Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


ба яки электрон формада берилиўи мүмкин


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet11/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

ба яки электрон формада берилиўи мүмкин.
Буннан тысқары, мəмлекетлик органларда ҳəм 
мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың 
мүрəжатлары 
менен 
ислеў 
тəртиби 
ҳаққында үлги Режеде
1
көрсетилгениндей, физикалық 
ҳəм юридикалық шахслар жеке өзи ямаса жəмəəт болып 
мүрəжат етиўи мүмкин.
1. Мүрəжаттың аўызша формасы.
Аўызша формадағы мүрəжат қабыллаў ўақтында, 
мəмлекетлик органның «исеним телефонлары» арқалы яки 
мəмлекетлик орган ўəкиллик берген лаўазымлы шахслардың те-
лефонлары арқалы берилиўи мүмкин.Усы Нызамның 8-статья-
сы 4-бөлимине муўапық, физикалық шахс аўызеки мүрəжат етип 
атырғанда өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, юридикалық 
1
Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққындағы үлги Реже. Минис-
трлер Кабинетиниң 2015-ж. 31-марттағы №73 Қарарына қосымша. //Өзбекистан 
Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст.


27
шахстың ўəкили болса өз ўəкилликлерин тастыйықлайтуғын 
ҳүжжетти көрсетиўи керек.
Мəмлекетлик органлардың «исеним телефоны»на келип 
түскен мүрəжатлар аўызеки мүрəжат сыпатында үлги Режеде 
белгиленген тəртипте жазып қойылады, дизимге алынады ҳəм 
көрип шығылады.
Бирақ, əмелий көз-қарастан алғанда, бизиң пикиримизше, 
жазба формадағы мүрəжат абзалырақ, себеби оны қадағалаў 
аңсатырақ болады. Ал аўызеки формадағы мүрəжат берил-
генде болса мүрəжат етиўши мəмлекетлик органға, сондай-
ақ пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларына берген 
мүрəжатының тийисли дəрежеде дизимге алынғанына яки жа-
зып қойылғанына итибар бериўи керек. 
Аўызеки мүрəжат пенен келген физикалық шахслар ҳəм 
юридикалық шахслардың ўəкиллерин мəмлекетлик органның 
мүрəжатлер менен ислеў бөлиминиң баслығы ямаса басқа 
жуўапкер хызметкери, сондай-ақ, мəмлекетлик органның 
қурамындағы бөлимлер басшылары яки басқа жуўапкер хыз-
меткерлери қабыллайды.
Мүрəжат етиўшиниң шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер 
тексерилгеннен соң үлги Режениң 2-қосымшасына муўапық 
форма бойынша есапқа алыў карточкасы толтырылады. Есапқа 
алыў карточкасы аўызеки мүрəжат сыпатында дизимге алына-
ды.
Физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери 
мəмлекетлик органға аўызеки мүрəжат еткенде олар тəрепинен 
усынылған жазба мүрəжатлар ҳəм басқа да материаллар қабыл 
етилиўи ҳəм үлги Режениң 16-бəнтине муўапық толтырылған 
есапқа алыў карточкасына қоса тигилиўи қылыныўы керек.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling