Нопедагогик олий таълим муассасаларини битирган ва таълим тизимида педагогик фаолият олиб бораётган Андижон Давлат Университети Иқтисодиёт назарияси кафедраси доценти Хабибулло Қўчқаровнинг “Иқтисодиёт назарияси” фани таркибида “Иқтисодиёт назарияси


Download 87.5 Kb.
bet1/4
Sana27.02.2023
Hajmi87.5 Kb.
#1235444
  1   2   3   4
Bog'liq
Institutlardin` waqitqa qarap o`zgeriwi


XVI - бап. ИНСТИТУТЛАРДЫҢ ЎАҚЫТҚА ҚАРАП ӨЗГЕРИЎИ

16.1. Институционал өзгерислер теориясының тийкарғы қағыйдалары
Институтлардың раўажланыўының эволюциялық варианты рәсмий емес институтлардың ашықлығын тәмийинлеў, яғный олардың тийкарын курайтуғын нормаларға нызамның күшин бериў ҳәм усы институтларды рәсмий шеңберге айландырыўдан ибарат. Бундай өзгерислер эволюцион ямаса генетик раўажланыў деп аталады. Ол соны билдиреди, таза рәсмий институтлар бос жерде емес, ал бурыннан бар болған расмий емес институтлардың формасын өзгертиў процессинде пайда болады. Рәсмий институтлардың раўажланыўы рәсмий емес шеңберлердиң дәрежесинде жүзеге келген тенденцияларды қайтадан тиклейди. Институционал раўажланыўдың эволюцион вариантына мысал етип Өзбекстанда ғәрезсизлик жылларында қайтадан тикленген наўрыз байрамы институтын көрсетиў мүмкин.
Институтлар инсанлардың ҳәрекетин тәртипке салады, олардың ҳәрекетиниң турақлылығын тәмийинлейди. Бирақ инсанлардың ҳәрекетин ҳәм улыўмаэкономиканың турақлылығын тәмийинлеў ушын институтлардың өзлери керек болады. Өзгерислер оншама үлкен болмаған муғдарда көбейтиў жолы менен әсте-ақырын ҳәм түпкиликли өзгерислер арқалы бирден жүз бериўи мүмкин.
Т.Вебленниң пикири бойынша1, институтлардағы өзгерислерге инсанның турмысқа сай творчестволық ҳәрекет етиўине бейимлиги, ескише түсиникти өзгертиўши илимий, технологиялық, социаллық өзгерислерге алып келиўши ҳәр түрли вариантлар себеп болады. Өзгериўдиң және бир себеби – бул институтлар ортасындағы ҳәр түрли тарийхый дәўирлерде жүзеге келген ҳәм ҳәр түрли мәдений тамырларға ийе болған тартыслар болыўы мүмкин. Й.Шумпетердиң2 пикиринше, исбилерменлердиң инновациялық хызмети, ҳәрекеттеги институтларды өзгертиўдиңтийкаргы факторы болып хызмет етеди.
Таза институционаллық экономикада Дуглас Норт3 институционал өзгерислер теориясының тийкарын салыўшылардан есапланады.
Эволюциялық институционал өзгерислер теориясын Р.М.Нуреев4, Р.И.Капелюшников, А.Н.Нестеренко5, А.Н.Олейник6, А.Е.Шаститко7, Я.И.Кузьминов8 сыяқлы Россиялық алымлар илимге енгизген.
Дуглас Норт институционал өзгерислер теориясының тийкарғы қағыйдаларын төмендегише сәўлелендиреди9:
1. Институтлар ҳәм шөлкемлердиң бәсеке тийкарындағы өз-ара шериклиги институционал өзгерислердиң генераторы болып хымет етеди.
2. Бәсеке гүресинде аман қалыў ҳәм жеңип шығыў ушын шөлкем, фирма ҳәм билимлендириўге инвестиция киргизиў керек. Усы билимлердиң өзгешелиги ҳәм бағдары, қатнасыўшылардың ақлый потенциялына байланыслы. Экономикалық агентлер тәрепинен таңланған билимлер ҳәрекеттеги институтлардың әсте-ақырын өзгериўине алып келеди.
3. Индивид билимлердиң ҳәрекеттеги институционаллық жағдайларда күтип атырған пайдалылықтың жокарылаўына алып келиўши түрин ҳәм бағдарын ийелеўден пайда көреди.
4. Институтлар өзгерислердиң үлкен бөлеги әсте-акырын болып өтеди ҳәм «раўажланыўдың бурынғы ҳәрекет бағдарының натийжеси» тәсирине ушырайды. Усы нәтийжениң жүзеге келиўиниң тийкарғы себеплери – ҳәрекеттеги институтлардың өз-ара жақын болған шерикшилигин нәзерде тутыўшы сыртқы тәсирлердиң бар екенлиги, институтлардың өз-ара байланыслығы, көлеминиң унамлы тәсири деп есаплаў мүмкин.
Д.Норттың пикири бойынша, институционал өзгерислерге салыстырмалы баҳалардағы өзгерислер ҳәм идеологиялық түсиниклердеги өзгерислер себеп болады:
1. Салыстырмалы баҳалардағы өзгерислер (яғный баҳаларды салыстырыўдағы өзгерислер). Техникалық раўажланыў, демографиялық жағдай, сатыў базарларының ашылыўы\жабылыўы себепли өндирислик факторлардың баҳалары (мийнет ҳәм капитал, жер ҳәм мийнет, жер ҳәм капитал баҳаларының) ямаса ақырғы өнимниң баҳалары менен ресурс баҳалары ортасындағы қатнас өзгереди. Бундай өзгерислердиң нәтийжесинде экономикалық агентлар шөлкемлестириўшилик ҳәм институционал өз-ара шерикликтиң ҳәрекеттеги формаларын олардың нәтийжелилигин жокарылатыў көз-қарасынан қайта көрип шығылады.
2. Идеологиялық түсиниклердеги өзгерислер.
Идеология – бул инсанлардың бир-бирине ҳәм әтираптағы дүньяға болған қатнасықларын аңлаў ҳәм баҳалаўдың тийкарындағы системалы тәртипке салынған түсиниклердиң жыйындысы. Әмелий тәжирийбе менен бурынғы сана ортасындағы сәйкессизлик, түсиниклердиң өзгериўине алып келеди.
Институтлардағы өзгерислер, егер қандайда бир социаллық группа пайда көрсе, пүткил жамийеттиң пайда көриўине алып келеди, бул экономиканың ҳәрекет етиўиниң социаллық-экономикалық нәтийжелилигиниң жокарылаўын билдиреди. Басқаша жағдайларда бир группаның пайда көриўи басқа группаның пайданы қолдан шығарыўына себепши болады, яғный институт социаллық-экономикалық нәтийжелиликти қайтадан бөлистиреди. Институционал өзгерислерде экономикалық ҳәрекеттиң социаллық-экономикалық нәтийжелилигин төменлететуғын вариантлары да болыўы мүмкин.
Ҳәрекеттеги институтлардың өзгермеслиги бар болған институтлардың барлық экономикалық агентлерди қанаатландырыўын билдирмейди. Бундай жағдай институтларды өзгертиўден көрилген шығынлар ҳәм пайда салыстырылғанда экономикалық агентлерде “ойын қағыйдалары”н қайтадан көрип шығыўдың пайдасызлығын аңлатады.


Download 87.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling