Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Егер жеке қабыллаў даўамында баян етилген


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet26/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

Егер жеке қабыллаў даўамында баян етилген 
мəселелерди шешиў мəмлекетлик органның ўəкиллигине 
кирмесе, тийисли лаўазымлы яки басқа ўəкилликли 
шахслар мүрəжат етиўшиге мүрəжатта баян етилген 
мəселелерди шешиў ушын қайсы органға яки шөлкемге 
мүрəжат етиў лазымлығын түсиндириўи керек.


50
Жеке қабыллаў даўамында мəмлекетлик орган 
басшысының қарарына көре ҳəм мүрəжат етиўшиниң 
жазба ыразылығы менен арнаўлы техникалық қураллар 
(аудио- ҳəм видеожазыў, сондай-ақ, фотосүўретке түсириў) 
қолланылыўы мүмкин.
Мəмлекетлик органлардың басшылары яки ўəкилликли 
шахслары тəрепинен көшпели жеке қабыллаўлар 
шөлкемлестирилиўи мүмкин.
1. Физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың 
ўəкиллерин қабыллаўды шөлкемлестириў.
Физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың 
ўəкиллерин қабыллаў ушын мəмлекетлик органларда арнаўлы 
қурам бөлимшелер дүзилиўи мүмкин, қабыллаў ушын жуўапкер 
лаўазымлы шахслар белгиленеди. Физикалық шахсларды ҳəм 
юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў, түсиник бе-
рилип атырған статьяның 1-бөлиминде көрсетилгениндей, 
мəмлекетлик орган басшысы ямаса басқа ўəкилликли шахс 
тəрепинен əмелге асырылады.
Аўызша мүрəжат пенен келген физикалық шахслар ҳəм 
юридикалық шахслардың ўəкиллери мүрəжатлар менен ислеў 
бойынша бөлимшениң басшысы ямаса басқа жуўаплы хызмет-
кери, сондай-ақ мəмлекетлик органның қурам бөлимшелериниң 
басшылары ямаса басқа жуўаплы хызметкери тəрепинен 
қабылланады.
Мүрəжат етиўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер 
тексерилгеннен кейин «Мəмлекетлик органларда ҳəм 
мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы 
үлги Режениң
1
2-қосымшасына муўапық форма бойынша 
1
«Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги 
Реже. Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. //
Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст.


51
есапқа алыў карточкасы толтырылады. Есапқа алыў карточка-
сы аўызша мүрəжат сыпатында дизимге алынады.
Физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың 
ўəкиллери тəрепинен олар аўызша мүрəжат еткенде берилген 
жазба мүрəжатлар ҳəм басқа материаллар қабыл етилип, үлги 
Режениң 16-бəнтине
1
муўапық толтырылған есапқа алыў кар-
точкасына қоса тигилиўи тийис.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling