47
Нызамның 32-статьясында
1
ҒХҚда авторлық
материаллар-
дан, илим, əдебият ҳəм көркем өнер шығармаларынан нызам
ҳүжжетлерине муўапық пайдаланыў мүмкинлиги көрсетилген.
Буннан тысқары, редакцияға келип түскен хатларды жəриялаўға
таярлаў ўақтында олардың мазмунын бузбаған ҳалда текстти
қысқартыўға ҳəм редакциялаўға жол қойылады.
Нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайлардан басқа
ҳалларда физикалық шахстың жеке өмири ҳаққындағы
мəлимлемени, тап соныңдай, оның жеке өмирине тийис-
ли сырды, хат жазысыў, телефонда сөйлесиў, почта, теле-
граф ҳəм басқа да байланыслары сырларын əшкара етиўши
мəлимлемени топлаўға, сақлаўға, ислеп шығыўға, тарқатыўға
ҳəм пайдаланыўға жол қойылмайды.
Түсиник берилип атырған Нызамның 14-статьясына
муўапық, мүрəжатларды көрип шығыў пайтында:
бириншиден, физикалық шахслардың жеке өмири,
юридикалық шахслардың искерлиги туўралы мағлыўматлар
олардың ыразылығысыз, сондай-ақ, мəмлекетлик сырды
ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды қурайтуғын
мағлыўматлар ҳəм, егер бул физикалық ҳəм юридикалық
шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы
мəплерин кемситетуғын болса, басқа мəлимлеме мəмлекетлик
органлар хызметкерлери тəрепинен əшкара етилиўине жол
қойылмайды;
Do'stlaringiz bilan baham: