Маҳбуба Хамидова


ЭКСПЕРИМЕНТАЛЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ТҮРЛЕРИ


Download 1.19 Mb.
bet40/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ЭКСПЕРИМЕНТАЛЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ТҮРЛЕРИ
РЕЖЕ:

  1. Эксперименттиң мақсетлери ҳəм түрлери.

  2. Эксперименталлық изертлеўлер өткериў қағыйдалары.

  3. Эксперименттиң нəтийжелерин графикалық сүўретлеў усыллары.

  4. Теориялық эксперименталлық изертлеўлердиң нəтийжелерин таллаў.

Илимий дөретиўшилик илимий билимниң өсиўи негизинде туратуғын ҳақыйқый дурыс фактлер алыўдан басланады. Илимде эмпирик билиўдиң улыўмаилимий методы эксперимент - илимий фактлерди табыў, алыў, оларды түсинип жетиў ҳəм қайта ислеўге хызмет етеди. Алымның лаборатория, экспериментал қурылма, сынаў стенди ямаса үйренилип атырған объект моделиндеги дөретиўшилик жумысы үйренилип атырған қубылыс ҳаққында илимий фактлер, ҳақыйқый билим, дурыс мəлимлемелерди толықтырыўдың турақлы дəреги.


Латынша «experimentum» сөзи «сынап көриў» ямаса «сынаў» деген мəнисти билдиреди. Себеби, эксперимент илимий билиў методы сыпатында үйренилип атырған предметлер менен процесслерди қадағаланыўшы ҳəм басқарылыўшы шараятларда сынап көриў болып табылады.
Изертлеўши илимий эксперимент өткериўде үйренилип атырған қубылысты «таза» көринисинде ажыратыўда изленип атырған мəлимлемени алыўға мүмкиншилиги болғанша кем тосқынлық болыўы ушын өзиниң бар дөретиўшилик қəбилетин ҳəм көнликпелерин иске салады.
Шешиўши илимий эксперимент өткериўден алдын күтə үлкен дөретиўшилик жумыс əмелге асырылады:
*эксперимент бағдарламасы, оны өткериў ҳəм жуўмақлаў алгоритми пухта исленип шығылады;
*зəрүр аппаратура таярланады, эксперимент өткерилетуғын арнаўлы эксперимент қурылмалары ҳəм үлгилер жаратылады;
*эксперимент өткериў шараятларына анықлық киргизиледи;
*экспериментти өткериўде пайдаланыў ушын илимий гипотезалар, теориялар, тийкарлар таңлап алынады;
*изертлеў объекти анықланады;
*экспериментти өткериўге иркиниш ететуғын факторлар сапластырылады ямаса эксперименттиң нəтийжелерине бундай унамсыз факторлардың тəсири барынша азайтылады.
Эксперимент өткериўдиң көрсетилген ҳəр бир басқышына дөретиўшилик қатнас, тапқырлық, умтылыўшылық, өз күшине исеним талап етилетуғыны тəбийғый.
Илимий экспериментлердиң нəтийжелери илимий болжаўлар ҳəм теориялардың ҳақыйқыйлығының өлшеми. Бүгинги күнде постиндустриаллық мəлимлеме жəмийети дəўиринде тəбийғый, техникалық, гуманитарлық ҳəм жəмийетлик илим салаларында экспериментлер көлеми барған сайын кеңейип бармақта. Ҳəзирги заман шараятларында илимий изертлеў институтлары ҳəм лабораторияларында экспериментлер көбинесе бир топар алымлар тəрепинен өткериледи. Олар өз-ара келисип, өз күши ҳəм қəбилетин бирлестирип жумыс алып барады. Ҳəзирги заман инглис эпистемолог – философы, квант химиясы саласында үлкен қəниге Майкл Полани «Илимди шеберликке ийе адамлар жаратады» деп көрсеткен еди. Биз буған өзимизден «Дөретиўшилик, қызығыўшылық ҳəм жоқары профессионализмге ийе болған адамлар жаратады», деп қосымша етпекшимиз.
Ҳақыйқый илимий эксперимент төмендегилердиң болыўын нəзерде тутады:
*экспериментши ямаса изертлеўшилер топары.
*лаборатория (бул экспериментшиниң заман ҳəм мəкан шегаралары менен белгиленетуғын предметлер əлеми);
*лаборатория шараятларына жайластырылған үйренилетуғын объектлер (айрым жағдайларда пүткил əлем бундай лабораторияға айланыўы мүмкин);
*үйренилип атырған объекттиң экспериментал өлшениўши қарамлары ҳəм өлшемлери нəтийжелерин белгилеўши, дизимге алыўшы əспаб-үскенелер, өлшеў үскенелери;
*изертлеўшиниң сезим ҳəм рационаллық имканиятларын арттыратуғын жəрдемши техникалық қураллар (мəселен, компьютер тəжрийбе ҳəм экспериментлердиң нəтийжелерин қайта ислеўге жəрдем етеди, электрон ҳəм туннель микроскоплары микроəлем объектлерин, инфрақызыл нурларды, радиотелескоплар болса макрокосмосты үйрениў мүмкиншилигин береди).
Изертлеўши алым эксперименталлық жағдайдың орайы болады. Ол эксперименттиң мақсетин қояды, экспериментти өткереди, оның нəтийжелерин анализден өткереди ҳəм баҳалайды. Ҳəзирги заман экспериментлерин өткериў ушын таяр стандарт əсбап-үскенелердиң өзи жеткиликли болмайды. Изертлеўши қəнигелердиң дөретиўшилик белсендилиги қурамалы өзине тəн эксперименталлық қурылмаларды, жаратыўшылардан илим ҳəм техниканың ҳəр қыйлы салаларын терең билиўди талап ететуғын комплекслерди (мəселен элементар бөлекшелердиң ҳəр қыйлы тезлеткишлерин) жаратыўға қаратылған. Илимий эксперименте қатнасыўдан басқа ҳешнəрсе дөретиўшилик қатнасқа жақсырақ үйрете алмайды.
Ҳəзирги заман илимий эксперименти дөретиўшилик жетискенликти, нəтийжелерди баҳалаўда қалыслық ҳəм объективликти, көбинесе бийтакрар жəне қымбат баҳа экспериментал аппаратурада ислеў мəдениятына ийе болыўды талап етеди. Экспериментшиниң дөретиўшилик, тынымсыз машақатлы мийнети ғана изертлеўшиниң зəрүрли сыпатларын қəлиплестиреди. Себеби, бузылған, истен шыққан эксперименталлық қурылма (қурал) бунда ҳəрекетсиз болып қалады, ал надурыс нəтийже болса илимий хызметкердиң абройына тəсир ете алмайды, себеби, қəтелерден ҳеш ким қорғалмаған.
Эксперименталлық изертлеў жумысында дөретиўшилик белсендилик алымда əҳмийетли сыпат – рационализмди қəлиплестиреди. Ҳəзирги заман илимий экспериментлери көп ўақыт сарплаўды ҳəм материаллық қəрежетлерди талап етеди. Сонлықтан да изертлеўге кирисип атырғанда қəниге режелестирилген эксперименттиң қойылған сораўға жуўап бериўин ямаса бермеслигин, əмелге асырылатуғын өлшеўлердиң анықлығын тəмийинлеўин ямаса тəмийинлемейтуғынын, исенимли жуўмақ ҳəм шешимлерге ийе болыў имканиятын бериўин ямаса бермеслигин алдыннан анық нəзерде тутыўы керек.
Эксперименттиң тийкарғы дөретиўшилик ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болады:
*экспериментти бақлаўлар ҳəм өлшеўлердиң анықлығы қойылған мақсетке муўапық келетуғын етип режелестириў;
*турақлы қəтелер ҳəм нуқсанлар болыўы мүмкинлигин итибарға алыў, оларды сапластырыў илажларын көриў;
*эксперименттиң нəтийжелерин сын анализден өткериў ҳəм дурыс жуўмақлар шығарыў;
*сынақ тəжрийбелериниң анықлығын баҳалаў;
*қайта исленген нəтийжелерди қысқа ҳəм көргизбели (кесте, график, схема ҳəм басқалар) түрде усыныў.
Эксперименталлық дөретиўшилик пенен шуғылланғанда биз үйренилип атырған қубылыстың əҳмийетли тəреплерин ажратамыз. Соңынан оларды улыўмаластырып, жумыс гипотезасын дүземиз ҳəм оннан анаў ямаса мынаў жуўмақлар шығарамыз. Жуўмақларды да эксперимент жолы менен тексерип көремиз. Оларды тексериў ушын беккем, бир тəртипте болмаған əтирап-əлемде таза əпиўайы моделди жаратыў зəрүр болады. Изертлеўшиниң дөретиўшилик қəбилети өз экспериментлерин өткериў ушын мине усындай анық, илимий жақтан нуқсансыз жағдайды жаратыўда толық жүзеге шығады. Бунда изертлеўши-алымның таланты, сезими, ядта сақлаў уқыбы, пүткил билими ҳəм турмыслық тəжрийбеси көринеди. Көбинесе экспериментлер алымның денсаўлығына ҳəм өмирине қəўип туўдыратуғын шараятларда өткерилип, бул оннан мəртликти, қайсарлықты ҳəм тəўекелшиликти талап етеди.
Француз алымлары Мария ҳəм Пьер Кюри радиоактивликти үйрениў бойынша қəўипли экспериментлер өткериўде саналы түрде өз өмирлерин қəўип астына қойған. Көплеген микробиологлар ҳəм медицина тараўы илимпазлары жаңа медициналық дəри-дəрмақлардың тəсирин өзинде сынап көреди. Жаңа илимий билимге ерисиў жолында бийғəрез ҳəм садық хызмет етиўдиң бундай мысалларын илим тарийхынан көплеп келтириў мүмкин.
Пухта өткерилген эксперимент объекттиң жасырын, ишки қəсийетлерин ҳəм байланысларын анықлаўға, қубылыстың анализинен үйренилип атырған процесстиң мазмун-мəнисин көрип шығыўға өтиў мүмкиншилигин береди. Әдетте, илимий эксперимент көп рет тəкрарланады. Бул эксперименталлық мағлыўматларды дурыс талқылаў ушын зəрүр статистиканы топлаў имканиятын береди. Егер ҳəрқыйлы экспериментлердиң нəтийжелери бир-бирине сəйкес келмесе ямаса бир-бирине жақын болмаса бундай айырмашылықтың себеплерин табыў талап етиледи. Егер буның себеби эксперименталлық қурылмада болса, оны сапластырыў, үйренилип атырған объекттиң қəсийетлери ҳаққында билимлеримиз ҳəм түсиниклеримиз жеткиликли емеслигинде болса, басланғыш тийкарлар, гипотезалар ҳəм теорияларды қайта көрип шығыў керек. Еки жағдайда да дөретиўшилик ушын кең мүмкиншиликлер ашылады.
Экспериментти өткериў процессинде экспериментши өзиниң тийкарғы күшин ҳəм итибарын ҳақыйқаттың түбине жетиў, ҳақыйқый илимий фактлер алыўға жəрдемлесетуғын метод, усыл, қатнас, тийкар, концепцияны таңлаўға қаратады. Көпшилик жағдайларда бул шын мəнисинде дөретиўшилик ўазыйпа болып табылады.
Физика, химия, биология ҳəм басқа да илимлердеги уллы жаңалықлардың көпшилиги өзине тəн түрде дүзилген ҳəм өткерилген эксперимент пенен байланыслы болып табылады. Мəселен, 1894-жылға дейин атмосфера ҳаўасы кислород ҳəм азоттан қуралған (суў пуўы, углерод еки оксиди ҳəм водородтың аз муғдардағы араласпасы бар) деп есапланып келинген. Бирақ, Рэлей атмосфера газиниң тығызлығын өлшеў бойынша өткерген пухта экспериментлер оны ҳəм Рамсейди 1895-жылда жер атмосферасының 1 процентин қурайтуғын аргон инерт газиниң ашылыўына алып келди.
Айрым жағдайларда ҳəрқыйлы эксперименталлық методлардың нəтийжелерин салыстырыў пайдалы болады. 1927-жылы Астон физика методы жəрдеминде масса-спектрометр менен эксперимент өткериў барысында водород массасы 1,00778 ге тең екенлиги анықланды. 1929-жылы химиялық методлар басқа нəтийже берди – 1,00799. Бул эксперименталлық айырмашылықты салыстырып, Бёрг ҳəм Мензел 1931-жылы водород – дейтерийдиң аўыр изотопы барлығын тийкарлап берди.
Майкельсон ҳəм Морли тəрепинен 1881-1887 жылларда өткерилген ҳəрқыйлы бағдарларда тарқалыўшы жақтылық тезлигин саррас анықлаў бойынша экспериментлер ХХ əсирдиң басында Эйнштейн тəрепинен арнаўлы салыстырмалылық теориясының жаратылыўына жəрдемлести.
1860-жылларда Г.Мендель нухат (собықлы өсимлик) дəнлери менен эксперимент өткерип, нəсиллик генетиканың тийкарғы нызамларын ашты. Дүньяның ҳəзирги заман илимий көриниси мазмун итибары менен беккем эксперименталлық тийкарға ийе. Экспериментшиниң дөретиўшилик қəбилети нəзер салып қараўда емес, ал көре билиўде жүзеге шығады. Тəбият өз сырларын инсанға өзи ашып бермейди. Инсан тəбиятта табанлылық ҳəм шыдам менен избе-из экспериментлер өткериў арқалы ғана ҳақыйқый билимлерди тамшылап жыйнайды ҳəм əлемниң сырларын тағы да тереңирек билиўге жақынласады. Бунда қəте-кемшиликлерге жол қойылыўы сөзсиз, бирақ эксперимент өткериў жолы менен ғана биз ҳақыйқатлықтың түбине жетиўимиз мүмкин. Илимде буннан басқа жол жоқ.
Өткерилген көплеген экспериментлердиң анықлығы ақылды лал етеди. Мəселен, көплеген физикалық муғдарлар миллионнан бир үлесине дейин ҳəм ҳəтте оннан да анық есапланған. Экспериментлер өткериўде анық өлшеўлер əҳмийетли мақсетти гөзлейди. Олар бизиң теориялық түсиниклеримизди тексериў мүмкиншилигин береди. Айырмашылық пайда болған жағдайда олар жаңа теориялар ҳəм ашылыўларға алып келеди. К.Поппер өзиниң илимий билимниң артыўы ҳаққындағы эпистемологиялық концепсиясында атап айтқанда эксперименталлық методты биринши орынға қояды: сынақлар ҳəм қəтелердиң эксперименталлық методы ғана инсанға илимий билиў, шынлыққа қарай жол ашыў имканын береди. Илимий эксперимент нəтийжесинде жаңа, бурын мəлим болмаған қəсийетлер ямаса қубылыслар анықланады. Бул шын мəнисиндеги дөретиўшилик, яғный жаңалық жаратыў, себеби, илимий билиўде эксперимент алымның ақыл-ойының, дөретиўшилик жумысының, оның қəбилетлери ҳəм билиминиң материаллық көриниси болып табылады.
Илимий эксперименттиң қəлеген түри қубылыслардың үйренилип атырған саласына алымлардың дөретиўшилик, белсенди, избе-из араласыўы, нəрселердиң тəбийғый ҳалатын режеге муўапық өзгертиў, эксперимент объектин арнаўлы түрде нəзерде тутылған шəраятларға қойыў менен байланыслы. Буның менен изертлеўшилер объектти өзиниң жаңа, тəбийғый жағдайда бақланбайтуғын қəсийетлерин көрсетиўге мəжбүр етеди. Эксперимент шəртлерин анаў ямаса мынаў бағдарда өзгертип, экспериментши бақланып атырған қəсийетлердиң өзгериў тенденциясын анықлайды ҳəм усы тийкарда объекттиң ҳəрқыйлы жағдайдағы өзгешеликлерин «өзин тутыўын» көрсетиўши бай материал алады.
Алым анаў ямаса мынаў экспериментти өткерип, қоршаған дүнья бөлекшелери – илимий изертлеў объектлери менен дөретиўшилик эксперимент өткерип, қубылыслардың усы саласы ҳаққында өзинде бар мағлыўматқа сүйенеди, эксперимент өткериў усылларын ҳəм жолларын таңлаўда əне усы мағлыўматтан, мəлимлемеден келип шығады. Ҳəр бир эксперимент белгили бир ўазыйпаны, илимий машқаланы шешиў мақсетинде өткериледи. Өткериў шəртлерине ҳəм қойылған мақсетлерге қарап экспериментлер тəбийғый ҳəм пикирдеги, реал ҳəм идеал, параллель ҳəм избе-из, көп рет өткерилетуғын, моделли экспериментлер болып айрылады.
Мəселен, аўқат келиўден алдын шыңғырлаған қоңыраўға иттиң реакциясын үйренген И.П.Павловтың изертлеўлери реал, тəбийғый экспериментке мысал болып хызмет етеди. Алым ҳайўанларда шəртли рефлекс пайда болыў механизмин анықлаўды өз алдына мақсет етип қойған еди.
Космослық станция бортында ҳəм жер шараятларында бир қыйлы объектлер үстинде бир ўақытта өткерилип атырған сынақлар параллель экспериментлерге мысал болып хызмет етиўи мүмкин. Бул сынақлардың нəтийжелерин салыстырыў объекттиң қəсийетлери ҳəм өзин тутыўына космос шараятлары (салмақсызлық, радиацияның күшейиўи, терең вакуум, температураның кескин өзгериўи ҳəм басқалар) ның тəсирин анықлаў мүмкиншилигин береди.
Анаў ямаса мынаў себеплерге бола, мəселен экономикалық себеп-қунының жоқарылығы себебинен объекттиң өзи менен эксперимент өткериўдиң илажы болмаса, ол объекттиң реал ямаса теориялық модели үстинде эксперимент пенен алмастырылады. Соңғы ўақытлары компьютерде моделлестириў усылы əсиресе, кең тарқалды.
Пикирдеги идеал экспериментлер моделли экспериментлердиң өз алдына, айрықша түри болып табылады. Математикада, тəбийғый, техникалық, экономикалық ҳəм гуманитарлық илимлерде пикир эксперименти усылынан кең пайдаланылады. Ол пикирде экспериментал жағдайлар (реал эксперимент шəртлериниң аналоглары, моделлерин) изертлеўдиң өзине тəн улыўма илимий усылы болып табылады. Пикир экспериментине байланыслы дөретиўшилик қатнас соннан ибарат, эксперименталлық жағдай пикирде, реал эксперимент процессинде үйренилип атырған объекттиң нəмəлим ямаса жақсы үйренилмеген қəсийетлери ҳəм тəреплери көринетуғындай түрде өткериледи. Пикир экспериментиниң мақсети – үйренилип атырған объекттиң жаңа тəреплерин ҳəм қəсийетлерин ашыў. Бундай экспериментлерде алымның түсиниги, фантазиясы үлкен роль атқарады, олар эксперименталлық лабораториялардың реал шараятларында жаратыў мүмкин болмаған идеал, қыялый шараятларды дөретиў имканын береди.
Ақша муғдары теориясы экономикалық изертлеўлерде өткерилетуғын пикир экспериментине мысал бола алады. Пикир экспериментин өткерип, бул жəмийетте белгили бир дəўирде М орташа ақша муғдары айланыста болыўының ҳəр түрли социаллық-экономикалық шəртлерин моделлестирип ҳəм өз-ара салыстырғанда ол төмендеги байланыслықты келтирип шығарады:

MV=PQ



Бунда М – ақшаның орташа муғдары; V – халықтың дəраматлары айланысында ақшаның айланыста болыў тезлиги; P – товар ҳəм хызметлер баҳасының индекси; Q – жалпы ямаса нақ миллий өнимниң физикалық көлеминиң көрсеткиши. Бул пикир эксперименти экономикада объекттиң (бул жерде объект – пүткил жəмийет) M,V,P,Q экономикалық өлшемлери арасындағы турақлы, тəкрарланыўшы, нызамлы (саррас-сызықлы) байланыслықты анықлаў мүмкиншилигин береди.
Идеалластырылған эксперимент ҳəр қыйлы шəртлер қойыў жолы менен үйренилип атырған қубылысты ҳəр түрли қурамалы жағдайлардан ажыратыў ҳəм қубылысты «таза көринисинде» үйрениў имканын береди. Буның нəтийжесинде жаңа билим алынады ҳəм эмприк нызамлықлар анықланады.
Инсанның дөретиўшилик-əмелий жумысына да, билиў жумысына да тийислиги эксперименттиң əҳмийетли эпистемологиялық қəсийети есапланады. Эксперименттиң мақсети – илимий билимди арттырыў. Экспериментти режелестириў ҳəм өткериў, оның нəтийжелерин анализлеў жəне қайта ислеў – алымлардың дөретиўшилик, əмелий жумысының айқын мысалы. Эксперименттиң дөретиўшилик əмелий ҳəм билиўге байланыслы тəреплери бир-бири менен тығыз байланысқан ҳəм бир-бирин белгилейди, нəзерде тутады ҳəм толықтырады, ажыралмас бирлик – экспериментал жағдайды жүзеге келтиреди. Ҳəзирги ўақытта эксперименталлық методтан социалогиялық ҳəм экономикалық изертлеўлерде кең пайдаланылады. Бунда ол ҳəм билиў методы, ҳəм қурамалы жəмийетлик –экономикалық системаларды мақулластырыў методы болып хызмет етеди.
Эксперименталлық изертлеў – жаңа илимий билимлер алыўдың тийкарғы усылларынан бири.
Эксперименттен гөзленген бас мақсет теориялық қағыйдаларды тексериў (жумыс гипотезасын тастыйықлаў), сондай-ақ илимий изертлеў темасын тағы да кеңирек ҳəм тереңирек үйрениў болып табылады. Экспериментлер тəбийғый ҳəм жасалма болыўы мүмкин.
Тəбийғый экспериментлер өндиристе, турмыста ҳ.т.б. жəмийетлик қубылысларды үйрениўде əҳмийетли. Жасалма экспериментлер болса техникалық ҳəм басқа да илимлерде кең қолланылады.
Объект ҳəм процесс моделиниң өзгешелигине, экспериментлерди таңлаў ҳəм өткериўге байланыслы олар лабораториялық ҳəм өндирислик түрге бөлинеди.
Лабораториялық экспериментлер арнаўлы моделлестириўши қурылма, стендлерде үлги приборларын ҳəм тийисли аппаратларды қолланыў менен өткериледи. Булар аз қəрежет жумсап, баҳалы илимий мəлимлеме алыў мүмкиншилигин береди. Бирақ эксперименталлық изертлеўдиң бундай нəтийжелери барлық ўақытта да процесс ямаса объект жумысының барысын толық сəўлелендире бермейди.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling