6-статья. Мүрəжатларға қойылатуғын талаплар
Физикалық
шахстың
мүрəжатында
физикалық
шахстың фамилиясы (исми, əкесиниң исми), оның жасаў
орны туўралы мағлыўматлар көрсетилген ҳəм мүрəжаттың
мазмуны баян етилген болыўы керек.
Юридикалық шахстың мүрəжатында юридикалық
шахстың толық аты, оның жайласқан жери (почта мəнзили)
туўралы мағлыўматлар көрсетилген ҳəм мүрəжаттың маз-
муны баян етилген болыўы керек.
38
Мүрəжатлар мəмлекетлик тилде ҳəм басқа тиллерде
берилиўи мүмкин.
Жазба мүрəжат мүрəжат етиўши физикалық шахстың
имзасы яки мүрəжат етиўши юридикалық шахс
басшысының ямаса ўəкилликли шахсының имзасы ме-
нен тастыйықланған болыўы лазым. Физикалық шахстың
жазба мүрəжатын мүрəжат етиўшиниң имзасы менен
тастыйықлаў имканы болмаған жағдайда, бул мүрəжат
оны жазып берген шахстың имзасы менен тастыйықланып,
оның фамилиясы (исми, əкесиниң исми) да қосымша түрде
жазып қойылыўы керек.
Электрон мүрəжат электрон санлы имза ме-
нен тастыйықланған ҳəм электрон ҳүжжеттиң оны
идентификациялаў имканиятын беретуғын басқа рекви-
зитлерге ийе болған электрон ҳүжжет формасында болыўы
керек. Электрон мүрəжат нызамда белгиленген талапларға
муўапық болыўы керек.
Физикалық шахстың фамилиясы (исми, əкесиниң исми),
оның жасаў орны туўралы мағлыўматлар яки юридикалық
шахстың толық аты, оның жайласқан жери (почта мəнзили)
туўралы мағлыўматлар көрсетилмеген ямаса олар туўралы
жалған мағлыўматлар көрсетилген, сондай-ақ, имза (элек-
трон санлы имза) менен тастыйықланбаған мүрəжатлар
Do'stlaringiz bilan baham: |