48
төртиншиден, физикалық шахслар туўралы мағлыўматлардан
оларға материаллық ҳəм мəнаўий зыян келтириў, сондай-ақ,
оның өз ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин
əмелге асырыўына тосқынлық етиў мақсетинде пайдаланыў
қадаған етиледи.
Пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматларды алыўшы, оларға
ийелик етиўши ҳəм олардан пайдаланыўшы юридикалық
ҳəм физикалық шахслар усы мағлыўматлардан пайдаланыў
тəртибин бузғаны ушын нызамда нəзерде тутылған тəртипте
жуўапкер болады.
Ғалаба хабар қураллары мəлимлеме дерегин ҳəм қупыя исм
қойған автордың кимлигин оның ыразылығысыз əшкара етиўге
ҳақылы емес. Мəлимлеме дереги яки автордың кимлиги тек суд
қарары менен əшкара етиледи.
1
8-статья. Физикалық шахсларды ҳəм
юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў
Мəмлекетлик органларда физикалық шахсларды
ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў
шөлкемлестириледи. Мəмлекетлик органларда физикалық
шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллерин
қабыллаў мəмлекетлик органның басшысы ямаса
басқа ўəкилликли шахс тəрепинен əмелге асырыла-
ды. Буның ушын мəмлекетлик органларында арнаўлы
қурам бөлимшелер шөлкемлестириледи, қабыллаў ушын
жуўапкер лаўазымлы шахслар белгиленеди.
Мəмлекетлик органларда физикалық шахсларды ҳəм
юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў белги-
Do'stlaringiz bilan baham: