Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet16/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Илимий болжаў методы. Болжаў методлары белгили бир нəтийжелерге ерисиў усыллары сыпатында əмелиятта принциплер системасын аңлатады. Ҳəр қандай басқа метод сыпатында болжаў методы эвристлик қəбийлетке ийе. Илимий болжаў методларының өзи төмендеги түрлерге бөлинеди: интуитивлик ҳəм формалластырылған.


Интуитивлик метод өз гезегинде:
Экспертлик баҳалаў методы. Қəнигелердиң пикирин қайта ислеў тийкарында болжаў мағлыўматларын алыўдан ибарат. Экспертлик баҳалаў аўызеки ямаса жазба сораў-жуўап өткериў арқалы əмелге асырылыўы мүмкин. Экспериментлердиң сораўлары дүркин, жеке тəртипте, улыўма ҳəм жеке сораўларға бола күндизги ҳəм сыртқы болыўы мүмкин.
Экстраполяция методы. Ўақыттың бир интервалдан басқа интервалға өтиўинде бақланған принциплер ҳəм нызамлықларды тарқатыў усылларын аңлатады.
Моделлестириў методы. Изертлеў алып барыўда объектлердиң өзлери үйрениледи, олардың моделлери ҳəм нəтийжелери моделден объектке өткериледи.
Болжаўдың публикациялық методы. Болжаўдың бул түри қолай ҳəм үнемли жол менен көп планлы жəне системаластырылған мағлыўматлар алыўды келтирип шығарады.
Морфологиялық таллаў. «Морфология» термини билимлердиң көплеген салаларында қолланылады. Морфологиялық таллаў болжаў – таллаў методы сыпатында көплеген усылларды өз ишине алады. Мəселен ҳəр қыйлы факторлардың объекттиң ҳəрекетине тəсирин бақлаў.
Бунда изертлеўдиң улыўма машқаласы бөлеклерге ажыратылады. Олардың ҳəр бири бир неше шешимге ийе болыўы мүмкин. «Морфологиялық терек»тиң қурылысы (қураллар, мақсетлер ҳəм басқалар) келешеги жоқ қарарлар қаншелли алдын бийкар етилсе, соншелли нəтийжели болыўы бақланады.


Таяныш сөзлер:



  1. Таллаў – бул билиў предметин пикириңде бөлеклерге ажыратыў, оның айрым тəреплерин, қəсийетлерин ҳəм белгилерин, олар арасындағы қатнасықларды ажыратыў, объекттиң мəнисин аңлап жетиў мақсетинде оның түрлерин анықлаў болып табылады.

  2. Синтез – предметтиң билинген тəреплериниң белгилерин, қəсийетлерин ҳəм басқаларын ой-пикириңде бирлестириў, объекттиң дүзилисин оның барлық байланысларына, қатнасықларына, раўажланыўына ҳəм жумысына байланыстырып түсинип жетиў.

  3. Экстраполция – объекттиң қандай да бир бөлегине байланыслы шығарылған жуўмақларды оның басқа бөлегине ямаса олардың пүткил комплексине қолланыўдың (өткериў) логикалық, методологиялық принципи.

  4. Диалектика – дүньядағы барлық нəрселер ҳəм қубылыслардың улыўма байланыслылығының раўажланыўы ҳəм жаңаланыўын тəн алыўға тийкарланған дөретиўшилик билиў ой-пикири теориясы методы.

  5. Теория (илимий) – шынлықтың анаў ямаса мынаў саладағы нызамлықлары ҳаққында бир тутас түсиник беретуғын илимий билимди шөлкемлестириў формасы.


  6. Download 1.19 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling