Маҳбуба Хамидова


ҲУҚЫҚЫЙ ИЗЕРТЛЕЎЛЕРДЕ СОЦИОЛОГИЯЛЫҚ УСЫЛЛАРДЫ ҚОЛЛАНЫЎ


Download 1.19 Mb.
bet18/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

ҲУҚЫҚЫЙ ИЗЕРТЛЕЎЛЕРДЕ СОЦИОЛОГИЯЛЫҚ УСЫЛЛАРДЫ ҚОЛЛАНЫЎ
РЕЖЕ:

  1. Қолланылатуғын методлардың түрлери.

  2. Улыўма сораўнама.

  3. Интервью.

  4. Бақлаў.

  5. Экспертлик баҳалаў методлары.

Эмпирик изертлеўлерде қолланылатуғын методларға интервью, анкета, сораў, баҳалаў (рейтинг), өз-ара таллаў (баҳалаў методы), салыстырыў, бақлаўларды мысал етип көрсетиў мүмкин.
Социалогияда салыстырма көп қолланылатуғын, бирден-бир реже тийкарында əмелге асырылатуғын методлардан бири улыўмалық сораў. Ол аўызеки ямаса жазба түрде (анкета өткериў) болыўы мүмкин. Бул методтың абзаллығы сонда, изертлеўши бир ўақыттың өзинде ҳəрқыйлы жерлерде жасайтуғын көпшилик адамлар арасында сораў-жуўап жүргизе алады жəне салыстырылатуғын ҳəм аңсат талланатуғын мағлыўматларға ийе бола алады.
Бул усыл өзине тəн ҳақыйқый мағлыўматлар алыўға, сондай-ақ ҳəр қыйлы мəселелер бойынша түсиник ҳəм ой-пикирлерге ийе болыўға мүмкиншилик береди.
Сораўнамаға қойылатуғын тийкарғы талаплар:
Сораўнама изертлеўши басқа жоллар менен жуўап алалмайтуғын керекли машқалалы сораўлардан ибарат болыўы тийис.
Сораў дүзилиси анық, ықшам болыўы керек.
Қағыйда ретинде сораўлардың жайласыўы төмендегидей болады: Дəслеп қызығыўшылық пайда ететуғын ҳəм изертлеўшиниң исеним ықтыярында болған сораўлар турады.
Дəслеп əпиўайы, соңынан бираз қыйын, таллаўды талап ететуғын, баҳаланатуғын, айтарлықтай күш талап етилетуғын сораўлар бериледи.
Ҳəр қыйлы белгилери бойынша сораўлардың классификациясы дүзиледи. Сораўлар ашық, жабық, баҳалаў сораўлары болып бир-биринен ажыралып турады.
Мазмунына қарай да сораўлардың классификациясы бар:
Фактлерди, ҳəрекет ямаса қубылысларды билиўге байланыслы сораўлар.
Тилек, пикир, баҳалаўға байланыслы сораўлар.
Характеристика, айрықша дүзилис, мотив, мүнəсибетти ажыратыўшы сораўлар.
Сораўлар тиккелей ҳəм жанапай, изертлеўшиниң мақсети бойынша, яғный бар болған мағлыўматларды тастыйықлаў ямаса басқа жаңа мағлыўматларды ашып бериў мақсетиндеги сораўлар болыпта классификацияланыўы мүмкин. Қадағалаўшы ҳəм алжастырыўшы сораўларда болады.
Интервью методы жақсы ислеп шығылған гүрриңлесиў методы есапланады. Оның материалы гүрриңлесиўге қарағанда тереңирек болады. Интервью төмендегидей: айырым адам менен интервью, халық пенен интервью, топар менен интервью ҳəм басқа да түрлерге бөлинеди.
Буннан тысқары интервьюлер стандарт (формал, улыўма) ҳəм стандарт емес (психоаналитик, клиник) те болыўы мүмкин. Стандарт интервью алдыннан таярланған сораўлардан ибарат болып, ол массаның (адамлардың) пикирин үйрениў ушын өткериледи. Соның ушын да улыўма, ғалабалық материал топлаў мүмкиншилигин береди. Стандарт емес ямаса дөретиўшилик интервью еркин тема таңлаўды ҳəм гүрриңлесиў формасын таңлаўда белгили бир еркинликти нəзерде тутады. Ол көпшилик болмаған адамлар менен өткериледи.
Стандарт ҳəм стандарт емес интервью арасында аралық басқыш болып, реже-жол-жоба бойынша интервью есапланады, изертлеўши сораўлар режесине ийе болады, сораўлардың қойылыўы гүрриңлесиўдиң мазмунына себеп болады. Кең тарқалған интервью – психоаналитик интервью болып табылады. Бунда мəселениң көп қырлылығы соннан ибарат, онда көп мағлыўмат алынғаны емес, ал қандайда бир сораўға қанша пикир анықланыўы əҳмийетли болады. Клиник интервью шыпакердиң наўқас пенен гүрриңлесиў усылына уқсайды. Изертлеўши инсанлар турмысын, қоршаған орталықтың шараятларын ҳəр тəреплеме анықлайтуғын бир қатар сораўлар береди.
Изертлеўшиниң позициясы бойынша ашық ҳəм жасырын интервью болып бөлинеди. Ашық интервьюде изертлеўши сораў-жуўап өткерилип атырған адамға мəселе бойынша толық мағлыўмат береди. Жасырын интервью – еки ямаса оннанда көп адамлардың еркин гүрриңлесиўи болып, гүрриңлесиўши изертлеўшиниң ҳақыйқый ролинен хабардар болмайды.
Анкета ҳəр қыйлы жоллар менен əмелге асырылады.
Интервью анкета толтырыў ўақтында қатнасыўшы адамға сораўлар китапшасы бериледи ҳəм толтырылғаннан соң оны алып кетеди;
Почта анкетасы. Изертлеў ушын таңланған адамларға жибериледи;
Пресс анкета. Басылымның барлық оқыўшыларына усынылады;
Стерео анкета. Өзин ҳəм басқа адамды баҳалаўды салыстырыў ушын қолланылады. Ҳəр бир адам 3-4, гейде оннанда көп бир қыйлы сораўлар китапшасын толтырады. Ол бир адамды ҳəр қыйлы көз қарастан сəўлелендиреди.
Бақлаў илимий метод сыпатында белгиленген изертлеўдиң мақсетине хызмет етип, системалы характерге ийе ҳəм оның нəтийжелери есапқа алынады. Бақлаўдың абзаллығы сонда, ол адамлардың минез-қулқы, ислери ҳəм қылмыслары ҳаққында мағлыўмат береди. Бул метод изертлеўшиниң ҳəм сыналып атырған адамның белсене бирге ислесиўин талап етеди.
Бақлаўды маман түрде алып барыў ушын төмендегилерге итибар қаратыў керек:
—изертлеўши жуўап алыўда қəлеген сораўларды анық қойыўы;
—режелилик ҳəм системалылыққа əмел етиў;
—қабыл етиў процессин басқышларға ажырата алыў қəбилетине ийе болыў;
—фактлерди салыстыра билиў ҳəм объектив жуўмақлар шығара алыў.
Социологияда бақлаўдың системалы ҳəм əпиўайы, тиккелей ҳəм жанапай, қысқа мүддетли ҳəм узақ мүддетли түрлери бар.
Системалы бақлаўда – алынған тəсирлер ҳəр қыйлы қадағалаў қураллары-статистикалық мағлыўматлар, сораўнамалар, диктафон жазыўлары ҳəм басқалар арқалы жеткериледи.
Әпиўайы бақлаў - əдеттеги бақлаў болып, өз гезегинде киритилген ҳəм киритилмеген болып бөлинеди. Киритилген бақлаўда изертлеўши узақ мүддет бақлаўшы топар турмысында қатнасады. Бул жерде бақлаўшы – қатнасыўшы болып табылады.
Көрсеткишли бақлаўда изертлеўши ҳəрқыйлы əсбаплардан пайдаланады ҳəм олардың көрсеткишлерин бақлап барады. Бул бир адамға ямаса бирнеше адамларға шараятты аңлап алыўға, оны терең таллаўға имканият береди. Егер бақлаўшы басқа адамлардың материалларынан пайдаланса ҳəм олардан жуўмақ шығарса бул жанапай бақлаў есапланады.
Қағыйдаға бола бақлаўлар ҳаққында есабат алып барылады.
Өз-ара тəсир – таллаў методында бақлаў методының ҳəрқыйлылығы, түрлери сақланып, онда бақлаў инсанның минез-қулқының сыртқы көриниси, коммуникацияларды үйрениў, мəлимлемелер алмасыў, келисиў ҳəм келиспеўшиликти көрсетиў, жəмəəтке жəне айрым адамларға мүнəсибетке байланыслы алып барылады. Өз-ара мүнəсибет қанша көп болса инсанлар арасында байланыс сонша тығыз болады. Жақсы жəмəəтте өз-ара мүнəсибет мийнет процессиниң нəтийжелилигине бойсынады, жақсы шөлкемлестирилмеген жəмəəтте болса бул система бул исти бузады ямаса тоқтатып қояды.
Өз-ара тəсир – таллаўы төмендеги дəўирлерге бөлинеди.

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling