Назарий саволлар


Саралаў мәселесиниң қойылыўын төмендегише жазыў мүмкин


Download 0.93 Mb.
bet7/39
Sana02.01.2022
Hajmi0.93 Mb.
#187671
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   39
Bog'liq
темалар

Саралаў мәселесиниң қойылыўын төмендегише жазыў мүмкин.

Ойлайық, а1, а2 ,…, аn, элементлер избе-излиги берилген болсын. Ол жағдайда саралаў алгоритми элементлерди массивке сондай етип жайластырады, нәтийжеде олар қандайда бир қатнасқа салыстырғанда f(ак1)f(ак2) …f(акn) тәртибине ийе болады. Әдетте f тәртиплестириў функциясы қандайда бир арнаўлы қағыйда менен есапланбастан, бәлким элементтиң гилт мәниси бойынша массив элементлери тәртиплестириледи.

Мағлыўматларға қайта ислеў берилип атырғанда мағлыўматтың информациялық майданын ҳәмде оның машинада жайласыўын (адресин) билиў зәрүр.

Саралаўдың еки түри бар: ишки ҳәм сыртқы:



  1. ишки саралаў бул оператив ядтағы саралаў;

  2. сыртқы саралаў – сыртқы ядта саралаў.

Саралаў бул мағлыўматлардың гилтлери бойынша ядта регуляр көринисте жайластырыў. Регулярлық дегенде мағлыўматлар гилт мәнислери бойынша массивте басынан ақырына шекем өсиўи яки кемейиўи түсиниледи.

Егер сараланып атырған жазыўлар ядта үлкен көлемди ийелесе, ол жағдайда оларды алмастырыўлар үлкен сарп (ўақыт ҳәм яд мәнисинде) талап қылады. Усы сарплаўды кемейтиў мақсетинде, саралаў гилтлер адреси кестесинен әмелге асырылады. Бунда тек ғана мағлыўмат көрсеткишлери алмастырылып, массив өз орнында қалады. Жоқарыдағы усыл адреслер кестесин саралаў усылы делинеди




Download 0.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling