Маҳбуба Хамидова


Илимий – техникалық мағлыўматлар уйымы


Download 1.19 Mb.
bet35/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Илимий – техникалық мағлыўматлар уйымы

Илим ҳəм əмелиятты раўажландырыў мəселесинен тысқары, жəмийеттиң социаллық-экономикалық дүзилисине муўапық Өзбекстанның ГКНТ жанында арнаўлы ведомстволар тармақларын өз ишине алатуғын, оларды жыйнаў, улыўмаластырыў ҳəм тарқатыўға мөлшерленген илимий-техникалық мағлыўматтың бирден-бир мəмлекетлик фонды дүзилген.


Ол мағлыўматтан пайдаланыўшылар жəмəəтине – кəрхана, илимий-изертлеў ҳəм жойбарлаў - конструкторлық шөлкемлер усаған, жеке шөлкемлер ушын хызмет етиўге мөлшерленген.
Елимизде мағлыўмат жумысы тийкарында мағлыўматтың дүнья жүзилик дəреклерин күш сарпламастан толық қамтып алыў ҳəм оларды улыўмаластырыў, системаластырыўға мүмкиншилик беретуғын илимий ҳүжжетлерди орайластырып қайта ислеп шығыўға қаратылған принцип турады. Усы қайта ислеп шығыў нəтийжелеринде мағлыўматлы басылымлардың ҳəр қыйлы түрлери таярланады.
Реферативлик журналлар – тийкарғы мағлыўматлы басылым болып, илим ҳəм əмелият ушын үлкен қызығыўшылық пайда ететуғын əдебиятларды библиографиялық сүўретлеўши, айырым аннотацияларды сүўретлеўши рефератларға ийе.
Сигналлы мағлыўматлар бюллетени – белгили бир салалар бойынша əдебиятларды библиографиялық сүўретлеўди өз ишине алады. Олардың тийкарғы ўазыйпасы – барлық илимий ҳəм басқа да басылымлар ҳаққында мағлыўмат бериў.
Экспресс – мағлыўмат – биринши дəреклерге мүрəжəəт етиўге мүмкиншилик бермейтуғын жаңалықларды ҳəм басқа да нəрселерди сүўретлеў мақалаларының кең сүўретленген рефератлары.
Уқсас шолыўлар – илим ҳəм техниканың белгили бир саласында раўажланыў тенденциясы жəне жағдайы ҳаққында түсиниклерге ийе болған мағлыўматлы басылым.
Реферативлик шолыўлар – улыўма алғанда уқсас шолыўлардай мақсетлерди гөзлейди, олардан айырмасы шолыўдағы мағлыўматқа баҳа берместен сүўретлеў характерине ийе болады.
Аннотациялы баспа библиографиялық карточкалар – мағлыўматтың дəрегин толық библиографиялық сүўретлеўге ийе болған карточкалар. Булар – картадағы карточкалар, ямаса картадағы сүўретли мағлыўматлар, санының мазмуны ҳаққында түсиник пайда етиўге мүмкиншилик беретуғын ағымдағы журналлар миазмунының нусқасы.
Бул басылымлардың көплеген бөлеги жеке жазылыў арқалы тарқатылады. Мағлыўматлы материалларды көрип шыққаннан кейин ҳəр бир қəниге оның басылымына қызыққанларға ксеро, сүўрет, микросүўрет нусқасын буйыртпа етиўи мүмкин. Бундай буйыртпаларды ВИНИТИ, ИНИОН, ГПНТБ Лар қабыл етиўи мүмкин.
Мағлыўматларды излеўде қəнигелерге тиккелей кəрханалар жəне илимий-изертлеў ҳəм жойбарлаў институтларының бюролары жəрдем бериўи мүмкин. Олардың жумысы айрым категориядағы қəнигелердиң ҳəм пүткил бир кəрхананың мағлыўматқа болған талапларын есапқа алып дүзиледи. Бул бюроларда излеў (қыдырыў) аппараты ҳəм мағлыўматлы фондлардан ибарат мағлыўмат фонды қəлиплестириледи.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling