Нопедагогик олий таълим муассасаларини битирган ва таълим тизимида педагогик фаолият олиб бораётган Андижон Давлат Университети Иқтисодиёт назарияси кафедраси доценти Хабибулло Қўчқаровнинг “Иқтисодиёт назарияси” фани таркибида “Иқтисодиёт назарияси
Институтлардың раўажланыўының бурынғы ҳәрекетке байланыслығы
Download 87.5 Kb.
|
Institutlardin` waqitqa qarap o`zgeriwi
16.2. Институтлардың раўажланыўының бурынғы ҳәрекетке байланыслығы
Эволюциялық тәризде жүзеге келген институтлар аз шығынлар менен питимниң дүзилиўин тәмийинлеўде бәрҳама нәтийжели бола бермейди. Эволюциялық вариантты белгилеўдеги әҳмийетли мәселе нызамда жазылған ҳуқықтағы үрип-әдетлер ҳәм дәстүрлердиң дәрежесинде жүзеге келген тенденцияларды қайтадан тиклеўден ибарат. Бирақ кеше пайда болған тенденциялар бүгин питимлерди иске асырыўда орынлы болыўына ҳеш қандай гарантия жоқ. Бул жерде институтларға Веблен тәрепинен берилген тәрипти еске түсириў орынлы: институтлар – «бул өзиниң ҳәрекетин белгисиз узақ мүддетке созыўшы инсанлардың әдеттеги күн көриси»10. Эволюцияның белгиленген инерциялық өзгешелиги раўажланыўдың бурынғы ҳәрекетке байланыслығы ямаса раўажланыўдың тарийхый белгиленгенлигиниң нәтийжеси (path-dependency) атағын алған. Бундай байланыслық ҳаққында “кешеги институционал шеңберлердиң әҳмийетин жойытпаған түрде, бүгинги ҳәм келешектеги таңлаў вариантларын шегерелаған” түрде сөз жүргизиледи11. Қысқаша айтқанда, тарийих үлкен әҳмийетли ийе. Институтлардың тәбийғый эволюциялық нәтийжелериниң ҳәр түрли аҳмийетке ийе екенлигине толық исениў имканын бериўши мысаллар көп. Бир тәрептен, дәстүрлерди ямаса кеңирек мәнисте өткен жағдайды түрлендириў принципи улыўмалық ҳуқықтың тийкарын қурайды. Англия ҳәм оған бағынышлы болған мәмлекетлер(бирден-бир питим есабына) ең аз трансакция шығынлары менен экономикалық бирге ислесиўди тәмийинлеўде ең нәтийжели ҳуқықый системаны жаратқан. Екинши тәрептен, Испания, Португалия ҳәм Латын Америкасы мәмлекетлериниң тарихий тәжирийбесинен көриў мүмкин (олардын ҳуқықый системасы меркантилизм12 дәстүрлерин пайда еткен), институционаллық раўажланыўдың басы берик вариантлары ҳәм шексиз узақ ўақыт даўамында өзин-өзи қайта тиклеўи мүмкин13. Ҳуқықта атап өтилген меркантилизм нормалары тек ғана қысқа мүддетли дәўирде нәтийжели болмастан, ал қайта бөлистириўге бағдарланған ҳәрекет жәрдеминде пайда алыўға бағдарлаўға жәрдем береди (әпиўайы утилитаризм нормасы ҳәм рентаны излеў). Э. де Сотоның атап өтиўинше, «Перу жәмийети қайтадан бөлистириў питимлерине тийкарланған ҳуқықый системаның ақыбетлеринен азап көреди... Бизиң ҳәзирги күнимиз Испаниядан келген даўам ететуғын меркантилистик дәстүрлердиң нәтийжеси болып есапланады»14. Солай етип, рәсмий емес норма бир пүтин жәмийет көлеминде индивидуалластырылған қатнаслар шеңберинен сыртта нәтийжели ислеўи ушын әпиўайы ашықлықты тамийинлеўдиң өзи жеткиликли болмайды. Мәселен, нызамшылық пенен беккемленген «өзиники, өзине илажсыз дос нормасы инсанлар ортасындағы индивидуалластырылмаған өз-ара шерикликтиң тийкарын қураўы мүмкин емес. Рәсмий норма екинши тәрептиң өзиники”ямаса “бийтаныслар” қатарына кириўине карап еки түрли ҳәрекет стандартының болыўын нәзерде тутыўшы өзиниң еки тәреплемелигинен қутылыўы керек. Усы орында, «әпиўайы утилитаризм ҳәм оппортунизм» сыяқлы нормалардың үстемлик етиўи, екинши тәрептиң “өзиники” ямаса “бийтаныслар”ға ажыратылыўы менен байланыслы. Себеби шығынларды оның жуўапкершилигине жумсаў мүмкин болған басқа индивид бар болғанда ғана қолға киргизилетуғын пайдалылық пенен индивидтиң жеке нәтийжели ҳәрекети ортасында байланыс болмайды. Тек ғана норманың курамында социаллық санкцияларды легал санкцияларға алмастырыў оның еки тәреплеме өзгешеликтен ажыралыўына имкан беретуғындай сезилиўи мүмкин: социаллық санкциялардың тәсири социаллық тәрептен бирдей группалардың шеңберлери ямаса тек ғана таныс инанлардың шеңбери менен шегераланған. Бирақ, өзгерислер тек ғана санкцияларға емес, ал норма структурасының басқа бөлимлери – атрибут ҳәм мақсетке тәсир көрсетиўи мүмкин. Мақсетлерге тоқталатуғын болсақ, мақсетлердиң әпиўайы ҳәзирги дәўирден кейинги дәўирге өткериў шеңберинен сыртқа шығыўы –олардың бир пүтин жәмийет дәрежесиндеги өз-ара бирге ислесиўдиң өзине сай тәрепине муўапық анализ ислениўи локал нормалардың улыўма жәмийет шеңберинде ҳәрекет етиўши нормаларға өтиўиниң әҳмийетли шәрти болып есапланады15. Бартер алмасыўдың тийкарындағы “сен – маған, мен – саған” нормасы қунның улыўма ямаса пул көринисинде анализ ислениўи нәтийжесинде эмпатияның қатаң қатнасыўшылары менен байланыслы болмаған нормаға айланыўы тийис. Қунның улыўмалық түри бартер питимлериниң суммасы менен бирдей болмағанындай улыўмалық нормалар да, ҳәттеки нызам күшине ийе болса да, локал нормалар бола алмайды. Download 87.5 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling