Маҳбуба Хамидова


ИЗЕРТЛЕЎДИҢ ҚОЛ ЖАЗБАСЫ ҮСТИНДЕ ИСЛЕЎ УСЫЛЫ


Download 1.19 Mb.
bet43/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ИЗЕРТЛЕЎДИҢ ҚОЛ ЖАЗБАСЫ ҮСТИНДЕ ИСЛЕЎ УСЫЛЫ


Реже:



  1. Илимий тил түсиниги

  2. Илимий дөретиўшиликте тилдиң орны

  3. Илимий дөретиўшиликте логикалық пикирлеў түрлери

ИЛИМИЙ ТИЛ ТҮСИНИГИ


Бүгинги күнде жүз берген компьютер революциясы, илимий билимниң жалпы математикаласыўы, мәлимлемелестириў ҳәм мәлимлеме қамтыўының глобаллық өсиўи, илимий изертлеўлер санының көбейиўи илимий дөретиўшилик методологиясында илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин үйрениў, анализден өткериў, талқылаўда рәсмийлестириў методларын биринши орынға алып шықпақта. Формал — логикалық математикалық методлар, усыллар, қатнаслар ҳәзирги заман алымының илимий дөретиўшилигиниң барлық басқышлары менен дәрежелерине кирип бармақта.
Аристотельдиң классикалық логикасы илимий машқала ямаса қатнасты қалайынша формалластырыў кереклигин көрсетеди. Бул формалластырыў алгоритми есапланады. Формал логикалық ҳәм ҳәзирги заман математикасының эвристлик функцияларына сүйенип, илимий дөретиўшиликте илимниң бирден-бир, универсал тилин қәлиплестириўге өтиў мүмкин. Ҳәзирги заман илимий изертлеў орайлары, лабораториялары ҳәм иститутларының дөретиўшилик изертлеў жумысы процессинде логикалық избе-излик, формал –логикалық қарама-қарсылықсыз квинтэссенциясы — математика ҳәзирги заман компьютерлестирилген илимниң тили екенлиги барған сайын айдынласып бармақта. Ҳәзирги заман илимий билиўдиң ўазыйпаларын шешиўде математикалық методлар менен усыллардың дөретиўшилик роли шексиз болмақта.
Математика, логика илим тилин рәсмийлестириў эпистемологияда рационал негиз сыпатында илимий дөретиўшиликтиң беккем тийкарын жаратады, илимий изертлеўдиң эмпирик, теориялық, интуитив дәрежелеринде алынған жаңа билимди беккемлейди, тийкарлайды, түсиндиреди ҳәм оны толық логикалық формаға салады.
Илимий билиўдиң формал-логикалық методларының дөретиўшилик роли сонда, ол рәсмий логикалық дурыс, мазмунлы, дөретиўшилик жемисли ой-пикир нызамларын ҳәм формаларын, бир көз қарастан басқа көз қараслардың келип шығыўы нызамлылықларын үйренеди, себеби, логикада сыпатланған принциплер изертлеў объектиниң белгили бир қәсийетлери ҳәм ҳалатларының турақлылығын, өз-ара белгиленлигин, бир-бирин бийкарлаўын ҳәм бир-бирине муўапықсызлығын сәўлелендир еди.
Формал логикалық илимий билиўге оның формасы көз қарасынан қарайды, бул процесстиң мазмуны тәреплерин асбтрактластырады, илимдеги дөретиўшилик процессиниң логикалық нызамларын ҳәм формаларын ажыратады. Ҳақыйқыйлық қарама-қарсылықсызлықтың логикалық нызамларын формалластырыўдың тийкарын қурайды.
Илимий билиў ҳәм дөретиўшилик методологиясында формаластырыў алымға теорияда пайдаланатуғын түсиниклерди, олардың логикалық өзгешеликлерин үйрениў мақсетинде усы түсиниклерди мазмунынан ажыратып алыўды тәмийинлейтуғын билиў операцияларының комплекси, деп сыпатлаў мүмкин. Формалластырыў илимий теорияны өзине тән материаллық объектлер —символар (нышанлар) көринисинде сәўлелендириў, теорияны дөретиўшилик раўажландырыў болса усы символларды белгили бир қағыйдалар тийкарында дүзиў мүмкиншилигин береди.
Бунда айырым илимий теорияларды, тийкарынан математикалық ҳәм формал —логикалық илимий теорияларды, тек усы теория үйренетуғын предмет саласы мазмунлы методлар ҳәм қураллар жәрдеминде терең анализден өткерилгеннен кейин формалластырыў мүмкинлигин итибарға алып және тийисли түсиниклердиң мазмунын анық бир мәнили етип сыпатлаў керек. Формал система дүзиў ушын әпиўайы тәбий¬ый тил символларынан, аўыз еки сөйлеўден де пайдаланыў зәрүр. Тил адамлардың өз заманласлары, алдыңғы ҳәм келешек әўладлар менен өз-ара байланысты, инсанияттың жәмийетлик раўажланыўында үзликсизлик ҳәм избе-изликти тәмийинлеў қуралы болып хызмет етеди. Айырым адамлардың тәжирийбеси, билими, дөретиўшилигиниң нәтийжелери тил белгилери ҳәм символлары жәрдеминде олардың жеке мүлкинен жәмийетлик мүликке, пүткил инсанияттың мүлкине айланады. Тил бул жәмийетлик тәжирийбе синтези, көриниси болып табылады. Мартин Хайдеггер тилге барлық нәрсениң үйи деп сыпатлама берген. Субъект өзи үйренип атырған объекттиң мәнисин, оның өзине тән тәреплерин, өзгериў, қәлиплесиў, раўажланыў нызамларын тил конструкциялары ҳәм символларда түсинип жетеди.
Белсенди илимий дөретиўшиликте мазмунлы илимий теория тийисли формаластырылған теорияның илимий әҳмийетиниң өлшеми болып хызмет ететуғынын итибарға алыў әҳмийетли болады.
Ҳәзирги заман илимий дөретиўшилигин компьютерлестириў алымның пикир жүритиў усылын өзгертеди, ол формалластырылған методлардың жалпы раўажланыўын белгилеп береди ҳәм бул процессти жеделлестиреди. Формалластырыў илимий теориялардың мазмунын системаластырыў ҳәм олардың логикалық дүзилисине анықлық киргизиў көз қарасынан үлкен артықмашлықларға ийе болып, ой-пикирдиң илимий нәтийжелерге ерисиў мүмкиншилигин беретуғын айрықша баҳалы қуралы есапланады.
Информатика илим ҳәм техниканың раўажланыўында биринши орынға шығып атырған ҳәзирги заман мәлимлеме жәмийетинде мәлимлеме процесслерин формалластырыў машқаласы әсиресе үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, мәлимлеме процесслериниң анықлығы ҳәм муўапықлығы қайта исленип атырған мәлимлеме формасын сәйкеслестириўге тиккелей байланыслы. Формалластырыўдың илимий дөретиўшилик методы сыпатындағы методологиялық әҳмийети бағдарламаластырыў,математика, математикаластырылған тәбияттаныў, ийкемли технология, робот техникасында көринеди. Ҳәзирги заман Француз неорационалисти Гастон Башляр усы мүнәсибет пенен, былай деген еди: «Илимий билиўдиң бар машқалалары қандайда бир басланғыш математикалық структураны таңлаў менен реал қойылады». Пикирди даўам еттирип, ол тағы былай дейди: «Тек математика — өзин өзи жаратыўшы формал талқыға, сыртқы материалға мүтәж болмаған формал активликке ылайық».
Ҳәзирги заман илимий билиўинде форманың активлиги, илимий изертлеўлерди формалластырыў методларынан кең пайдаланыў ҳәзирги заман илимий тилин қәлиплестириўге үлкен қызығыўшылық оятты.
Ҳәзирги заман илиминиң тили дегенде тәбийғый тил тийкарында тарийхый пайда болған, атқарыўшы эпистемологиялық функцияларына қарап айырылатуғын билиўдиң белгили қуралларының иеарархиясы түсиниледи.
Илим тили улыўма болған ҳалда, анаў ямаса мынаў илимниң өзине тән өзгешеликлерин сәўлелендиреди. Математика тили ҳәзирги заман формалластырылған илим тилиниң негизин қурайды.
Математика тили илиминиң тийкарғы түсиниклерин ҳәм белгилерин анық және қатаң анықлаў, дәллерди избе-из дүзиў, ҳақыйқый билим алыўдың логикалық — дедуктивлик усылларының техникасын жетилистириў мүмкиншилигин береди. А.Эйнштейн ҳәм Л.Инфельд бирликте жазған «Физика эволюциясы» китабында былай деп көрсеткен еди: «Илимниң ең фундаменталлық идеялары мәниси бойынша әпиўайы болып, оларды әдетте ҳәр кимге түсиникли болған тил менен сүўретлеў мүмкин. Бирақ, анаў ямаса мынаў идеядан келип шығатуғын нәтийжелер жыйнағын қаптып алыў ушын жоқары дәрежеде нәзик изертлеў техникасын билиў керек. Егер биз экстперимент нәтийжелери менен салыстырыўға болатуғын жуўмақлар шығарыўды қәлесек, изертлеў қуралы сыпатында математикадан пайдаланыўымыз керек».
Ҳәзирги заман математикасы ҳәм математикалық логиканың тили тәбийғый тил тийкарында, математикалық қатнаслар ҳәм логикалық бақлаўлардың сөзли сыпатламаларын арнаўлы ашылған белгилер, символлар менен алмастырыў жолы менен жаратылған. Ең көп пайдаланылатуғын белгилер қатарына төмендегилер киреди.
Мәселен ҳәзирги заман математикасы белгилеринде көрсетилген жуўмақты төмендеги мәнисте билдиреди: А түрлес объектлердиң айырым топарындағы қәлеген а элементи ушын айырым Г қағыйдасы сәйкес аырым Ь элементи муўапық деп қойылыўы мүмкин, басқа В объектлри топарынан 1 ҳәм бир қатар мәнислерге ийе болады: 1) -1,2,3... п. Соның ишинде А ҳәм В топарлар сан көшериниң тийисли бөлеклерин көрсетсе, бул жуўмақ У = F (х) Функционал байланыслықтың қысқартылған жуўмағы есапланады.
Бунда х А топарындағы барлық көринислерден, у болса В топарындағы (бөлимдеги) тийисли көринислерден өтеди.
Математикалық билиўде символлардың дөретиўшилик ролине көплеген уллы математиклер итибар қаратқан. Белгили немец математиги Феликс Клейн математикалық нышанлардың күшине ҳәзил аралас «қәлем инсаннан күшлирек» деп баҳа берген. Бунда ол белгилер жәрдеминде жаңа шынлықларды ашыў ушын өз пикирлерин қағазға қәлем жәрдеминде түсириў кереклигин нәзерде тутқан. Уллы Физик Генрих Герц Максвеллдиң классикалық электродинамикасы теңлемелери ҳаққында былай деген: «Бул әжайып теорияны үйренип атырғанда ўақты-ўақты менен математикалық формулалардан жан ҳәм ақыл –ой бардай, олар бизден, ҳәтте өз авторынан да ақыллырақ болып көринеди».
Формалластырыўдың илимий билиў ҳәм дөретиўшилик методы сыпатында өзине тән өзгешелиги сонда, ол бақлаўлардың мазмун дәрежесинде математикалық белгилер ҳәм логикалық символлар жәрдеминде жүргизиледи.
«Егер... болса, онда... болады» логикалық ҳәрекети бир белгилердиң избе-излигинен екинши избе—изликти келтирип шығарыў менен алмастырылады. Илимий билимди формалластырыў, теорияны дедуктивлик сәўлелендириўдиң сондай бир усылы, ол объекттиң мазмунын ҳәм мәнисин қосымша анализден өткериўди талап етеди және формаластырыў объекти ҳаққындағы барлық билимлер белги ҳәм символлар көринисинде сәўлелендириледи.
Формалластырыў тарийхый математикалық есаплаў менен байланыслы болып, буны дәслепки рет Ж. Бул, Г.Кантор, Г.Фреге, Ж.Пеано, А.Тарский ҳәм басқалар қолға алған. Формалластырыўдың усы түрин сыпатлаў ушын «математикаластырыў- атамасынан пайдаланылады. Теорияны формалластырылған тил қураллары АIQOL, Fortcan, Basic, Programming Language, Assembeer ҳәм басқалар жәрдеминде аксиоматик —дедуктивлик дүзиў формалластырыў методының раўажланыўының жоқары басқышы болып табылады.
Ҳәзирги заман компьютерлестирилген илиминиң формалластырылған тиллеринде логикалық жуўмақ шығарыў, теорияны дедуктивлик сәўлелендириў процесси логикалық избе-излик талапларын қанаатландыратуғын төмендеги алгоритм көринисинде сәўлеленеди.

  • бақлаў жүргизиў түри ҳәм оның дурыслығы тек дәлиллеў формасына байланыслы болады.

  • дәлиллеў тек тийкарлы дәлиллерге, аксиомаларға сүйенеди ҳәм формал логикалық жуўмақ шығарыў қағыйдаларына бойсынады.

  • дәлиллеў элементар, шекленген формаластырылған тилге сүйенгенде ғана исенимли болады.

Илимий изертлеўди формалластырыўда қатаң дәлиллеў, анық сыпатланған аксиомалар ҳәм қағыйдаларына тийкарланады: дәлиллеўде саламат пикир интуицияға тийкарланыўға, схема ямаса сызылманың көргизбелилигине ҳәм усыған усаған логикасыз факторларға жол қойылмайды.
Солай етип, толық формалластырылған илимий билим ҳәзирги заман эпистемологиясында аксиоматик-дедуктивлик метод жәрдеминде тәртиплестирилген «протоколлық усыныслар» деп аталатуғын формал көз қараслар системасын қурайды. Илимий билимди формалластырыў алымның дөретиўшилик ой-пикирине усы билимниң логикалық дүзилисин анықлаў имканын береди. «Бурбаки топары» атамасы менен белгили болған атақлы француз математиклери топары былай деп көрсетеди: «Аксиоматик метод бизди көрип шығылатуғын ҳәр бир теорияға тән болған деталлар түбинде жасырынып жатқан улыўма идеяларды табыўға, бул идеяларды ажыратып алып, оларды изертлеўге үйретеди».
Аксиоматик метод улыўма идеяларды излеўге мәжбүрлеп қоймастан, ал изертлеўшиге бурын ажыратылған теориялар арасында өз-ара байланысты ҳәм уқсаслықты анықлаўға жәрдемлесетуғын ҳәр қыйлы формализмлерди келтирип шығарыў имканын да береди. Сонлықтанда Бурбаки бул методқа формал логиканың өмирден айрылған скелети деп емес, ал раўажланған организмди тойындыратуғын дәрек, изертлеўдиң мазмунлы қуралы деп қарайды.
Формалластырыў методында өз көринисин тапқан илимий дөретиўшилик ҳәм изертлеў объектлерине абстрактлық қатнас илим және эпистемологиянық барлық салаларына математиканың кирип барыўы ушын кең имканиятлар ашады.
Формал аксиомалар көплеген мазмунлы талқылар ислеў имканын бергени себепли, оларды ҳәр сапары қайтадан көрип шығыў ҳәм изертлеўдиң ҳәр бир арнаўлы саласында олардан теоремаларды келтирип шығарыў талап етилмейди. Илимниң бул саласы объектлери тийисли формал дүзилис аксиомаларын қанаатландыратуғынына исеним пайда етиў ҳәм үйренилип атырған объектлер арасында математикалық байланыслықты анықлаў ушын таяр формалластырылған алгоритмнен пайдаланыў зәрүр. Математикалық тил — формулалар, теңлемелер, теңсизликлер, Функциялар, графиклер жәрдеминде тәбийғый, техникалық ҳәм жәмийетлик илимлер изертлеп атырған қубылыслар ҳәм процесслердиң ҳәрқыйлы қәсийетлери ҳәм қатнасықлары арасындағы байланысларды анық және кеңнен сәўлелендириў мүмкин.
Илимий изертлеў процессинде қолланылатуғын формалластырылған тил төмендеги өзгешеликлери менен сыпатланады.

  • айырым алифбениң, яғный усы тилдиң «сөзлерин» ҳәм «гәплерин» дүзиў имканын берету¬ын объектлердиң белгили бир топарының бар екенлиги;

  • символлардан қалайынша ҳәр қыйлы комбинациялар — «сөзлер» ҳәм «гәплер» дүзиў мүмкинлигин көрсететуғын қағыйдалар (постулатлар, аксиомалардың) бар екенлиги.

Компьютерлер, мағлыўматлар базалары, глобаллық компьютер тармақлары (Интернет) жаратылып, кең тарқалғанға дейин илимий дөретиўшиликте формалластырыўдан кең пайдаланыў ҳаққында айтыў қыйын еди. Инсанның жәмийетлик раўажланыўының постиндустриал, мәлимлеме басқышына өтиўи билиўде ҳәр қыйлы формал методлардан әмелий мақсетлерде пайдаланыў ушын шексиз имканиятлар ашты.
Формалластырылған илимий билимниң тийкарғы түсиниклерин, сыпатламаларын ҳәм аксиомаларын анықлаў изертлеўдиң ең аўыр, дөретиўшилик бөлегин қурайды: егер формал тил билиминиң мазмунын формула ҳәм символлар тилинде сәўлелендирсе, ал мазмунлы теория реал қубылыслар менен процесслердиң белгили бир салаларының өз-ара байланысы ҳәм нызамлықларын сәўлелендиреди.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling