Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
ҚАЛТАЙҒА 11 (Ҳәзил) Егер де сен тың болғанда, Айдалмай дән болар ең. Кемпир қуяш кун болғанда, Булт жолатпай турар ең. Тың да емес, күн де емес, Қалтай болғаның мақул. Мың қайғы бир ис питирмес, 11 Қалтай Мухаммеджанов - қазақтың белгили күлкипаз комик жазыўшысы. (И. Ю.). 181 Күлип қалғаның мақул. Бала деген жылап түсер, Туўылғанда енеден. Сен дүньяға келгениңде Күлип түстиң билемен. Күл, қарындас комедия! Күлки малы өрбисин, Шурт минезли саран дүнья Емлеп алсын нервасын. Декабрь, 1967-жыл. ҚЫРҒЫЗ ГАИ ЕРКИНГЕ ЧЕСТЬ БЕРЕДИ… (Шайыр достым Еркин Ўаҳидовқа, Қырғызстанда совет ғдебияты күнлери таў жолларында болған дегишпелерден) Қырғызға поэзия жүгин тасып, Алатаўдың басынан көш келеди. Баллар жолда “дослық” деп қыйқыўласып, ГАИ лер жолда Еркинге честь береди … Өз “Волгасын” өзи айдап бизиң Еркин, Ташкенттен Ыссық көлге тартты бир күн. Көл бойында қаўышып музасына, Қосық жазсам деп шулғыр кеўил ширкин. “Даешь Ыссық көлим!” деп зытып қалды, Дослары Фрунзеден күтип алды. Таң ертең Рыбачиге кирер жерде Шайырды ГАИ лер ғана тутып алды. 182 Еркин айтты: “Кешириң, ақынман деп, “Қырғызларға мен сондай жықынман” деп. ГАИ айтты: “буздың жолдың қағыйдасын, Ақынжан, айырылдың ба ақылдан?” деп. Еркин айтты: “Ҳәўескер шофер едим, Керек десең бир қосық оқыр едим” … ГАИ айтты: “Постта турып, жол үстинде Қосық тыңлап, мен аўыш соқырмедим. Басқаларға оқырсаң ал оныңды, Биз билмеймиз мырзаңды, бароныңды. Ақын түўе, Айтматов болсаңдағы Пырт етип тесемен талоныңды. Еркин айтты: “Барма өзи ақылларың Сонша неге кес-кеслеп қақылдадың. Қырғыз, өзбек ултлары туўысқан ғой, Сыйлайды бир-бириниң ақынларын”. ГАИ айтты: "Даўыл турса булт болмайды, Бул дәлийлиң кеўлиме гилт болмайды. Биз ушын жалғыз заң - жол қағыйдасы. ГАИ лерде ҳеш қаныңдай улт болмайды”… ГАИ, сөйтип, роторды шешип алды, Шайырдың жаяў қалмай неси қалды, Еркинниң айтқанына қулақ аспай, Талонын “пырт” еткизип тесип алды. Алатаўдан ыр жүклеп көш келеди, Көш тартқанлар ГАИ лерден сескенеди, Сол ГАИ лер бүгин қырғыз жолларында 183 Күлимлеп Ўаҳидовқа честь береди. Еркин айтты: “Бармысыз, жолдың шоңы, Еле жолда турсыз ба аңлып мени. Бүгин маған танымай честь бересең, Есиңде ме тутқаның былтыр, қәне! ГАИ айтты: “Танығансоң тоқтап қалдым, Ҳүрметлеп сағынғаннан жоқлап қалдым. Өзбектиң сиздей үлкен бир шайырын Сол сапар авариядан сақлап қалдым. Хош келипсиз бизге узақ жолдан асып, Туўысқанлық сезими асып-тасып, Сизлер қырғыз елиниң жүрегинде Қайсы жолдан бармаңлар, - бәри ашық! Шайырды халық сүйип, ескереди, Алатаўдан ыр тартып көш келеди. Жол ашық ақын дослар, жақын дослар, Қырғыз ГАИ Еркинге честь береди! 1975-жыл, 18-сентябрь, Жумғал жолында. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling