ИНСАН ДЕНЕ АҒЗАЛАРЫН АЛДЫ-САТТЫ ҚЫЛЫУ
Махмутов Атабек Махмут улы
Бердақ атындағы Қарақалпақ мамлекетлик университети Юридика факултети 203-топар студентиниң илимий доклад жумысы
Аннотация: Доклад жумысында Трансплуатация тұсиниги, тарийхы, трансплуатация бойынша алымлардың ис алып барыуы, Өзбекистанда Инсан дене ағзаларының нызамлы көширилиуи хам буған диний көз қараслар, трансплуатацияға рухсат етилиу басқышлары, инсан дене ағзаларын алды-сатты қылыу жынаяты, оның қурамлық бөлеги, жынаят ушын жууапкершиликлер, жууапкершилик шегаралары, Адам саудасы хам онда трансплуатацияның орны көрсетилип өтилген.
Тийкарғы түсиниклер: Инсан дене ағзалары, трансплуатация, тарыйхы, диний көзқарас, жынаят хуқықы, жынаят-процесси, жууапкершилик тийкарлары, трансплуатацияның нызамлы тареплери, адам саудасы.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январдағы ПФ-60 сан Парманындағы "Харекетлер стратегиясынан- Рауажланыу стратегисы қарай" жөнелисине тыйкарланып ислеп шығылған жети жөнелистен ибарат 2022 - 2066-жылларға арналған Жаңа Өхбекистанның рауажланыу стратегиясында "Нызам үстинлиги хам конституциялық нызамлылықты тамийинлеу хам де инсан қадирин бул процестиң бас критериясы ретинде белгилеу" деп аталыушы 14-мақсетинде көрсетилген "Жынаят, жынаят-процессуал хам жынаят атқарыу нызамшылығын жетилистириу сиясатын избе-из дауам еттириу, жынаятлы жазалар хам оларды атқарыу системасына инсаныйлық принципин кең еңгизту хам де Ювенал адиллик системасын қалиплестириу бойынша ис-илажларын жанеде жетилистириу" хаққында сөз етилген. Елимизде бул стратегияның ислеп шығыуы менен жоқарыдағы муддет дауамында жынаят тарауында еледе адиллик, демократик ис илажлар алып барылатуғын болды.
Do'stlaringiz bilan baham: |