Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet32/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Биринши жағдайда барлық мəлимлеме тема бойынша илимий басқышқа бола системаластырылады. Булар ушын сапа «секирмелери» тəн болады. Кейин ҳəр бир басқышта тийисли дəреклер (басқышлар) дыққат пенен сын көз-қарастан талланып шығылады. Буның ушын жоқары дəрежеде эрудиция ҳəм билимге ийе болыў зəрүр.
Екинши жағдайда (тема бойынша таллаў) да мəлимлемениң пүткил көлеми ислеп шығылып атырған тема мəселелери бойынша системаластырылады. Бунда үлкен итибар илимий мəлимлемениң соңғы басылымына қаратылады, онда бул мəселени изертлеў жуўмағы келтирилген болыўы мүмкин. Соңынан таңлаў тийкарында айрықша қызығыўшылық туўдырған басқа дəреклер таллап шығылады.
Мəлимлемени таллап шығыўдың екинши талқылаўы əпиўайы ҳəм аз ўақыт талап етеди. Усының менен бирге бул талқылаўда тема бойынша толық болмаған мəлимлеме көлеми таллап шығылады.
Ислеп шығыў (үйрениў, еслеп қалыў ҳəм таллаў) нəтийжелери бойынша илимий мəлимлеме белгиленеди:
—актуаллығы ҳəм мазмунының жаңалығы;
—тема бойынша теориялық ҳəм эксперименталлық изертлеўлер саласындағы соңғы жетискенликлер;
—илимий изертлеўдиң мақсетлери ҳəм ўазыйпалары;
—тема бойынша ислеп шығыў усыныслары (реконмендациялары);
—илимий ислеп шығыўлардың ҳуқықый, экономикалық ҳəм экологиялық мақсетке муўаплығы.
Ақыл мийнети ҳəр қандай формада мағлыўмат излеў менен байланыслы. Усы излениў ҳəзирги пайытта қыйынласып баратырғаны ҳаққындағы факт дəлиллеўге мүтəж емес ҳəм дүньяда басылып шығатуғын өним көлеминиң өсип барыўы арқалы көринетуғын астраномиялық санларды биз арнаўлы түрде келтирмей атырмыз. Бирақ бул жерде гəп тек басылым санының көбейип барыўында емес. Излеў системасының өзи де қурамалы болып бармақта, əсте-ақырын ол билимниң арнаўлы саласына айланып атыр. Усы салада билим ҳəм көнликпелер ҳəр қандай қəниге ушын миннетли болып қалмақта.
Усыған байланыслы таярлық түсиниги төмендеги тийкарғы элементлер арқалы қəлиплеседи:
—өз саласының мағлыўматлы уйымларынан пайдаланыўға рухсат беретуғын имканиятлар ҳəм илимий-техникалық мағлыўматлардың улыўма системасы ҳаққында анық түсиник;
—өз қəнигелиги бойынша мағлыўмат беретуғын барлық керекли дəреклердиң билимлери;
—оның мəселелерине ҳəм шəртлерине муўапық излениўдиң ақылға уғрас схемасын таңлаў көнликпеси;
—жəрдем беретуғын мəлимлеме ҳəм библиографиялық материаллардан пайдаланыў көнликпесиниң барлығы.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling