Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
- Bu sahifa navigatsiya:
- МАРАПАТ УЙЫҒЫ
СОҚПАҚ Бағ ишинде жатқан жөнсиз соқпақта Зиңирейип узақ тостым жолыңды. Урыдай алдыңды орап тоқтаттым, Қарап алдымдағы оңлы-солымды. Қумар көзиң үрккен егиз қозыдай Жаўтақлады өрден-ыққа жуўырып. "Почтальонман, қорықпа қарындасым, ҳәй" Деп хат бердим төс қалтамнан суўырып. - Почтадан хат келмес мөрсиз, маркасыз, Бизиң почтальон сен емес, бөтен. - Егер ҳәзир алып қалмасаң сен қыз, Хатты усы жерге таслап кетемен... Қудай билсин хатта не жазылғанын... Ҳәмме оқып, сени сөз қылмаспа екен: Жерде адам, көкте жулдыздың бәри, Ҳәтте, қоңысыңның ийтине шекем... Мурнынның ушына шығып ашыўың, Аўыр сөзлер айттың, хатты алмадың. Питпеди соқпақтан шығып қашыўың, Арсыз почтальон да изден қалмады... Сол бәҳәрги кешти ойлайман ҳәр ўақ, 178 Сонда ҳаслан ойламапбыз-аў биз дым: Бағ ишинде жатқан сол заңсыз соқпақ— Басы екенин заңлы турмысымыздың... 1969-ж. ТӘРЕЗИ Япырмай бала илим артып Техниканың өсиўин—ай! Мысқалды мың бөлип тартып, Тәрезилер сөйлер бузбай. Сәддақ оны соққанларға, Кивернетик дәўирге даңқ! Деген менен, тоқтаңлар дә, Бир нәрсеге болдым ғой таң. Ақылға уғрас келмейтуғын Ислер ушырап қалар екен, Тек адамды өлшейтуғын Бир тәрези болар екен Үлгисин оның музейде көрип, Күлип ишек-силем қатқан: Қабақтың түбин еки бөлип, Кендир жиптен үш баў таққан. Саз ылайдың кесегинен Дизиўли тур өлшеў тасы. Усыны да жыл есебинен Мың жылдай соққан устасы. Басқа қыйын сыры жоқ буның, Илимнен жоқ ғәрези де. 179 Қойындай колхоз фермасының Түсиўиң шәрт бул тәрезиге. Бар ма, жоқ па сорпалығың, Гелле—бас сыйрақ, ишек қарын, Таза гөшиң қаншалығын Ҳеш қалпысыз айтар бәрин. Тәрезибан тамаша халық, Ишинен бәрин билип қояр. Насбайын бир атып алып, Муртынан ғана кулип қояр. Әне соннан кейин барып, Билесең анық салмағыңды: Тас басарың болса танып, Биледи ким болмағыңды. Қой да жақсы-аў, жеңил келсе Бағып-қағып семиртесең. Ал сен бул безбенге минсең, Түсе алмайсаң өмирде сен. Тас баспасаң ебин-жорық. Мандымайсаң урсадағы. Тилиң менен орақ орып, Кудайың тиреп турсадағы. Даңқлы алым яки уста, Болсаңдағы берен аттай, Оннан кейин жүре бер тыста, Мәжилиске басың батпай... Ақылға уғрас келмейтуғын 180 Жәмийеттиң бар өз иси. Жасасын адам өлшейтуғын Халықтың қабақ тәрезиси! 1974-ж. МАРАПАТ УЙЫҒЫ "Өр беттен көп жаңа каналлар алып, Дәрьяда суў қайтты" десип атқанда, Палўанияз аға қуўақыланып, "Ҳасла олай емес" депти ол сонда. "Мақтаўдан қай нәрсе кетпейди азып? Әмуди марапат уйығы тепти: "Жәйҳун дәрья, асаў дәрья" деп жазып, Дәрьяны шайырлар қурытты" ... депти. 1976-ж. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling