Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet39/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

 
ИРПЕНЬ
8
—Ийтиңди усла, ҳәй, қараўыл!
Пай, өзи бир жер екен көркем.
Не еди еле... Бул қай аўыл?
— Ирпень, Ирпень! 
—Аўа, Ирпень...Асығып келдим,
Жазайын деп. Сәлем, еркем!
Нөкистеги Ашшы көлдиң
8
Ирпень – Киевке жақын жердеги өзек ҳәм оның бойындағы 
станция. Онда украин жазыўшыларының творчестволық үйи бар. 
И.Ю. 


152
Бойынан келдим.
Ирпень, Ирпень! 
Ол қандай көл дейсең ғой, я?
Оо! Әжайып көл ғой көркем!...
Дем аласаң ба, шомыласаң ба,
Суўы да ем...
Ирпень, Ирпень! 
Кояйық жырын Ашшы көлдиң,
Өйткени, жаным, бул жерге мен
Дем алыў емес, ислеўге келдим.
Ирпень, Ирпень. 
—Ал онда исле. Минекей жай,
Бир өзиңе бир жай берген.
Телевизор, нарзан ҳәм чай ...
Бәри тайын.
Ирпень, Ирпень. 
Қум төбешик, қарағай, кайың,
Тәбияты не деген көркем!
Бурынғы помещиктиң жайы,
Тынық суўлы өзек—Ирпень. 
Прозаиктиң машинкасы
Шегирткедей шытырлар көркем.
Ал, көбинесе шайырдын иси
Суў бойында...
Ирпень, Ирпень. 
Украина акшамлары,


153
О, Куинджи
9
, қандай көркем!
Кеште костёр жанына барып,
Сөйлесейик...
Ирпень, Ирпень. 
Романист қалың томын
Толғатып келер бул жерге бирден.
Поэзияның роддомы—
О, сүйикли
Ирпень, Ирпень. 
"Жазыўшылар ҳәзлик қуўар"
Деген былшыл дым ескирген.
Қосық азап пенен туўар.
Гүўасы—өзиң,
Ирпень, Ирпень. 
Талай дослық, пәрўаналық
Басланады усы жерден.
Жазыўшылар—жапакеш халық,
Өтирик пе,
Ирнень, Ирпень? 
О, Болдином
10
, жыллы мүйеш,
Отыз күн болдым (тек те бир кем...)
Умытпайман мен сени ҳеш,
Ирпень, Ирпень. 
Патриотың болғанлардың
9
Куинджи А, И, —белгили сүўретши. "Украина ақшамы"
атлы сүўреттиң авторы.
10
Боддино—Пушхии Болдино аўылында бир гуз болып, онда көп 
шығарма дөреткен. И. Ю. 


154
Дизимине мени де тиркең.
Қышқырығы поездлардың...
Хош, аман бол,
Ирпень, Ирпень! 
1960-ж. 
* * * 
Леонид Новиченкога 
Сен "достымды көп ўақ изледим" дейсең,
Достың қара көзли бир сайғақ еди.
Ай қараңғы еди, түн узақ еди,
Сен "достымды көп ўақ изледим" дейсең... 
Дәрьядан суў ишип, тың-тыңлап сайғақ,
Саған жетиў ушын асыққан ўақта,—
Аш көзли аңшыдай даўыл масайрап,
Атты жылдырымын жасыл садақтан. 
Сайлар сел-сел ақты, жапырылды шөплер,
Жас емен шақасы шарт етип сынып,
Даўыл ҳүкиминде болып қара тер,
Сайғақ түн ишинде кетти шығынып. 
Түн бойы қыйқыўлап изледиң оны...
Енди отырып гейде дәрья бойына,
Сағынып еслейсең сол дослығыңды,
Айралық ақшамын алып ойыңа. 
Ал достың еки қум ортасы менен
Еркин гезер ҳәзир. Далалар дөнер.
Баяғы шақасы сынған жас емен
Гейде шақырар оны, түсине енер... 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling