Нопедагогик олий таълим муассасаларини битирган ва таълим тизимида педагогик фаолият олиб бораётган Андижон Давлат Университети Иқтисодиёт назарияси кафедраси доценти Хабибулло Қўчқаровнинг “Иқтисодиёт назарияси” фани таркибида “Иқтисодиёт назарияси
Институтлардың өзгериўин идеолoгиялық теория тийкарында түсиндириў
Download 87.5 Kb.
|
Institutlardin` waqitqa qarap o`zgeriwi
16.3. Институтлардың өзгериўин идеолoгиялық теория тийкарында түсиндириў
Идеология теориясы таза экономикалық тарийхтың бир тармағы болып есапланады. Идеология дегенде ҳәр күни жүзеге келетуғын машқалаларды қабыллаўдың ҳәмде оларды шешиў ушын талап етилетуғын ахбороттың муғдарын азайтыўға имкан беретуғын усыл (унамлы тәрип), ҳәм индивид ҳәрекет етип атырған институционал шеңберлердиң әдалатлылығы ямаса нызамлылығы ҳаққындағы пикир түсиниледи (норматив тәрип)16. Биринши тәрип идеологияның сыртқы атмосфераны ҳәм өз-ара бирге ислесиўдеги қатнасыўшылардың ҳәрекетин анализлеўден ибарат болған жаңаша түсиндириў функциясы менен байланыслы. Басқаша айтқанда, идеологияның жәрдеминде индивид өзиниң ҳәрекети толық мақул болмағанда қарарлар қабыллаўда есапқа алынатуғын факторлардың көлемин белгилеп алады. Екинши тәрип өз-ара бирге ислесиў қандай тийкарғы қәдириятлар ҳам нормалар тийкарында жолға қойылыўы кереклиги ҳаққындағы норматив пикирди идеология менен байланыстырады. Институтлардың раўажланыўының бурынғы ҳәрекет бағдарына байланыслығы тийкарынан институтлардың жаңаша түсиндириў функциясы менен шәртленген. «Индивидлердиң әмелий тәжирийбеси бурынғы идеология тийкарында анализ исленбесе, олар өзлериниң идеологиялық түсиниклерин өзгертеди»17. Бирақ, тәжирийбениң идеологияға муўапық келмеслиги дәрҳал идеологиялық түсиниклердиң түптен өзгериўине алып келмейди – өзгерислер дүзетиўлер киргизиў өзгешелигине ийе болады. Идеологиядағы әстелик пенен, болып өтетуғын узақ дәўирлер онда анализ ислеў механизминиң алмасыўы жүз беретуғын түпкиликли өзгерислердиң салыстырмалы қысқа дәўирлери менен алмасады. Таза тәжирийбениң жүзеге келиўиниң тезлиги менен идеологияның түптен алмасыўының итималлығы ортасында байланыслылық бақланады. Соны да атап өтиў мүмкин, идеологияны жоқарыда тәрипленген «үзик-үзик теңсалмақлылық» (punctuated equilibrium) усылы менен өзгертиў автоматик өзгешеликке ийе емес, ал идеологияның өзинде оған ағымдағы дүзетиўлердиң киргизилиўи ушын жуўапкер болған элементлер бар болғанда ғана иске асырылады. Усы көз-карастан идеологиялар еки түрли болады. Биринши түрдеги идеологиялар шеңберинде жаңаша турмыслық тәжирийбениң жүзеге келген анализ ислеў механизмлерине туўры келмеслиги таза тәжирийбени қабыл етиўден ямаса оны анализ ислеўден ҳәм улыўма идеологиядан ўаз кешиў көринисине ийе болады. Керисинше, екинши түрдеги идеологиялар таза тәжирийбени синтез ислеў ҳәмде идеологияға бәрҳама дүзетиўлер киргизиў арқалы таза тәжирийбе ҳәм бурынғы дүнья қарасты интеграциялая имканын береди. Мәселен, улыўма жәмийеттеги рәсмий емес нормалардың ҳәрекетте болыўы ҳәм қолланыўы абсолют жаңа жағдайларға тусип қалады. Норманың дүзилиси менен норманың орынлаўы тийис болған мақсетлер ортасында қарама-қарсылық жүзеге келеди. Бундай қарама-қарсылық инверсия логикасы тийкарында (рәсмий емес норманы өзгертпеген түрде оны легалластырыў ямаса рәсмий емес норманы қадаган етиў), ямаса медиация логикасы тийкарында (рәсмий емес норманы улыўма жамийет көлеминдеги өз-ара бирге ислесиўдиң өзине сай тәреплерине муўапық анализ ислеў) шешилиў мүмкин. Жуўмақ Және бир мәртебе институционал өзгерислердиң эволюциялық варианты менен байланыслы тийкарғы машкаланы атап өтиў мүмкин. Эволюциялық өзгерислер нормалардың тек ғана оларға түпкиликли дүзетиўлер киргизиў ҳәмде өзгерген жағдайлар ҳәм инсанлардың мүтәжликлерине муўапық анализ ислениўин жоққа шығарған түрде тек ғана уқсаслығы бойынша раўажланыўды жолға қояды. Турмыста бир норманың өзи ҳәр түрли жағдайларда ҳәм түрли (нызамлы ҳәм нызамсыз) формаларда шексиз түрде қайтадан тиклениўи мүмкин. Егер норма басынан баслап өз-ара бирге ислесиўди тамийинлеўде нәтийжели ҳәм универсал болса, машқалалар жүзеге келмейди. Download 87.5 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling