Маҳбуба Хамидова
Изертлеўдиң системалық – структуралық методы
Download 1.19 Mb.
|
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009
Изертлеўдиң системалық – структуралық методы. Улыўмаилимий əҳмийетке ийе болып, төмендеги операцияларды өз ишине алады: ҳəр қандай объектти қурамалы структура сыпатында көрип шығыў, объект дүзилисиниң қəсийетлерин үйрениў, сыртқы байланыслар нызамлықларын анықлаў. Процесслердиң системалылығын олардың сыртқы ҳəм ишки байланысларының өз-ара қатнасықлары мысалында көриў мүмкин.
«Система» түсинигиниң өзи бар болған системалардың реал образын сүўретлейди. Система басқа системалар менен байланысқа кириседи. Структура – системаның тəртиплестирилиўи ҳəм шөлкемлестирилиўи. Тəртип дегенде объект ҳəм процесслердиң сəйкеслиги нəзерде тутылады. Бунда усы избе-изликтиң бир қыйлылығы дəрежесин атап көрсетиў тийис. Изертлеўши жумыс барысында себеп-ақыбет таллаўына мүрəжəəт етеди. Бул не? Себеп – басқа қубылысты өзгертиўши қубылыс, белгили бир себеп келтирип шығарыўшы қубылыс ақыбет деп аталады. Ақыбетлилик – бул белгили бир шараятта бир қубылыстың басқа қубылысты келтирип шығарыўы. Себеп ҳəм ақыбет арасында қатнас нызамлылық болып табылады. Қубылыс – себеп – ишки ҳəм сыртқының өз-ара байланысы. Себептиң шəртлерин анықлаў тийис болады. Демек, себепли байланыслар төмендеги қəсийетлерге ийе: Себеп ақыбетти келтирип шығарады. Себепли байланыс тийкарында элементлер, тенденциялардың өз-ара байланысы турады. Себепли байланыслар шəртлерге байланыслы болады. Себеп ҳəм ақыбет айрым жағдайларда зəрүрлик характерге ийе болады. Таллаўдың методологиясы болып көрип шығылып атырған қубылысқа ҳəрекетшең (динамикалық) қатнасыў есапланады. Изертлеўши таллаў даўамында төмендегилерди анықлаўы тийис: А) Турақлы, тəкрарлы. Б) Әмелий. В) Зəрүрли. Г) Ишки ҳəм терең. Булар нызамлылықты үйрениўде қол келиўи мүмкин. Себепли байланысларды таллаў генезис таллаўы менен толықтырылыўы тийис. Системалы таллаў инсанның илимий жумысының ҳəр қыйлы салаларында кең тарқалған. Системалы таллаў тийкарында система түсиниги болып, онда көплеген объектлер түсиниледи. Системалы таллаў улыўма илимлер аралық характерге ийе болып, билимлендириў, раўажланыў, ҳəр қандай системаның синтезине тийисли болыўы мүмкин. Системалы таллаў 4 басқыштан ибарат болыўы мүмкин: Ўазыйпаны анықлаў, изертлеўдиң мақсетин, объектлерин, принциплерин анықлаў. Қойылған мақсетке тийисли объектлер ҳəм процесслер таллап қарап шығылады. Изертленип атырған теманың математикалық моделин дүзиў. Алынған математикалық моделди таллаў (шəртлерин үйрениў), жуўмақлар шығарыў. Изертлеў методлары изертлеўдиң түрине қарап ҳəр қыйлы болады. Олардың айрымларын көрсетип өтемиз Пилотаж изертлеў – оның даўамында гепотеза ҳəм ўазыйпалар анықланады, жаңа гипотезалар қəлиплеседи. Панель (тəкирар) изертлеўлер. Бундай изертлеўлердиң мақсети объектлерде жүз берип атырған өзгерислерди үйрениўден ибарат. Лонгютир изертлеўлер – даўамлы изертлеўлер. Мəселен, жəмийетлик-ҳуқықый, жəмийетлик-педадогикалық, жəмийетлик-психологиялық ҳəм жəмийетлик, адамның раўажланыўының барлық басқышларын көрсетиўге қаратылған. Дала изертлеўи – орынларда тəбийғый шараятта сораў-жуўап өткериў. Монографиялық изертлеў. Монографиялық дегенде изертлеўде қубылыслар ҳəм процесслерди үйрениў түсиниледи. Айрым мəселе ямаса машқаланы үйрениў – монографиялық изертлеўге тəн белги. Монографиялық изертлеў бағдарына қарай төмендегидей болып бөлиниўи мүмкин: а) тарийхый; б) теориялық, в) тəжрийбелик – мəлимлемелик, г) конструктивлик – излестириў. Эксперименталлық изертлеўлер қолланыў шеңберине қарай тəбийғый, илимий, лабораториялық, эксперименталлық ҳəм т.б. болады. Эксперимент төмендеги басқышларға ийе: тастыйықлаўшы, дөретиўши, редакторлаўшы, қадағалаў. Эксперимент дегенде белгили бир шараятта қойылған тəжрийбе нəзерде тутылады. Усы мүнəсибет пенен биринши гезекте усындай шараятлар жаратылыўы тийис болады. Жəмийетлик – ҳуқықый эксперимент жəмийетлик – ҳуқықый процесстиң модели болыўы мүмкин. Лабораториялық экспериментлер илимий методты үйрениў ушын зəрүр. Лабораториялық экспериментти əмелге асырыў арнаўлы шəртлерди талап етеди. Лабораториялық экспериментлерге үйретиўши бағдарламаларды киргизиў мүмкин. Лабораториялық туўрылаўдан кейин бағдарлама сынап көриледи. Лабораториялық экспериментлер 2 топарға бөлинеди: Анаў ямаса мынаў гипотезаның эмприк тексериўин əмелге асырыўшы экспериментлер; Излестириў (қыдырыў) экспериментлери. Дала эксперименти лабораториялық эксперименттиң модификациясын аңлатады. Жаратыўшы эксперимент. Оны өткериўде əдетте изертленип атырған теманың модели есапқа алынады. Бул модель үйренилип атырған педагогикалық процесстиң өзгешеликлерин тексериў ушын қолланылыўы мүмкин. Эксперименттиң усы түриниң мақсети – оқыў процессиниң методлары, усыллары, шөлкемлестириўшилик формаларын жетилистириў болып табылады. Эксперимент бир қатар басқышлардан ибарат: Тайынлаўшы басқыш – бар моделди тастыйықлаў ушын қолланылады. Қəлиплестириўши басқыш – изертлеў гипотезасын анықлайды. Эксперимент мағлыўматларын қайта ислеў. Фактлерди қайта ислеў төмендеги басқышларда əмелге асырылады: Ҳəртəреплеме мақсетке, бағдарланған. Сораўларға жуўаплар: не табылды? Қандай шараятта? Қубылыстың көринислери қандай? Мəселелерди шешиўде байланыс, уқсаслықларды анықлаў. Изертлеўдиң ҳəрқыйлы шараятларында фактлердиң топланыўы. Байланыслар ҳəм байланыслықлардың таллаўы. Сапа өзгерислерин белгилеў. Ишки ҳəм сыртқы шəртлер арасында байланыслар орнатыў. Сапа өзгерислерин анықлаў ушын тəкрарлап тексериўлер өткериў. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling