Маҳбуба Хамидова
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
- Bu sahifa navigatsiya:
- Қолдан излеў
- Мехиназацияластырылған
Мəлимлеме ағымы – таңланған теманы ислеп шығыў ушын зəрүрли ҳүжжетлерди излеў бойынша операциялар жыйнағы. Ол қолдан механикалық түрде, механизацияластырылған ҳалда əмелге асырылыўы мүмкин.
Қолдан излеў - əдеттеги библиографиялық бетлер, картотекалар ҳəм баспа көрсеткишлери бойынша əмелге асырылады. Механикалық излеўде мəлимлеме жеткериўшилер болып перфокарталар есапланады. Мехиназацияластырылған излеў есаплы перфорациялық машиналарды, автоматластырылған болса ЭЕМ ди қолланыўға тийкарланады. Мəлимлемелик излеў системаларында мəлимлемелик излеў тилиниң ҳəр қыйлы талқылаўлары қолланылады. Оптимал нəтийжеге ерисиў ушын излеў зəрүр, себеби бунда анаў ямаса мынаў дəрежеде теманы ислеп шығыўшы (ямаса ислеп шығыўшылар) дың өзи қатнасады. Излеўди əмелге асыра отырып, ислеп шығыўшы излеў көлемин қалай болса да изертлейди ҳəм өз мəлимлемелик сораўының көринисин анықлайды. Илимий мəлимлемени үйрениў ҳəм таллап шығыў мəселениң тема бойынша жағдайын сəўлелендириў, илимий-изертлеўдиң мақсетин ҳəм ўазыйпасын дəлиллеў ушын тийкар болады. Мəлимлемениң нəтийжели ислеп шығылыўына ерисиў (үйрениў, ядта сақлап қалыў ҳəм таллаў) ушын бир қатар шəртлерге əмел етиў (оларды сақлаў) керек. Биринши шəрт болып анықлаў, яғный мақсетти белгилеў есапланады. Бул психологиялық фактор ой-пикир жүритиўди жанландырады, үйренилип атырғанды түсиниўге жəрдем етеди, ақыл-ойды айтарлықтай айқынластырады. Бул жағдайда илимий хызметкер өзин «белгили бир толқынға» сазлайды. Буннан кейинги шəрт бул – илҳамланыў. Ол илимий қатнасқа тийкарланады ҳəм мəлимлеме ислеп шығыўдың нəтийжелилигин арттырады. Мəлимлемени сапалы етип ислеп шығыўды тəмийинлеў ушын дыққатты ҳəм пикирди бир жерге топлаў зəрүр. Ислеп шығыў процессинде ҳəр қыйлы нервти қоздырыўшылар (шаўқым, қатты сөйлесиўлер ҳəм т.б.) ды сапластырыў зəрүр, себеби олар дыққатты бөледи ҳəм тез шаршаўға алып келеди. Мəлимлеме үстинде табыслы ислеўдиң əҳмийетли факторы мийнеттиң ғəрезсизлиги болып есапланады. Әдебиятларды үйрениўде қатаңлық ҳəм турақлылық айтарлықтай əҳмийетли шəртлерден есапланады. Әсиресе ол қурамалы ҳəм қыйын жаңа текстти оқыўда зəрүр болады. Материалды толық түсиниўге ерисиў ушын қайта оқыўға туўра келеди. Мəлимлемени ислеп шығыўдың нəтийжелилиги ақыл-ой менен ислей алыў қəбилетине байланыслы. Оны арттырыўда дурыс жумыс тəртиби əҳмийетли шəрт есапланады. 1-2 саатлық ақыл мийнетинен соң 5-7 минут тəнепис етиў, физикалық шынығыўларды орынлаў, терең, күшли нəпес алыў ҳəм басқаларды орынлаў усыныс етиледи. Бул орайлық нерв системасын қоллап-қуўатлайды ҳəм ислеў қəбилетин арттырады. Илимий мəлимлемени ислеп шығыўда көширме, аннотация, конспектлер қолланылады. Көширме – мəлимлемениң айрым бөлимлериниң қысқа (ямаса толық) мазмуны. Олар күтə баҳалы болады, себеби киши көлемде көплеген мəлимлеме топлаўға мүмкиншилик береди ҳəм буннан кейинги дөретиўшилик жумыс ушын тийкар болып есапланады. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling