Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet20/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

2. Мүрəжатлар тили.
Түсиник берилип атырған статьяның үшинши бөлиминде 
нəзерде тутылған қағыйдаға муўапық, мүрəжатлар мəмлекетлик 
тилде ҳəм басқа тиллерде берилиўи мүмкин. Бул «Мəмлекетлик 
тил ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясына
1
сəйкес келе-
1
1995-жыл 21-декабрьде қабыл етилген «Мəмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам. //
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1995, №12, 257-ст.


42
ди, оған муўапық,Өзбекистан Республикасы аймағында 
жасаўшы шахсларға мəмлекетлик органлар менен мəкемелерге, 
жəмийетлик бирлеспелерге арзалар, усыныслар, шағымлар 
менен мəмлекетлик тилде ҳəм басқа тиллерде мүрəжат етиў 
ҳуқықы тəминленеди.
3. Жазба мүрəжатларға қойылатуғын талаплар.
Түсиник берилип атырған статьяның төртинши бөлиминде 
тағы бир шəртли қағыйда нəзерде тутылған, оған муўапық, 
жазба мүрəжатлар мүрəжат етиўши физикалық шахстың им-
засы яки мүрəжат етиўши юридикалық шахс басшысының 
ямаса ўəкилликли шахсының имзасы менен тастыйықланған 
болыўы лазым. Буннан тысқары, Нызамда альтернатив ҳалат 
та нəзерде тутылған, яғный жазба мүрəжатты жеке имза менен 
тастыйықлаў имканы болмаған жағдайда (мəселен, майыплығы 
себепли) бул мүрəжат оны жазып берген шахстың имзасы ме-
нен тастыйықланып, оның фамилиясы (исми, əкесиниң исми) 
де қосымша түрде жазып қойылыўы керек.
4. Электрон мүрəжатларға қойылатуғын талаплар.
Түсиник берилип атырған статьяның бесинши бөлимине 
муўапық, электрон мүрəжат электрон санлы имза менен 
тастыйықланған ҳəм «Электрон ҳүжжет айланысы ҳаққында»ғы
1
ҳəм «Электрон санлы имза ҳаққында»ғы
2
нызамларда нəзерде 
тутылған, электрон ҳүжжеттиң оны идентификациялаў имка-
ниятын беретуғын басқа реквизитлерине ийе болыўы тийис. 
Яғный, усы статьяда көрсетилгениндей, электрон мүрəжат ны-
замда белгиленген талапларға муўапық болыўы шəрт.
Электрон ҳүжжеттиң шəртли реквизитлерине төмендегилер 
киреди:
1
2004-жыл 29-апрельде қабыл етилген «Электрон ҳүжжет айланысы ҳаққында»ғы 
Нызам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 2004, №5, 
80-ст.
2
2003-жыл 11-декабрьде қабыл етилген «Электрон санлы имза ҳаққында»ғы Нызам. 
//Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 2004, №1-2, 12-ст.


43

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling