Маҳбуба Хамидова


еркинлик, тийкарынан тек еркинлик бурын бар болмаған билимди жаратыў мүмкиншилигин береди; анаў ямаса мынаў салада инсанға берилген дөретиўшилик қəбилети


Download 1.19 Mb.
bet25/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

еркинлик, тийкарынан тек еркинлик бурын бар болмаған билимди жаратыў мүмкиншилигин береди;
анаў ямаса мынаў салада инсанға берилген дөретиўшилик қəбилети элементи;
дөретиўшилик процесси жүз берип атырған ҳəм инсан өз дөретиўшилиги ушын материал алып атырған əлем элементи.
«Ҳақыйқый дөретиўшиликте бəрҳама катарсис, руўхтың руўхый-физикалық стихиядан тазаланыўы, азат болыўы ямаса руўхтың руўхый-физикалық стихияны жеңиў процесси жүз береди», деп көрсеткен еди Н.Бердяев. Оның пикиринше дөретиўшилик инсанның гениал тəбиятын көрсетеди, себеби, ҳəр бир инсан гениал болып табылады. Дөретиўшилик, өз өмири ҳəм илимий-изертлеў жумысына дөретиўшилик пенен қатнас жасаў инсанның, дөретиўши алымның ҳуқықы ғана емес, ал миннети де.
Америкалы илимий дөретиўшилик изертлеўшиси, Гарвард университетиниң профессоры У.Гордон илимий дөретиўшиликти синектика көз-қарасынан көрип шығады.
Синектика – ҳəзирги заман илимий эпистемологиясының ҳəр қыйлы сала қəнигелеринен топарларды избе-из қəлиплестириў жолы менен жеке тəртиптеги илимий дөретиўшиликти емес, ал жəмəəтлик илимий дөретиўшиликти қолайлы етиў нəзерде тутылған бағдар болып табылады. Бундай илимий-дөретиўшилик жəмəəттиң ҳəр бир ағзасы өз билими, қəбилети ҳəм иске қатнасы менен кəсиплеслерин толықтырады ҳəм усы тийкарда изертлеў объекти ҳəр тəреплеме комплексли түрде үйрениледи. Бунда изертлеў топары барлық ағзаларының дөретиўшилик қəбилети қосылып, пүткил жəмəəт илимниң дөретиўшилик потенциалын арттырыўшы фактор болып хызмет етеди.
Гордонның пикиринше, дөретиўшилик процессинде интуиция үлкен роль атқарады, илимий жаңалықлар ашыў илимий билимди арттырыўға жəрдем етеди. П.Уорфтың синектикасы төмендеги негизги принциплерге тийкарланады:
*иррационал, интуитив факторлар рационал, логикалық-дискурсивлик факторларға қарағанда үлкен роль атқарады, эмоционаллық компонентлер интелектуаллық компонентлерден əҳмийетлирек;
*инсан дөретиўшилик қəбилетлер менен туўылмайды, оларды арнаўлы билим алыў процессинде қəлиплестириў ҳəм шынықтырыў керек болады;
*илимий дөретиўшилик процессин жəмəəтлик излениў түринде əмелге асырыў зəрүр;
*улыўма жəмəəттиң ҳəм оның ҳəр бир ағзасының дөретиўшилик белсендилигин психологиялық факторлардан саналы түрде пайдаланыў жолы менен арттырыў мүмкин.
Бундай қатнаста аң-санасыз саланы, изертлеўшиниң спонтан түрде пикирлеўи ҳəм интуициясын избе-из басқарыў мүмкиншилигин көз-алдыңа келтириў əҳмийетли. Бундай басқарыўда метафоралар, ассоциациялар, мəденият майданында пикирдиң шарықлаўы ҳəм басқалар үлкен роль атқарады, олар инсанның дөретиўшилик қəбилетин күшейтеди, оған «түртки береди» (У.Гордон).
Жоқарыда көрип шығылған дөретиўшиликке байланыслы Н.А.Бердяев ҳəм У.Гордонның көз-қараслары көпшилик жақтан бир-биринен айрылып турады, бирақ олар бир-бирин толықтырады ҳəм дөретиўшилик жумысын адамның ҳəм оған пикирлес болған дөретиўшилик жəмəəтиниң мəнаўий белсендилиги менен тиккелей байланыстырады.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling