Назарий саволлар


Download 0.93 Mb.
bet9/39
Sana02.01.2022
Hajmi0.93 Mb.
#187671
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   39
Bog'liq
темалар

a) пүтин (INTEGER);

b) ҳақыйқый (REAL) ;

c) логикалық (BOOLEAN);

d) белгили (символ) (CHAR);

e) көрсеткишли (POINTER).

Пайдаланыўшы тәрепинен анықланатуғын түрлер болса екеў :



a) саналатуғын;

b) диапазонлы (аралықлы).

Мағлыўматлардың қәлеген түри мәнислер тараўы ҳәм олар үстинде орынланыўы мүмкин болған әмеллер арқалы классификацияланады.


Пүтин түр - INTEGER

Бул түр пүтин санлар топламының қандайда бир бөлим топламы болып, оның өлшеми машина, яғный ЭЕМ конфигурациясына байланыслы түрде өзгерип турады. Егер пүтин санды машинада сүўретлеў ушын n разрядтан пайдаланса (бунда қосымша кодтан пайдаланылғанда), ол жағдайда х пүтин санның мәнис қабыл етиў аралығы төмендегише болыўы зәрүр, яғный төмендеги шәртти қанаатландырыўы лазым: -2 n-1<= x< 2 n-1.

Пүтин түрдеги мағлыўматлар үстинде орынланатуғын барлық әмеллер туўры әмелге асырылады деп есапланып, усы әмеллер арифметикада қабыл етилген қағыйдаларға бойсынады

Ҳақыйқый түр

Ҳақыйқый түрге бөлшек бөлимлери бар шекли санлар топламы киреди. Топламның шекли бөлиў шәрти ЭЕМде санларды аңлатыў шегараланғанлығы менен байланыслы. Ҳақыйқый санлар үстинде төмендеги әмеллерди орынлаў мүмкин: қосыў, алыў, бөлиў, көбейтиў, тригонометриялық функцияларын есаплаў, дәрежеге көтериў, квадрат корен шығарыў, логарифмлеў, минимум ҳәм максимум элементлерди табыў ҳәм басқалар. Булардың нәтийжелери де ҳақыйқый түрге киреди. Бул жерде де бинар әмеллерге салыстырғанда мәселениң шешимлери логикалық түрге тийисли болады.



Логикалық түр.

Бул түр логикалық пикирлердиң дурыслығын анықлаў ушын, ҳәр түрли программаластырыў тиллеринде түрлише аңлатылатуғын аңлатпаларды 2 көринисте анықлайды. Логикалық мағлыўматлар үстинде төмендеги логикалық операцияларды орынлаў мүмкин: конъюнкция (ҳәм), дизъюнкция (яки) ҳәм бийкарлаў (жоқ), ҳәмде кейинрек болған эквивалентлик, импликация, шығарып таслаў, яки ҳәм басқа операциялар. Жоқарыда келтирилген қәлеген операцияның нәтийжеси – логикалық мәниске ийе болады. Логикалық мәнисти ядта сақлаў ушын бир бит жетерли.



Белгили түр

Белгили түрге белгилердиң шекли топламы яки литер, оларға латын әлипбесиндеги ҳәриплер ҳәм онда жоқ кирилл ҳәриплери, онлық цифрлар, математикалық ҳәм арнаўлы белгилер киреди. Белгили мағлыўматлар есаплаў техникасы менен инсан ортасындағы байланысты орнатыўда үлкен әҳмийетке ийе.




Download 0.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling