Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
СКИФ ШАТЫРЫНДА
Сол көринис:—таў етеги, дәрья бойы. Бийикте боз думанлы қорғанша қала. Бир шетте тас тәңиринин мүсин сүўрети. Қарсысында кең ҳаўалы, нағыслы патша шатыры. Шатыр жабығынан таў ҳәм дәрья көринеди. Шатырда көшпели алтын тахта Искендер патша отыр. Стол жанында глобуска ҳәм китапларға үңилип алым Әрасту кеўилли жүрипти. Бир қапталда Афродитаның ақ мәрмер мүсини (статуясы) тур. Қолында шарап жамы шайқалған патша кеўилли, бирақ ол сәл зериккен. Қандай да бир қосық қатарларын ол еске түсиргиси келеди... Па т ш а Алыс Фракия ойпатлығында Таўдан ағып түсер бир салқын булақ. Сол булақтың сулыў сылдырлысында Орфей сазы сыңсып турғандай жылап... 206 Әрасту О алтын Эллада, әзиз ўатаным. Ақыл, гөззаллықта жаҳанда теңсиз. Гүрлеп жасарсаң-аў мәңгиге менсиз, Лекин сенсиз маған өмир жоқ, жаным. Афины—ақыл ҳәм гөззаллық пийри, Қуяштай нур шашып мәңги турады. Адам келер-кетер, ақылы қалар, Инсан ақылы—абиҳаят булағы. Патша (мысқыл менен) Абиҳаят суўын, әзиз устазым, Онда неге излеп жүрмиз жат журттан? Әрасту Сиз излеген сол мәңги суў булағы Алыс емес сизиң шатырыңыздан. Патша "Мәңгилик китабын" жайып алдыңа, Даўам етиң, устаз, ертегиңизди... Әрасту Ертек емес... Сизиң менен биз ҳәзир Гөҳиқап таўының етегиндемиз. "Огуз суў" дер бул қаттағар дәрьяны. Ал, биз, элладалы греклер, оны Огуз емес, Окс деп жүритемиз. Бул көшпели азиатлар елинде Жүзден көп жасайды жетеўдиң бири. 207 Патша Япырмай-ә? Қызық екен бул жери. Әрасту Лекин, жасың жүзге толған күнинде, Улың сени қағып салып ийинге, Гөҳиқапта Әжел ойпатлығына Апарып таслайды. Тамам, ўәссалам... Патша Бул дәстүри жабайылық заң екен. Әрасту Ал сиз болсаңыз, уллы патшайым, Мәңги булақ—абиҳаят шәшмесин Таўып, бир ишиўди әрман қыласыз... Патша Сегбир тартып жаўгершилик жолында, Биз көрмеппиз ялғаншының қызығын. Узақ сайран етсек деймиз дүньяны... Әрасту Узақ өмир сүриў,— бул басқаша гәп, Бирақ мәңги жасаў —инсаптан емес. Ҳәр адамға тек бир заман берилген, Жақсы ат қалдырсаң келешек ушын, Жаңа әўладлар руўҳыңды яд етер. Изде қалса адам өз заманынан, 208 Қор болып, өмиринше пушайманлар жер... Патша Мәңги суўды таўып бериң сиз әўел, Ал заманлар менен тил табыў жағын, Оннан кейин бизге қоябер, устаз, Заманларды жаратаман өз қолымнан! Заман ағымы дәрья болса егер де, Жулдыздай есапсыз ләшкерим менен Ол дәрьяны бурып жиберемен мен, Жаўлап алмақшыман пүткил дүньяны, Алда күтер бизди тахты Сүләйман... Әрасту Дүнья он секкиз мың әлемнен турады, Бир патшаға ол дым көплик қылады... Лекин, "жер-жаҳанды алып нетесиз?" Деп саўал бермеймен, патшайым, сизге. Себеби сиздей уллы патшалар ушын, Бул саўал жоғалтқан өзиниң күшин... Оннан көре тыңлаң, айтайын мәйли: (китапқа қарап) Қус ушып баралмас таў қабағында, Аслаўдай сап алтын шуқанағында, Көз жасындай тамар бир сырлы булақ, Ҳеш тасып төгилмес аслаўдан бирақ. Оған алып барар бир қәўипли соқпақ... Патша (Ынтығып, түргелип) 209 Устаз, силте маған сол бир соқбақты! Әрасту Ал ол жағын бул китапта жазбапты... Патша Сиз инсан данасы Аристотельсиз Искендер Зулқарнайн деселер бизди, "Дана Әрасту" дер бул жерде сизди. Мүмкин емес сизиң билмеўлериңиз... Әрасту Мың айтсаң да, бир геллениң ақылы, Мәңги суўға соқбақ таўып баралмас. Ҳәзирети Хызыр яр болсын сизге, Халықты жыйнап, жар урдырың, патшайым, Не табады десең, халық табады... Телегей теңиздей ақыл да халықта, Патшалар жугинген нақыл да халық та... Патша Ақыл-парасатлы патшалар ғана, Халықты халық етеди басында турып. Әрасту Халықты халық етиўши патшаларды да Сол халық дегеи киси өзи туўдырар... КӨРИНИС (Әскербасы Птоломей келеди) |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling