Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
- Bu sahifa navigatsiya:
- ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕКЛЕРИ
155 "Йош" китабынан * * * Заманынан кеш туўылған адамлар, Мен аяйман сизлерди. Ҳәр күни сиз оянғанда көресиз, Ерте турып басылған көп излерди. "Қайда асығар бул излердиң ийеси?" Деп атлы изинен жаяў барасыз. Мисли жат мәжилиске кирген бир киси, Тилге шала түсип, еснеп қоясыз. Адамлардың ай, жулдызға ушқаны Сизге ертек яки бир түс көргендей. Былтырғы газетанын бүгинги санын Быйыл оқын "жаңалықты" билгендей... Заманынан ерге туўған адамлар, Мен аяйман сизлерди. Төменги классқа қайтадан түсип, Парталасқандай боласыз бизлерге. Сиз бир гезде оқып кеткен китапты Журт жаңалық билип оқып аткандай. Озық еллер басып өткен этапты Бир қалақ ел жаңа өтип атқандай. Арман барып жеккеликтен зеригип, Биз жеткенше сиз қайырлып турасыз. "Туҳ, не деген асықпайтын адам" деп, Журтқа гийне қыласыз... Ўақтында дүньяға келген адамлар, Қутлықлайман сизлерди! Апрель, 1974-жыл. 156 ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕКЛЕРИ Жаңа жылдың босағасын атларда, Нелер түсип, нелер түспес ядларға! Былтыр еситкенди, быйыл көз көрер, Дүнья жақсылықка қарай өзгерер, Биржыл—уллы қурылыс ел өмиринде, Жаңа алтын таўы—жер өңиринде, Адам өмиринде бир жыл дегениң Бурқытып жумсаған ғәзийнең сениң. Жыл басында көп шәртке қол қойғансаң, Ҳәм үш жүз алпыс бес гәўҳар алғансаң. Соны "кирис", "шығыс" қылыўды санап, Жыл соңында сеннен етеди талап, Суммасын сен сол бийҳесап бюджеттиң, Қәне қандай иске ғәрежет еттиң? БАМ —ның қурылысына үлес қостын ба, КамАЗ қурып я космосқа уштың ба? Көпир болып уллы тарнаўдың үсти, Қостың ба я "Тахиятас— Нөкисти"? Мол пахта базасын дүзип Елликте, Газ аштың ба Үстирттеги шөлликте? Я сүздиң бе сары алтынның қырманын, Бас саны көбейип, өстиме малың? Я балық суздиң бе Арал теңизде, Жүрдиң бе я мағлыўматта ең изде? Республика юбилейи алдында, Нөкистен мәрмерлеп сарай салдың ба? Я бир канал, я коллектор қаздың ба, Илим куўып яки китап жаздың ба? "Сапалы ис" деген жарлық алдың ба? Яки тәлли —пәлли жумыс қылдың ба? Бир жыллық сол ҳасыл капиталды сен Жумсадың қайсындай "айланыс" пенен? 157 "Счетыңа" түскен сол сумма қайда, Планнан тыс қанша түсирдиң пайда? Жалған акт жасап, сол көп дәўлеттиң Қаншасын оң—солға исирап еттиң? "Дебет", "Кредетиң" қайсындай ҳалда? Есап —шот қыласаң ҳүждан алдында. Ҳәр жыл жуўмағында Жәмийет ағаң Соған қарап баҳа береди саған... Бул сөз —жекке-жарым адам ушын тек, Халқым, бул сөзимди сен көрме әнтек. Сен өмирдиң қәдир —қунын билесең, Ҳәр күниңе жыл мазмунын бересең, Саған өз хызметин арнаған адам, Даңқ ҳәм абырайға бөленер мудам, Уллы азаматлық табысың менен. Жылды жуўмақладың, тойла енди сен! Жаңа жылды қарсы алайық қатырып, Кетсин шампан тығынлары атылып, Гүллердей долансын Ўатан қызлары, Жаңласын бахыттың қосық —сазлары. Жас баҳадыр Жаңа жылды Қарбаба Сахнаға жетелеп шығар алдыңда Уллы семья —кең столды айналып, Бахыт кәсаларын қолларға алып, Жаңа үмит пенен шәўкилдеп жүрек, Тилейик ен жақсы, ең сулыў тилек: Дүньяға-тынышлық ҳәмде парасат, Жоқ болсын ғаўғалы урыс—арасат! Дослар жыламасын, душпан күлмесин. Шөлде жуўсан емес, бағлар гүллесин. "Байқоңыр —Ай" түрист жолы ашылып, Жулдызлар космоста жатсын шашылып. Бултлар биз айдаған жақларға көшсин. Буўдай шөрек болып атызда өссин. 158 Бүлбил ашықларға уйқы бермесин, Ҳәр үйде аналар бесик тербесин. Ағашлар мийўаға байып жығылсын, Баллар шоколадқа тайып жығылсын, Жаңа жылды қарсы алайық қатырып, Кетсин шампан тығынлары атылып! 1974-жыл, декабрь. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling