Маҳбуба Хамидова


Аннотация – биринши дəрек мəлимлемесиниң қысқаша мазмуны. Оның жəрдеминде текстти ядыңда қайта тиклеў мүмкин болады. Конспект


Download 1.19 Mb.
bet31/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Аннотация – биринши дəрек мəлимлемесиниң қысқаша мазмуны. Оның жəрдеминде текстти ядыңда қайта тиклеў мүмкин болады.
Конспект – анаў ямаса мынаў биринши дəректеги мəлимлемениң толық баяны. Ол мазмунына бола толық ҳəм көлемине бола илажы барынша қысқа болыўы керек. Конспектти өз сөзлери менен дүзиў тийис. Бул оқылғанды аңлап жетиўди ҳəм таллаўды талап етеди жəне усының менен дөретиўшилик жумысқа үлкен пайда келтиреди.
Исленип атырған мəлимлемени еслеп қалыўдың ҳəр қыйлы усыллары бар. Булар механикалық, мəнислик, ықтыярлы, ықтыярый емес усыллар болып табылады.
Механикалық усыл оқылғанда көп рет тəкрарлаўға ҳəм қайта оқыўға тийкарланған. Бул жағдайда еслеп қалынып атырған мəлимлемениң айрым элементлери арасында логикалық байланыс болмайды. Сонлықтан да оның нəтийжеси аз ҳəм тийкарынан сəне, формула, цитата, шет тил сөзлерин ҳəм т. б. еслеп қалыў ушын қолланылады.
Мəнислик усыл исленип атырған мəлимлемениң айрым элементлери арасындағы логикалық байланысларды еслеп қалыўға тийкарланған. Оқыўда айрым элементлерди ғана емес, ал тутас текстти, оның мазмунын ҳəм əҳмийетин түсиниў зəрүр. Еслеп қалыўдың бул усылы логикалық-мəнислик есапланады. Бул арқалы ол механикалық усылдан көп нəтийжели болады.
Ықтыярлы усылда еслеп қалыў ҳəр қыйлы ассоциация нызамлары менен байланыслы болған мнемоникалық жолларға тийкарланады.
Ықтыярлы емес усыл оқыў процессинде сезимге бола жүзеге келген эмоция менен байланыслы тексттиң анаў ямаса мынаў үзиндисин тосыннан еслеп қалыўға тийкарланған.
Исленип атырған мəлимлемени еслеп қалыўдың универсал усылы жоқ екенин атап көрсетиў керек. Әмелде, көбинесе, усыллардан мəлимлемениң анаў ямаса мынаў бөлиминиң сыпатына байланыслы түрде пайдаланылады.
Исленип атырған мəлимлемени таллаў-илимий изертлеўдиң əҳмийетли ўазыйпаларынан бири.
Таллаў барысында мəлимлеме дəрегин де, олардағы мəлимлемени де сыпатлаў ҳəм системаластырыў зəрүр. Дəреклерди еки түрли системаластырыў мүмкин: хронологиялық тəртипте ҳəм тема бойынша.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling