Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet24/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

түсиндириў принципи жаңа илимий билим, мəлимлеме, фактлер ҳəм қубылыслар жыйнағын дөретиўшилик өзлестириў ҳəм түсинип жетиў мүмкиншилигин береди;
əпиўайылық принципи жəрдеминде алымның дөретиўшилик ой-пикири үйренилип атырған объекттиң екинши дəрежели факторларын əҳмийетсиз байланысларын абстрактластырады, үйренилип атырған қубылыс ямаса факттиң əпиўайыластырылған модели, идеал образы жаратылады;
сақлаў принципи илимий билиў ҳəм дөретиўшиликтиң ҳəр қыйлы басқышларының мийраслылығын көрсетеди, бунда изертлеў предмети, объекти, оның бар болыў нызамлықлары ҳəм қоршаған орталық шараятлары менен өз-ара тəсирлери, сондай-ақ, билиў қураллары, методлары ҳəм усыллары, оның тили сақлап қалынады;
жаңа билим менен бурын алынған мағлыўматлар, нызамлар ҳəм теориялар арасындағы муўапықлық принципи жаңа билимнен ески билимге өтиў алгоритмин көрсетеди;
бақлаў принципи үйренилип атырған қубылыслар ҳəм процесслердиң көринисин жаратыў мүмкиншилигин береди. Бунда тил əҳмийетли роль атқарады. Алым тил жəрдеминде жаңа илимий фактлерди илимий жəмийетшилик тəрепинен дурыс түсинилетуғын ҳəм объектив баҳа берилетуғын етип баянлайды.
Илимий пикир жүргизиў усылының бул принциплери илимий дөретиўшиликте өзине тəн методологиялық мақсет, бағдар болып хызмет етеди. Илимий изертлеўдиң барлық басқышларында: басында – үйрениў объектине қатнас стратегиясын ислеп шығыўдан, ақырында – мақала, монография, диссертация жазыўға дейин жоқарыда көрсетилген принциплерди сақлаў керек болады. Жас, изертлеўди енди баслап атырған алымларға бундай методологиялық бағдарлар, мəселен, магистрлик диссертация ямаса илимий мақала жазыўда əсиресе, қол келеди.
Илимий машқаланы табыў, илимий изертлеў объектин (темасын) таңлаў, изертлеўдиң мақсет ҳəм ўазыйпаларын анықлаў, изертлеў методологиясын ҳəм изертлеў қуралларын (əсбап – үскенелер, аппаратура ҳəм басқалар) таңлаў қəбилети шешилип атырған ўазыйпаға пүткил итибарды қаратыў, үйренилип атырған объектке «сүңгиў»ге жəрдем етеди. Буннан соң илимий дөретиўшиликке нəтийжелилик – объекттиң анық емес байланысларын ҳəм тəреплерин анықлаў, мобиллик – изертлеўлердиң қоңсы салаларға өтиў қəбилети, симультанлық – объектти өз изертлеўи менен толық қамтып алыў қəбилети, предикторлық – объекттиң болажақ жағдайын алдыннан анықлаў көмеклеседи. Еркин, сын пикирлеў, өз изертлеўиниң нəтийжелерин сын көз қарастан түсинип жетиў дөретиўшилик процессиниң ажыралмас тəреплери болып табылады. Илимий дөретиўшилик алымнан иске бар күш-жигерин жумсаўды, күшли ерк-ықрарды, үлкен мəртликти, есте сақлаў қəбилетин ҳəм ҳақыйқатқа умтылыўды талап етеди.
«Илимий-техникалық дөретиўшиликтиң философиялық тəреплери» деп аталған терең мазмунлы шығарманың авторлары С.С.Пигров ҳəм Л.В.Яценко дөретиўшиликке мынандай сыпатлама береди: «Ең улыўма түрде дөретиўшиликке жаңа материаллық ҳəм руўхый қəдриятларды жаратыўға алып баратуғын, жəмийетлик белгиленген руўхый-əмелий жумыс, деп сыпатлама бериў мүмкин. Бул жумыс инсанның жасаў шəраятларын жаратып ғана қалмастан, инсанның өзин-өзи раўажландырыў, оның дөретиўшилик қəбилетлерин қəлиплестириў усылына ҳəм инсанның өзин-өзи жүзеге шығарыў қуралына да айланады».
Дөретиўшиликке берилген бул сыпатлама жəмийетлик-аксиологиялық өзгешеликке ҳəм антропологиялық бағдарға ийе болып, инсанның ҳəр қандай дөретиўшилик жумысын, соның ишинде илимий дөретиўшилигин сыпатлайды.
ХХ əсирде жасап өткен атақлы рус философы Николой Александрович Бердяев дөретиўшилик мəселесине үлкен итибар берген еди. Оның пикиринше, инсанның дөретиўшилиги төмендеги элементлерди нəзерде тутады:

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling