Маҳбуба Хамидова
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
- Bu sahifa navigatsiya:
- Үшинши басқышта
Биринши басқышта, машқалалық жағдайдан келип шығып, машқала көрсетиледи ҳəм күтилип атырған нəтийже улыўма түрде белгиленеди.
Екинши басқышта, машқаланың актуаллығы, оның илим ҳəм техника ушын əҳмийети анықланады. Үшинши басқышта, машқаланың структурасы ислеп шығылады – тема, киши темалар, сораўлар ҳəм олар арасындағы байланыслылық айрылады. Нəтийжеде машқала «тереги» қəлиплеседи. Соңынан машқалалар тийкарланғаннан, оның структуралары ислеп шығылғаннан кейин илимий хызметкер (ямаса жəмəəт) қағыйдаға бола илимий изертлеў темасын өз бетинше, ғəрезсиз түрде таңлайды. Көбинесе теманы таңлаў изертлеўди алып барыўға қарағанда қыйынырақ болады. Илимий изертлеў темасына бир қатар талаплар қойылады: Тема актуал болыўы, ҳəзирги пайытта шешиўди талап етиўи зəрүр. Фундаменталлық изертлеўлер менен байланыслы темалардың актуаллық дəрежесин белгилеў ушын ҳəзирше тийисли өлшемлер жоқ. Соның ушын да, актуаллығын ири алым ямаса илимий жəмəəт белгилейди. Теманың əмелий сыпатына келсек, оның əҳмийетлилиги, қағыйдаға бола өндиристиң белгили бир тармағының раўажланыў ҳəм экономикалық нəтийжелилик талапларына қарай белгиленеди. Тема жаңа илимий мəселени шешиўи ҳəм илимий жаңалық сыпатына ийе болыўы керек. Илимий темаға қойылатуғын талаплар болып экономикалық нəтийжелилик ҳəм əҳмийетлилик есапланады. Әмелий изертлеўлер менен байланыслы темалар таңлаў басқышында шама менен белгиленетуғын экономикалық нəтийже бериўи тийис. Фундаменталлық сыпаттағы теманы таңлаўда экономикалылық нəтийжелилик өлшеми əҳмийетлилик өлшемине өз орнын босатып береди. Тема илимий бағдарға сəйкес, муўапық болыўы керек. Бул илимий жəмəəттиң маманлығы ҳəм ўəкиллигинен барынша толық түрде пайдаланыўға имканият береди. Нəтийжеде ислеп шығыўдың теориялық дəрежеси, сапасы ҳəм экономикалық нəтийжелилиги артады, изертлеўдиң орынланыў мүддети қысқарады. Енгизилиў теманың əҳмийетли сыпаты болып есапланады. Теманы ислеп шығыўшылар оны режедеги мүддетте тамамлаў имканиятларын белгилеўи ҳəм буйыртпашының өндирислик шараятларына енгизилиўин анықлаўы керек. Олар тийисли өндиристи, оның ҳəзирги ўақыттағы ҳəм келешектеги талапларын жақсы билиўлери зəрүр. Теманы таңлаў елдиң ҳəм шет ел əдебият дəреклерин, шешилип атырған жаңа мəселеге бағышланған материалларды дыққат пенен үйренип шығыў менен қоса алып барылады. Соңғы жылларда теманы таңлаўда эксперимент баҳалаў усылы кең қолланылмақта. Буның мəниси сонда, режелестирилип атырған тема қəниге-экспертлер тəрепинен баҳаланады. Ҳəр бир эксперт темаларға қойылатуғын тийисли талапларды балларда баҳалайды. Ең жоқары балл əпиўайы түрде есапланады. Яғный ең көп балл топлаған тема мақул болып табылады. Магистрлик диссертациясының темасы актуал ҳəм қағыйдаға бола магистрант таңлаған қəнигелик бойынша анық илимий ямаса илимий əмелий мəселелерди шешиўге қаратылған болыўы керек. Магистрлик диссертацияларының темалары институттың илимий кеңеси тəрепинен тастыйықланған фундаменталлық илимий ҳəм əмелий изертлеўлер бағдарламасына муўапықластырылады. Магистрлик диссертациясының изертлеў жуўмақлары ҳəм усыныслары, тəрийпи ҳəм қағыйдалары автор тəрепинен толық тийкарланған түрде усынылады, яғный оның жумысы өзи таңлаған кəсип саласында илимий ис пенен шуғыллана алыўдың басланғыш көнликпелери барлығын көрсетиўи керек. Магистрлик диссертациясының илимий ҳəм илимий-əмелий дəрежеси билимлендириў бағдарламасының талапларына жуўап бериўи шəрт. Усы жумыстың орынланыўы оның авторы ғəрезсиз түрде, өз алдына илимий (əмелий) излениў алып бара алатуғынын, кəсиплик машқалаларды көре билиўге үйренгенлигин ҳəм оларды шешиўдиң улыўма усылларын билетуғынын көрсетиўи тийис. Улыўма магистрлик диссертациясы магистранттың илимий жақтан жетиклигин ҳəм қəнигелик ямаса қəнигелесиў бойынша терең кəсиплик таярлыққа ийе екенлигин сыпатлаўы зəрүр. Сонлықтан да магистрлик диссертациясының авторы илимий жумысы арқалы өзиниң илимий маманлық дəрежесин, соның ишинде , өз алдына илимий изертлеў жүргизиў жəне белгили бир илимий ямаса əмелий ўазыйпаларды шеше алыў көнликпелерине ийе екенлигин көрсете алыўы керек. Кандидатлық дмиссертациясынан айырмасы магистрлик диссертациясы магистрдиң билим-кəсиплик дəрежесин көрсетеди, себеби магистрлик дəрежеси академиялық дəреже болып табылады. Магистрлик диссертациясының мазмуны, дөретиўшилик өзгешелиги , автордың билими, жеке тəжрийбелери ҳəм көз-қараслары менен айрылып турады. Магистрлик диссертациясы мəселениң теориялық тəрепин, машқалаларын, илимий ҳəм əмелий ўазыйпаларды таллаўды жəне шешиўди жəмлей отырып , логикалық ойлап дүзилген реже тийкарында жазылады. Магистрант ҳуқық қорғаў уйымлары системасының өзгешеликлерин есапқа ала отырып ҳəм сырт ел мəмлекетлери тəжрийбесин үйренип жəне тəжрийбе арттырыў материалларынан пайдаланып, диссертацияда нəзерде тутылған мəселелерди шешиў жолларын усыныс етеди. Институтта ҳəр жылы магистрлик диссертацияларының темалары жуўапкер кафедралар тəрепинен ислеп шығылады, институттың илимий-методикалық кеңесинде додаланады ҳəм тастыйықлаў ушын илимий кеңеске киргизиледи. Илимий кеңесте тастыйықланған магистрлик диссертациялардың темалары магистратура тыңлаўшыларына таңлап алыў ушын усынылады. Кафедрадағы илимий-изертлеў жумысының темалары институттың илимий ис режеси бойынша алып барылып атырған илимий-изертлеў жумысларының улыўма бағдарларын көрсетеди. Солай етип, институтта ҳəр жылы ислеп шығылатуғын ҳəм магистрлик диссертацияларын жазыў ушын усынылатуғын темалар жуўапкер кафедраларда, улыўма институтта алып барылып атырған илимий-изертлеў жумысларының улыўма темалары менен тығыз байланысқан болыўы шəрт. Демек, тыңлаўшыларға усыныс етилип атырған магистрлик диссертацияларының темалары кафедраларда алып барылып атырған илимий-изертлеў жумысларының айырым бағдарлары ҳəм институттың илимий-изертлеў жумысларының улыўма темаларын анықластырып барады. Магистрлик диссертацияларының темаларын ислеп шығыў ҳəм усыныўға бундай көз-қарастан қатнас жасаў тыңлаўшыларға институт жəмəəти алып барып атырған илимий-изертлеў жумысларын белгили бир мақсетке бағдарлап басқышпа-басқыш шөлкемлестириўге жəрдем етеди. Көрип шығылып атырған процесстиң өзине тəн өзгешелиги сонда, ҳəр жылы магистрлик диссертациялары темаларын ислеп шығыўда ҳуқық салаларының əҳмийетли машқалалары тийкар етип алынады. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling