187
пуқараның мойнына нызамға қылап рəўиште қандай да бир
миннет жүклениўине себеп болған ис-ҳəрекетлер (қарарлар)
киреди.
4-статья. Шағым бериў.
Пуқара өзҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузатуғын ис-
ҳəрекетлер (қарарлар) үстинен шағым менен тиккелей судқа
ямаса бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы органға яки
лаўазымлы шахсқа мүрəжат етиў ҳуқықына ийе.
Бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы орган, лаўазымлы
шахс шағымды бир ай мүддетте көрип шығыўы шəрт. Егер
пуқараның шағымын қанаатландырыўдан бас тартылған болса
яки ол шағым берген күннен баслап бир ай даўамында жуўап
алмаған болса, судқа шағым менен мүрəжат етиўге ҳақылы.
Шағымды ҳуқықлары, еркинликлери бузылған пуқара
яки оның ўəкили, сондай-ақ, пуқараның
илтимасы менен
жəмийетлик бирлеспениң, мийнет жəмəəтиниң ўəкиллик
берген ўəкили бериўи мүмкин.
Шағым пуқараның қəлеўине қарап я ол жасайтуғын жердеги
судқа яки орган жайласқан жердеги, ямаса ис-ҳəрекетлери
(қарарлары) үстинен шағым етилип атырған лаўазымлы
шахстың жумыс орнындағы судқа бериледи.
Əскерий хызметкер өзиниң ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин
бузып атырған əскерий басқарыў органлары ҳəм əскерий
лаўазымлы шахслардың ис-ҳəрекетлери (қарарлары) үстинен
шағым менен əскерий судқа, сондай-ақ, жоқары турыўшы
лаўазымлы шахсларға усы статьяда нəзерде тутылған тəртипте
мүрəжат етиўге ҳақылы.
Do'stlaringiz bilan baham: