыйын мəселени өз ишине алатуғын машқалалар комплекси болып табылады. Тема — бул илимий мəселе болып, изертлеўди талап ететуғын машқалалардың белгили бир саласын қамтып алады. Ол көплеген изертлеў мəселелерине – машқаланың анық бир саласына тийисли бир қанша майда илимий мəселелерге тийкарланады. Мəселени шешиўде белгили бир изертлеў ўазыйпасы шешиледи. Мəселен, жаңа материалды ислеп шығыў, конструкция, алдынғы технологияларды жаратыў. Бунда оларды орынлаў тек теориялық əҳмийетке ийе болып қалмастан, ал тийкарынан күтилип атырған белгили бир экономикалық нəтийжеге ийе əмелий əҳмийетке де ийе болады. Машқала ҳəм теманы таңлаў қыйын жəне жуўапкерли ис, ол бир неше басқышта өз шешимин табады. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling